Latin

Қарақалпақ фольклоры - Жумбақлар - 3

Общее количество слов 3720
Общее количество уникальных слов составляет 1962
0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
Қанатлары сақырлайды.
Қайшы
Алты аяғы бар,
Талдан таяғы бар,
Арқасында қуйрығы бар,

Турмыстың көрсеткен буйрығы бар.
Тәрези
Дигирман-дигирман тас көрдим,
Шақмақтан тас көрдим.
Шыра
Қумған-қумған, аўзын жумған,
Жалғыз көзи қуртлаған.
Шыра
Күндиз өли, түнде тири.
Узын қуйрық саўысқан,
Бир көлдиң суўын таўысқан.
Қуйы, шелек
Өзи дәннен туўылған,
Бели қысып буўылған,
Үй ишинде сыпырық,
Алдына түсип жуўырған.
Сипсе
Белин буўар қылтыйып,
Үйде турар тылтыйып.
Сипсе
Жалпақ бетли батыр,
Белин буўып жатыр.

Сипсе
Онда барып ондай болдым,
Мунда келип мундай болдым,
Белин буўған қулдай болдым.
Сипсе
Қаранғы үйде бели байлы қул жатыр.
Сипсе
Қабырғасы барда, қаны жоқ.
Аўзы бар да, жаны жоқ.
Себет
Иши тоқ, көленкеси жоқ.
Ура
Аўзы аспанда,
Иши паспанда.
Ура
Қараңғы үйде қабан гүркирейди.
Дигирман
Арқасында аўзы бар,
Тумсығында көзи бар.
Дигирман

Гүйсеп турған тас көрдим,
Суўсыз пискен ас көрдим.
Дигирман, қаўын
Сырғаўылдай бойы бар,
Тостаған сыяр қойны бар,
Төбесинде айдары,
Алқымына байланар.
Дигирман-тартқыш
Гүңгирлектиң астында,
Көзи қызыл ийт жатыр.
Дигирман
Үйге барсаң ырылдайды,
Қапталынан шаңы зырылдайды.
Дигирман
Қырда қайрайман көрдим,
Суўда сулайман көрдим,
Қайнап пискен тас көрдим,
Дузсыз пискен ас көрдим.
Қасқыр, дигирман, балық, сүт
Қаранғы үйде жолбарыс,
Адам тийсе гүркирер.
Дигирман

Гүңгиректиң астында,
Көзи қызыл ийт жатыр,
Жақынласаң ырылдайды.
Дигирман
Арқасында аўзы бар,
Ортасында мәни бар,
Жетик шайыр болсаң,
Усы гәптен хабар бер.
Дигирман
Әкеси аўзын ашты,
Баласы теўип қашты.
Кели-келсап
Жумбағымның жубы жоқ,
Жупбийке тоқал үйде жоқ.
Кели-келсап
Аўзы бар да, тиси жоқ,
Оны урмаған киси жоқ.
Кели-келсап
Аўзы толы әламат,
Иши қызыл бәламат,
Түнде бардым урлыққа,
Алып қайттым күн шыға.
Тандыр

Үсти пүтин, иши түтин.
Тандыр
Ап етип алысты,
Еки ерни қабысты.
Арша
Төрде төртеў отыр төремен деп,
Есикте екеў отыр қудайдың не солғанын, көремен деп.
Төрдеги төртеў – сандықтың төрт туяғы, есиктеги екеў – босаға-табалдырық
Төрт аяғы бар,
Төбелеседи жүреди.
Сандық
Арқасы күнге тиймеген,
Баўыры жерге тиймеген.
Сандық
Ишинде адам жатпайды,
Суўға салса батпайды,
Ишине салған затларды,
Аман-есен сақлайды.
Сандық
Аспаннан асылған,
Жерден қазылған,
Тарам-тарам тамырдан,

Тахта болып жазылған.
Қозақ
Қараңғы үйде қарны жарық қул жатыр.
Қозақ
Асты шетен, үсти шетен,
Ортасынан жуўырып өтен.
Қозақ-мәки
Қосақлап серпе бердим,
Изинен жорта бердим.
Өрмек
Еккен-еккен, еккен жумбақ,
Еки етегин түрген жумбақ,
Қақтың суўын ишкен жумбақ,
Қазалыға барған жумбақ,
Адайдың қызы айтқан жумбақ,
Табынның қызы шешкен жумбақ.
Пахтаның тоқылып, бөз болыўы
Жыл жыпырда жүн жыпыр,
Ислей берсең жарасар,
Еки жағын қайырып,
Қаға берсең жарасар.
Өрмек

Арман отыр ләйлә-па,
Берман отыр ләйлә-па,
Көлеңкеси гүмистен,
Күлип отыр ләйлә-па.
Өрмек
Қулағы жоқ, мурны жоқ,
Бул қалай тас.
Оң жағына алып қамшысын,
Жолаўшының атындай жорғалап ас.
Уршық
Ақ күшигим жуўыра-жуўыра буўаз болды.
Уршық
Мен бир жумбақ айтайын табасаң ба,
Ақ қаланы айналып шабасаң ба?
Ийик
Шаршамас кемпир көрдим жалғыз аяқ,
Аўзына тислеп алыпты жиптен таяқ,
Жүрген сайын белбеўин қабатлайды,
Оған берген гөззаллықты аямай-ақ.
Уршық
Доғалай бас,
Қулағы жоқ, мурны жоқ,
Бул қалай бас,
Он жағына алып қамшылап,

Жолаўшының атындай,
Жорғалай бас.
Уршық
Кишкене ғана бойы бар,
Пырылдап аспанға ушар,
Мамықтан кийген тоны бар,
Шалқайып жүрип суў ишер.
Шығыршық
Тышқан жүгин артына шашты.
Шығыршық
Аяғы барды бир қарий,
Жүзи барды бир қарий,
Қарнынан буршақ шашар,
Бул пәрий,
От-жесе де суў ишпейди,
Реңлери сап-сарый.
Шығыршық
Қошқар шақлы, қоян даўыслы,
Жегени қаймағы,
Туўғаны буршағы,
Мәткәрим деген қуршаңқы.
Шығыршық
Ақ түйем шөгип атыр,
Қумалағын төгип атыр.

Шығыршық
Зуў-зуў етер жуўан қус,
Бели байлы жаўан қус.
Шарық
Гүў-гүў етер,
Қарны тойса жумалап кетер.
Шарық-ийик
Зуў-зуў зуўан қуш,
Бели байлы ҳаўан қуш,
Әттең сенин жүрисиқ,
Узыннан-узақ желисиң.
Шарық
Өзи дәннен туўған,
Мойнын қысып буўған.
Суўқабақ
Узын жолдық соқпағы,
Былғарыдан тоқпағы,
Айдай мекен бесеўи,
Темирден екен көсеўи.
Гүби, шелек, атлаў, пискек
Бир нәрсе бар теңкейген,
Аўзын ашып аңқайған,

Аңқайғанды сабап тур,
Басы үлкен паңқайған,
Қапталында бар екен,
Оннан гөре тар екен,
Паррық бас пенен ғыррық бас,
Оны сабап тур екен.
Гүби, шелек, атлаў, пискек
Өзинин ярым қадақ салмағы бар,
Бойында жүзден аслам қармағы бар,
Салғаннан тийген жерин жулып алар,
Сөйтсе де адамзаттан ғәрези бар.
Орақ
Қара сыйырым қалт етти,
Қабырғасы жалт етти.
Орақ-пишен
Өзи бүкир,
Барлық көлди бир өзи таўысады,
Көлден келип,
Бийталап дем алады.
Орақ
Алдын атлар, кейин шайнар.
Шалғы
Еки беккем тиси бар,
Дым пайдалы иси бар,

Уста исинде қолланар,
Беккем тутып қолға алар.
Атаўыз
Жансыз шабады,
Жанлы урады.
Балта
Елиў аяқлы, еки қулақлы,
Салады елиў аяқ пенен,
Қара тыңнан жалғыз жолды.
Жарғы
Қатарма-қатар, шынжырма қатар,
Жаз айланар, қыста жатар.
Шығыр
Бир нәрсе-өзи жалғыз, жоқ денеси,
Адамға ақыл қосса бар кереги,
Жайлайды жазы-қысы қатты ағарды,
Бар екен сексен сегиз дөңгелеги.
Шығыр
Қырық гез оқ,
Кегейден садақ,
Қырық дуўадақ,
Бир салмадан суў ишеди.
Шығыр

Оғы жайыўлы гиресли,
Үш баслы, алты кезли,
Он аяқлы бир тисли.
Қос айдаған адам
Мың қойды бир шыбық пенен айдадым.
Пәки-шаш
Тоқалақ терек басында,
Тоқлы қошқар ойнайды.
Бас-пәки
Келте бабам,
Там басынан отын таслайды.
Пәки
Ана аўылдың буўрасы,
Мына аўылдьщ буўрасы,
Желбирейди шуўдасы.
Пәки
Төрде пышық жатыр,
Қуйрығын қысып жатыр.
Пәки
Арман отыр ләйли апа,
Берман отыр ләйли апа,
Сәўлеси бар гүмистен,

Жайнап отыр ләйли апа.
Айна
Анаў үйдиң буўдасы,
Мынаў үйдиң буўдасы,
Орала келер шуўдасы.
Сабынның көбиги
Аяғы жоқ, басы жоқ,
Кийимнен басқа асы жоқ,
Сабын
Дүньяда бир ҳасыл зат белин буўған,
Өзи де жеркенбайди ҳарам суўдан,
Жаны жоқ, геўдесинде болған менен,
Қалмайды журт жыйылған уллы тойдан.
Ләген
Есик бетте бүкир терек,
Гүреспеге адам керек.
Ийин ағаш
Басқан жери бармақтай,
Атлаған жери атандай.
Ҳаса таяқ
Күндиз ҳәр жерде жүреди,
Кеште бир жерде турады.

Ҳаса таяқ
Барады, барады,
Оймақтай орны қалады.
Ҳаса таяқ
Еки қулақлы, бир таяқлы.
Бақан
Өзи биреў, көзи алтаў.
Терезе
Қошқар мүйиз қодалақ,
Турған жерден тайсалмас.
Жай
Узын терек саясы жоқ.
Көше
Тамға таяқ сүйедим.
Зәңги
Бизде бир әйдарҳа бар көрмейсең бе,
Төрт көзи әйдарҳаның төбесинде,
Сүйеги пәрше-пәрше толып атыр,
Жаны жоқ қайырылыўға денесинде.
Қара үй

Төрт қабыртқа,
Отыз омыртқа,
Бәрин услап турған бир омыртқа.
Үй
Ол недур аўзы қаны,
Көрсең көресең дарыны,
Ол адамды тири жутқан,
Көринбес исте сағымы,
Терисин сойып алса,
Тарам-тарам болар,
Сирә ақпас қаны.
Қара үй
Кенегес кесе қонады,
Манғыт баса қонады.
Үй
Өзинин аўзы бир, сексен бес басы,
Бәнти алтаў он тоққыз жасы,
Көзи төбесинде жоқ болар қасы.
Қара үй
Сүйеги бөлек-бөлек жоқдур жаны,
Терисин сыйырып алсан шықпас қаны,
Адамды тирилей жутар.
Қара үй

Өзи жүкли,
Сырты бекли.
Қара үй
Аспанда алпыс кемпир ат ертлейди,
Жерде жетпис кемпир жер тислейди.
Қара үй, кереге-уўық
Отыз омыртқа, қырық қабыртқа,
Бәрин жыйнап турған бир аўыз омыртқа.
Қара үй
Узын-узын ўақыя,
Оннан да узын ўақыя,
Төбесинде тур тақыя.
Қара үй
Буўын-буўын буўазақ,
Буўыннан да көл узақ,
Ата кийик териси,
Алпыс қошқар мүйизи.
Алты қанат үй
Қатар-қатар турысқан,
Белине белбеў буўысқан.
Уўық
Шым-шытыр шийдей қотыр.

Керегениң көги
Ай қушақта туў қушақ,
Қушақласаң бир қушақ.
Кереге
Алпыс адым ала аяқ,
Жетпис адым жел аяқ.
Алпыс – керегениң шабақшасы, жетпис – уўық
Елимизде екен де егеде едик,
Ақсақаллы бек едик,
Қырылдық қыспаққа түстик,
Үш жерден дузаққа түстик.
Уўық
Бир нәрсе өзи жансыз жоқ дегени,
Адамға ақыл қосса бар кереги,
Улының аты есиркане мәрдана,
Шешесиниң аты жанаман кемпир,
Әскесиниң аты дурман бәңги.
Үйдиң басқуры, шийи, шаңарағы
Алақандай теңгеге,
Алпыс кене жабысқан.
Шаңарақ, уўық

Ийрек-ийрек, ийрек жумбақ,
Ийренлесип жүрген жумбақ,
Тәбиятқа тартқан жумбақ,
Талтаңласып жүрген жумбақ.
Қара үйдиң уўығы, дизбеси
Бизде бир байдың қызы едик,
Бизлерди дизип кетти,
Төрт жерден шандып кетти.
Кереге
Әкеси баласын көтереди.
Баласы қурашын көтереди.
Кереге, уўық, шанарақ
Азанда кетер қайқайып,
Кеште келер еңкейип.
Түңлик
Узын-узын яқыя,
Оннан да узын яқыя,
Басында бар тақыя.
Түңлик, шанарақ
Жона берген неси екен,
Еки жағын берик услап,
Ийе берген неси екен,
Еки басын қаймалап,
Таўлай берген неси екен,

Аўзы-басы қыйсаңлап,
Таслай берген неси екен.
Үйдиң тези
Қаратаўдың басында,
Қара бий деген қус отыр,
Қанатына муз қатып,
Қайырыла алмай ол отыр.
Үйдиң үзиги
Таў үстинде төрт шыбық,
Төртеўи де тең шыбық.
Түңликтиң баўлары
Тоқсан кирпик,
Төрт көзге бәнт болған.
Уўық, шаңарақ
Үй айналдырып қан шаштым.
Қызыл басқур
Бир қуйыдан қырық қой суў ишип атыр.
Уўық
Қырық қулан бир суўаттан суў ишеди.
Шаңарақ, уўық

Азанда турдым, алып урдым.
Үйдиң есиги
Қара сыйырдың қарны жалпақ.
Үйдин ергенеги
Өзи бир қамыс, ҳәммеге таныс.
Есик
Есикте еки адам отыр өлемен деп,
Қапталда еки адам тур төремен деп.
Маңлайша, табалдырық, босаға
Ана аўылдың жылқысы,
Мына аўылдың жалқысы,
Төбеге шығып қағысар.
Ший тоқыйтуғын аўырық
Өгиз байлар едик,
Көлдиң бойын жайлар едик,
Қырылдық, қыспаққа түстик,
Отыз еки дузаққа түстик.
Ший
Келте бәйбише үй бағады.
Қулып

Алыстан шыңғыр-шыңғыр,
Жақыннан көрсең бир темир.
Зулып
Кишкене қыз, қолында биз.
Қулып, гилт
Алыстан ғаңғыр-шуңғыр,
Жақыннан бураў темир.
Гилт
Үй бағарлық бир ийт бар,
Индемейди, үрмейди,
Рухсатсыз ол ийттен,
Ҳеш ким үйге кирмейди.
Қулып
От жемейди, суў ишпейди,
Ыссылаймайды, суўыққа тоңбайды,
Барлық нәрсени бир өзи қорғайды.
Қулып
Ел жатты, қәлекең тийегин узатты,
Зулып
Кишкене ғана жүўернемек,
Үйди бағып турады.

Қулып
Танқаларлық бир ийт бар,
Үй бағады, үрмейди,
Аяғы жоқ жүрмейди.
Көмешигине тықсан сөйлейди,
Адамның тилин билмейди,
Хабарласпай ол ийтке,
Ҳешким үйге кирмейди.
Қулып, зулып
Ақ күшигим аңқ етти,
Даўысы Хийўаға жетти.
Мылтық
Өмир-өмир, өмирден,
Жаққан оты көмирден,
Зумиран деген бир қус бар,
Омыртқасы темирден.
Мылтық
Шырқ етти, шыңғырып кетти.
Мылтық
Жылт-жылт етер,
Жалмап кетер.
Оқ

Теке мүйиз, балық көз,
Жалын қусады.
Мылтық
Дәрьяның аржағында,
Бүркит отыр.
Қанатын ушайын деп қомлап отыр.
Мылтық
Бели бүкир, алысқа түкир.
Мылтық
Таў тарс етти,
Күн гүрс етти,
Жылғадағы жылқы үркти,
Тоғайдағы түлки үркти.
Мылтық
Бели қайқы,
Жоны тартық,
Силтеп қалсаң,
Бөлип артып.
Қылыш
Биринде жатыр бес бөри,
Биреўинде ҳеш бөри,
Салып қалса қайтпайды,
Қара тастан тислери.
Ҳәр секирген жерлери,

Көзиңнен жеңил көшеди.
Бесатар
Кишкене ғана тостаған,
Қула шөлге тастаған.
Қақпан
Шаңарақлы, түңликли,
Ширенип жатқан бир муңлы,
Тийе гөрме бәлеге,
Тийип кетсен ырғыпты.
Қақпан
Бир ийтим бар қабаған,
Алқымына кийиз жамаған.
Қақпан
Саҳрада бир айдарҳа бар буғып жатқан,
Оятқан өз жанынан қаза тапқан.
Қақпан
Тири келип өлиден ас сорайды,
Өли келип тирини буўып алды.
Қақпан
Бир жансыз бир жанлының жанын алған.
Қақпан

Бир жанлы бир жансыздың жанын алған,
Алып кетип сол жайда орны қалған.
Қақпан
Өзи батыр, жолда жатыр.
Қақпан
Айтып мен бир жумбақ саған тәсийн,
Қояйын аўзын ашып жерге басын,
Қудайдан күни-түни тилек тилеп,
Жатады аспанға қарап аўзын ашып.
Қақпан
Ақылы бар, басы жоқ,
Аўзы бар, денеси жоқ,
Қолы бар, аяғы жоқ.
Қақпан
Жәҳәнниң қүдиретине қылдым қуллық,
Қояман еки жағын талға байлап.
Қасына жан мақлуқат барса услар,
Тиккелеп қабатынан тийсе келип.
Аў
Арқансыз жүк артаман қубыл ингенге,
Аўзында бир тиси жоқ қубыл ийекке,
Жеримнен ўәде еткен табылсын деп,
Кетемен байлап таслап бир тал шөпке.

Қайық
Көшерсиз, дигершиксиз телек арба,
Айдасаң зыта берер сайдан-сайға.
Кеме
Жүрсе изи жоқ, баўызласа қаны жоқ.
Кеме
Дәрья жағасында, терек шақасында,
Қусларда бир қус көрдим.
Аўзы арқасында.
Кеме
Тап-тап, тап басқа,
Табаны жалпақ, сур қасқа,
Үйирге қоссаң киснемес,
Шөптиң басын тислемес.
Кеме
Табаны жалпақ сур жорға,
Шабысын көрсең сал жолға.
Шана
Изи бар, адымы жоқ аяғының,
Тиймейди ушы жерге таяғының.
Ҳайўанға еки қолын артып алып,
Ыңыранып үнин салар баяғының.

Арба
Ербегей де сербегей,
Ҳәргиз үйге кирмегей.
Арба
Ийрегей де ийрегей,
Есиктен үйге кирмегей.
Арба
Жүргенде шақалақлап күледи,
Турғанда үндемейди.
Телек арба
Еки арқаным бар,
Жыйнап алалмадым.
Арбаның изи
Дүньяда еки аяқлы бир қуш бар,
Ҳәр аяқта он сегизде қанаты,
Қайғырады арқасында бир киси.
Арба
Ереди анам изиме,
Мингизип алып ишине,
Есиндеме мингениң,
Одағайлап жүргениң,
Сен де миндиң ойлап көр.

Адақ арба
Ҳәр жағында он секкизден пәри бар,
Ортасында адам сыяр жаны бар,
Арба
Дүбир-дүбир төртеў,
Дигершиги бесеў,
Жуўан ағаш екеў,
Шабан ағаш жап-жалғыз.
Арбаны еки адам гүпшеклеп аттың тартып баратырғандағы көриниси
Узын-узын, узын ший,
Ушы қайдан табылар.
Жол
Узын-узын, узын жип,
Ушы қайдан табылар.
Жип
Бир узын көрдим бир уяда,
Оннан узын етпейди бул дүньяда.
Жол
Бәдер кетериси жоқ,
Жетерине түби жоқ.
Жол

Бир жылан жердиң жүзин аралаған,
Изинен жуўырып жетип баралмаған.
Жол
Узын терек, саясы жоқ
Жол
Атасы палўан,
Анасы жорға,
Баласы ойыншы,
Қызы қосықшы.
Көпир, суў, балық, бақа
Жолға тесек, еткенге есек.
Көпир

- САЗ ӘСБАПЛАРЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Он ойылмалы.
Он еки байламалы,
Жалғыз жайламалы,
Қос қулақлы,
Жалғыз туяқлы.
Дуўтар
Қарны қабақтай,
Путы табақтай,
Тийип кетсе жылайды,

Жылағаны елге унайды.
Дуўтар
Еки қулақ, бир басы бар,
Ҳәр шетинде таңбасы бар,
Жолға салып айдағанда,
Түрли-түрли жорғасы бар.
Дуўтар
Үш қазық, еки жип, тоғыз ноқта,
Теңселип тербетеди шешен соқса,
Шешен тил сезге жүйрик болған менен,
Пайдасыз индемейди адам жоқта.
Дуўтар
Қәсекенниң мойны узын, қурсағы жуўан,
Беллерин түрме менен орап буўған,
Қазанын көркем етип тастан ойған,
Шығарып бир тесиктен малын сойған.
Текшесин шоты менен дүзетсин деп,
Биреўин бий, биреўин ханы қойған.
Төрт қазық еки жели он төрт ноқта,
Жәҳанды жай әйлеген адам соқса.
Қос қазық, еки жип, он еки ноқта,
Ҳаўазы жағымлы тиллери шийрин,
Бирақ индемейди ҳеш адам жоқта.
Дуўтар
Төрт қазық ҳәр арасы еки ели,
Он еки ноқта,

Сөйлейди шежиредей адам соқса.
Дуўтар
Ушын-ушын ураман,
Ушынан тартып ураман,
Сапырғаным сайрайман,
Сабы өзимниң қолымда.
Қобыз
Он еки белдеў еки жип,
Еки кемешек бир тиршек.
Дуўтар
Еки қулақлы,
Он еки аяқлы,
Еки шешекли.
Дуўтар
Жансызға жаратыпты еки қулақ,
Аңласаң еки арасы күтә узақ,
Оларда шеберликтиң бир белгиси,
Қойыпты сулыўлыққа белин қынап.
Дуўтар
Қарасам еки қулақ, бир басы бар,
Тартылған он бес жерден таңбасы бар,
Үстине тилин билген минип алса,
Тиймейтуғын еки аяқлы жорғасы бар.

Дуўтар
Тийсең тийеди, тиймесең индемейди.
Дуўтар
Он еки аяқлы,
Еки қулақлы.
Дуўтар
Бир жағы жиңишке, бир жағы жуўан,
Қос қазық, еки жип, он еки ноқта,
Ҳаўазы жағымлы, тиллери шийрин,
Бирақ индемейди ҳеш киси жоқта.
Дуўтар
Он еки белдеў, еки арқан,
Еки қазық бир бақан.
Дуўтар
Бир қыз көрдим хасыл зат,
Көкирегинде сызған хат,
Орай таслап белбеўин,
Он еки жерден байлаған.
Дуўтар
Дүлдүлдиң еки қулақ, бир басы бар,
Дүлдүлдиң он еки жерден таңбасы бар,
Дүлдүлди жолға салып жибергенде,

Ҳәр қыйлы шайқатылған жорғасы бар.
Дуўтар

ҲӘР ҚЫЙЛЫ УЛЫЎМА ЖУМБАҚЛАР
Дәрьяның аржағында жалғыз жайын,
Ол жайын аўзын ашса он сегиз шортан тайын,
Далаға шығып кетип «раҳим етип»,
Шабақтың жыйнап берер күлли майын.
Жайын – музаппат ҳәким, он сегиз шортан – он сегиз болыс, шабақ – пуқара
халық, күлли майы – салық
Төрт тулға бир нәрсеге басын иймек,
Болмаса төрт тулғаның егер бири,
Шәртине келиспейди таўып бермек.
Күши бар қәҳәрленсе жан шыдатпас,
Адамзат қуўат берген айрықша бөлек.
Мәмлекет ҳәм оның төрт шәрти: 1 – ақшасы, 2 – армиясы, 3 – класы, 4 –
сиясаты
Өңгерип сынбасымды шықтым жолға,
Мингеним өмиримше озған жорға,
Жанымдағы жолдасым жаман еди-аў,
Бийабырай етпегей иркип жолда.
Сынбас – ҳақыйқатлық, жорға – кеўил, жаман жолдас – әзезил шайтан
Жигирма үйрек, отыз ғаз,
Ушып жүрди пыр-пырлап,
Тамға таяқ сүйедим,

Отызда бестен сыр-сырлап.
Қырым деген шәҳәрдиң,
Ортасында қырқ булақ,
Бәйбишени байға көндирдим,
Ақыл менен тур-турлап.
Алпыс қасқыр аналы,
Онын қасты қой қырмақ.
Жигирма үйрек, отыз ғаз – адамның усы жаслардағы үйректей сулыўлығы,
отыз бестен сыр-сырлап – усы жасларға шекем өнердиң ҳәр қыйлы әлўан
түрлерин ийелеўи, қырқ булақ – бәйбишени байға көндирдим, алпыс қасқыр –
адамның усы жаста ақылы әбден толысып, дана болып, ел басқарыўы,
қайырқом болғанлығы
Бир шенеўли, бир шенеўсиз.
Бир белдеўли, бир белдеўсиз,
Бир аўнамас, бир гүйсемес,
Бир путсиз, бир сүтсиз.
Шенеўли – жер, Шенеўсиз – аспан, Белдеўли – үй, Белдеўсиз – гөш, Аўнамас –
тасбақа, Гүйсемес – жылан, Путсыз – балық, Сүстиз – қус
Барып едим жоқ екен,
Айтып едим бараман деди,
Келгени ғой келмегени,
Келмегенде келер еди.
Мерекеге шақырылған қыздын әке-шешеси қыдырып кеткен жағынан келип,
жибермей қалғынлығын шақыртыўшы баланын астарлы етип жумбақлағаны
– Бизден бир шымшық қашты.
– Нешик?
– Қырық қулағы қырық жеринен тесик.
– Неше улы бар, неше қызы бар?

– Үш улы бар, еки қызы бар, ерли-зайып екеўи.
II түри:
– Бизден бир шымшық қашты.
– Нешик?
– Он қулағы оттай тесик.
– Неше улы бар, неше қызы бир?
– Бир қызы бар, еки улы бар, ерли-зайып екеўи.
– Аўылдама, қаладама?
– Айтыўшы аўылда я қалада деп бағдар силтейди.
Еслетпе: Жумбақты шешиўши қоңсыларынан баслап аўылдағы яки қаладағы
танысларының семьясын бирме-бир көз алдына келтиреди. Ақырында тапса
«пәленшениң үйи» деп жуўап береди
Уллы мәртебели Хийўаның ханы,
Сизге қурбан болсын бәршениң жаны,
Бир жигит қалыпты қызыр шөлинде,
Бес жигит жиберип алдырын оны.
Ханнын шет елден келген мийманларды күтип зияпат берип атырған ўақтында
сақалына бир гүриш жабысып турғанын бир ўәзири көрип, соны алып таслаўға
ханға жумбақ етип айтқаны
Бир жигит бир қызды мингестирип киятыр екен, сонда алдынан бир жигит шығып
«Мына қызды алып қашып киятырсаңба?» – дейди.
Сонда қыз:
– Ҳәй-ҳәй жигит, ҳәй жигит,
Абайлап сөйле сен жигит,
Бул жигиттиң қайын енеси,
Мениң анамның қудағайы,
Сонда мен неси боламан дейди,
Жигиттиң қарындасы

Бир қой бир қасқырды ҳәм бир баў бедени бирин-бирине жегизбей бир қайықта
дәрьяның аржағына алып өтип бер?
Әдеп қасқыр менен бедени апарып арғы жаққа бедени таслап, қойды алып
қайтады, соң қасқырдың өзин әкеледи, изинен қойды алып өтеди
Тоқсан өгизди тоғыз қораға тақтан қамап бер.
Сонша өгизге бир падашысы болмай ма, қосып қамаймыз деп жуўап береди,
болмаса дурыс шықпайды
Бир ғаз ушып киятырып, қайраўда отырған ғазларға қарап:
– Ассалаўма әлейкум жүз ғаз, – дейди. Сонда қайраўда отырған ғазлар:
– Жоқ кеширесиз, биз жүз емеспиз, жүз болыў ушын бизлерге тағы усындай, және
оның жартысындай, және оның жартысындай ғаз қосылса ҳәм сениң өзиң қосылсаң,
сонда жүз боламыз, – дейди.
36 ғаз

СОВЕТ ДӘЎИРИНДЕ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
- ТӘБИЯТҚА БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Қолымда бир айнам бар,
Керек маған ол күнде,
Мектепте де, үйде де.
Аспан
Ҳәммеге жағымлы,
Туўры барыўға уялады.
Күн

Сулыў қыз таўдан қарады.
Терезеден алтын нур тарады.
Күн
Терезеден сыяр,
Есиктен сыймас,
Сандыққа түсер,
Бирақ қамаққа көнбес.
Күн
Бир көлде еки жайын,
Бири кетсе, бири тайын.
Ай менен күн
Биреўдиң бир улы ҳәм де қызы бар,
Улының түнде, қызының күндиз,
Уйқлайтуғын әдети бар.
Ай менен күн
Бир пәрше пәтир,
Әлемге татыр.
Ай
Асты дағара, үсти дағара,
Ортасында мың-мың шешек,
Бир гүлала.
Аспан, жер, жулдыз, ай

Бир шатыр бар —
Бақансыз, тиреўсиз,
Ишинде еки шам,
Пилтесиз, майсыз.
Аспан, күн-ай
Там басына тары жайылған шашылып,
Ол күтә көп қарасаңыз көз ашып,
Шымшықтың сәўлеси түссе жүзине,
Бири қалмай бәри кетеди қашып.
Жулдыз
Ағам пул берди санай алмадым,
Апам көрпе берди көтере алмадым.
Жулдыз, жер
Үш жүз алпыс бес жасы бар,
Ҳүр әлўаннан асы бар,
Он еки улы бар, бир қызы бар.
365 күн, 12 ай, қыз – күн
Ай менен келип,
Күн менен кетеди.
Жулдыз
Бир зат бар күтә тамаша,
Есабы жоқ адам санаса,
Күтә майда уп-усақ,
Көз илмейди адам қараса.

Жулдыз
Атамның бир тоны бар,
Жамылып болмас.
Иши толы ҳинжи-маржан,
Бирақ санап болмас.
Ай, жулдыз
Бир атасы, бир анасы,
Неше жүз мың баласы.
Ай-күн, жулдыз
Түнде нурын шашады,
Күн шыққаннан қашады.
Жулдыз
Таў асырып оқ аттым,
Атқан оғымды жоғалттым.
Жулдыздың ағыўы
Тоғыз шешек бир жапырақ.
Тоғыз планета, аспан
Қарап турсам тәўир гилем,
Көтере алмас аўыр гилем,
Жер

Үстиниң тоғайы, суўы бар,
Сени де, мени де көтерген,
Қуш, мени таў да ал.
Жер
Таўдан келер тастай,
Ҳарылдаған аттай.
Суў
Отқа жанбайды,
Суўға батпайды.
Муз
Болмайды онда бийик ой,
Өзи тегис майданша,
Турады ол үш-төрт ай,
Ыссы келип қалғанша.
Күнде барып балалар,
Түрли ойын ойнайды,
Бирин-бири қуўалап,
Қызығына тоймайды.
Егер оңлы болмасаң,
Жығыласан дүрс етип,
Көрип қойса бир бала,
Күледи саған мырс етип.
Усыны сен ойлап тап,
Басқалардан сорама,
Еситип қойсаң таптым деп,
Айтпа басқа балаға.
Муз, сырғанақ

Ғарры шешем қәҳәрленди,
Көз жасы сел етти жерди.
Гүлдирмама, жаўын
Ийиси жоқ, дузы жоқ,
Онысыз жапта турыс жоқ.
Суў
Ақ жипекти жапқандай,
Қыста жерди жабады,
Бәҳәр келсе қыс шығып,
Суў болып жаптан ағады.
Қар
Өзи аппақ көрпедей,
Пүткил жерди жабады,
Көрпесин жаўып болыўдан,
Шымыр аяз табады.
Күндиз көзи көринсе,
Көзинен жасы ағады,
Сүмеклесип муз болып,
Жерге сарт-сарт тамады.
Қар
Ақ таўық, кетеги суўық.
Қар
Суўық болса ақ жаўлығын жабады,
Күн жылыса жапқа түсип ағады.

Қар
Қолсыз, аяқсыз есик ашар,
Жеңил майда затты шашар.
Самал
Түтини бар, оты жоқ.
Думан
Сеннен жүйрик болса да,
Көринбейди көзине,
Аяқ-қолы, басы жоқ,
Сес береди өзиңе.
Самал
Басы таўда,
Аяғы көлде.
Самал
Жүриси бар, түри жоқ,
Сести бар да тили жоқ,
Устатпайды қашаған,
Жол жүриў менен жасаған.
Самал
Бүркит уясын бир таўса,
Бир таппайды.
Ызғырық

Аяқсыз, қолсыз,
Бояўсыз, порсыз,
Саласаң сүўрет,
Бизлерге үйрет.
Аяз
Қолсыз, аяқсыз гүл салады.
Суўық
Өзи аппақ көрпедей,
Пүткил жерди жабады,
Көрпесин жаўып болыўдан.
Шымыр аяз табады.
Қар
Күнниң жүзи көринсе,
Көзинен жасы ағады,
Сүмеклесип муз болып,
Жерге сырт-сырт тамады.
Қар
Суўық болса ақ жаўлығын жаўады,
Күн жылыса жапқа түсип ағады.
Қар
Далада таў, үйде суў.
Қар

Қолы жоқ суўрет салады,
Тиси жоқ тислеп алады.
Суўық
Аяғы жоқ жүреди,
Сыңқылдап ғана күледи.
Суўық
Жутсаң қарның тоймайды,
Жутпасаң жасап болмайды.
Ҳаўа
Қыста тоны жоқ,
Жазда панасы жоқ,
Суўыққа күймейди.
Сая
Жүрсем жүреди,
Турсам турады.
Көлеңке
Қуўсаң қашады,
Қашсаң қуўады.
Көлеңке
Урсаң таяқ өтпейди,
Қуўсаң аяқ жетпейди.

Көлеңке
Күн шықса бирге шағады,
Булт болса үйде қалады.
Көлеңке
Өзиң менен бирге жүреди,
Кеште, азанда узайып,
Бирақ түсте келтереди.
Көлеңке
Өзиңнен озбас,
Изиңнен қалмас,
Көлеңке
Қыста тоны жоқ,
Жазда панасы жоқ.
Суўыққа тоңбайды,
Ыссыға күймейди.
Көлеңке
Жөңке төре тилсиз сөйлейди,
Ҳеш ким оны көрмейди,
Бирақ ҳәммеге еситилмейди.
Жаңғырық
Көзге көринбес,
Жүрсе билинбес,

Денеге сезилип,
Доланса егер,
Толқынлатып теңизди,
Тақыр жерди боратып,
От-шөплерди шашады,
Шашады да қашады.
Даўыл
Жалт-жалт етер,
Жалмап кетер.
От
Аяғы жоқ қашады,
Қанаты жоқ ушады.
Түтин
Көк шүберек түйдим де
Көкке сәлем жибердим.
Түтин
Бир ағаш он еки путақ,
Ҳәр биринде отыз жапырақ,
Ҳәр жапырақтың бир жағы қара,
Бир жағы ақ.
Жыл, ай, күн, түн
Өзи тас жазы, қысы
Жақсы зат жоқ оннан ыссы.

Таскөмир
Жатса тас,
Жақса отын.
Таскөмир
Суўға салсаң жанар,
Отқа салсаң қанар.
Ҳәк

- ҲАЙЎАНАТ ДҮНЬЯСЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ЖУМБАҚЛАР
Ғаррыдай ақ мурты бар,
Жыллы постын ийнинде,
Ойланып көриң балалар,
Бар шығар мүмкин үйиңде.
Ийттей болып үрмейди,
Майданда көп жүрмейди,
Көзин жумып сықылдап,
Қурылдайды пырылдап,
Тойдырып алып тамағын,
Жатқаны оның қурылдап.
Пышық
Жигирма найзасы бар,
Адамға тийгизер пайдасы бар,
Ийесинен адасып қалса да,
Өзин асырайтуғын ҳийлеси бар.
Пышық

От басында бақа шайнек.
Пышық
Бир ҳайўан бар есикте,
Қараўыллық кәсипте,
Танысларын қыйнамас,
Танымасын сыйламас,
Дәпинип аўзын ашады,
Қарсылассаң қашады.
Умтылар тағы бақырып,
Туқымласын шақырып,
Шуўласып дабыл қағады,
Далада мал да бағады,
Үйренискен адамы,
Онын досты мудамы,
Ҳадал хызмет етеди,
Кеўилине жетеди.
Ийт
Төрт таяғы бар,
Сегиз туяғы бар,
Узын қамшысы бар,
Төрт булағы бар,
Қос найзасы бар,
Адамға пайдасы бар.
Сыйыр
Анасы елли жамаў,
Баласы қырық жамаў.
Сыйырдың аласы

Жарасықлы жалы бар,
Самалдан жүйрик жәниўар,
Дәртке даўа сүти бар,
Бул қандай мал таўып ал.
Бийе
Маў-маў басқан, маў басқан,
Аяқларын жай басқан,
Денесинде толы күш,
Ислейтуғыны пайдалы ис.
Түйе
Сақалы бар ақылы жоқ.
Ешки
Күн ортада күн батқан,
Үш ай шилледе муз қатқан.
Қатық
Қоян қулақлы,
Ат туяқлы.
Ешек
Бир мақлуқ бар көрдиңиз,
Ҳәм семиргиш өрбигиш,
Он, он бестен туўмаса,
Гәп емес, оған еки-үш.
Шошқа

Бир жери де аўырмас,
Бирақ мәңги ынқылдар.
Доңыз
Аша туяқлы,
Ешки сыяқлы,
Жүйрик жәниўар,
Мәканы шөлде,
Шәшмели көлде.
Кийик
Саҳра дүзде жасаған,
Күтә үркек қашаған,
Айнымаған келбети,
Тап ешкиге усаған.
Кийик
Ғашыр туяқлы,
Ат сыяқлы,
Жонлары тарғыл,
Асаў екен жәниўар.
Қулан
Өзи қайшы қулақлы,
Териси мамық шумақлы,
Сетем алса ҳайт қойған,
Мәканы жоқ турақлы.
Қоян

Қыйық көзли,
Мамық жүнли,
Бота еринли,
Ешки қуйрықлы,
Белгисин басқа айтпайман,
Өседи екен үй менен дүзде,
Таўып алшы қәне?
Қоян
Қылыш көзли,
Мамық жүнли,
Бота еринли,
Ешки қуйрықлы...
Өсетуғын үйде,
Өсетуғын дүзде,
Қандай аң балалар.
Қоян
Қыста қардай ағардым,
Жазда жердей жаңғырдым
Тысырлы сезсем секеңлеп,
Сайдан-сайға шабарман.
Татлы тамақ екен деп,
Геширди қайдан табарман.
Қоян
Мәканы тоғай көл екен,
Жүретуғын жери шөл екен,
Күшлилигин соннан бил,
Шығарып суўдан жайынды,
Алып бийени, қулатты түйени.

Жолбарыс
Толық денели,
Әжайып күш ийеси,
Салпаң қулақ,
Сәл нәрседен қорқады,
Балтасыз, пышақсыз, .
Сындырады дарақты,
Досларына бас ийип,
Қуллардай жүгин тасыйды.
Пил
Асқан жаўыз,
Ийт аўыз,
Түлки қуйрық,
Өзи жүйрик,
Жақынласа қораға,
Бөрибасарың жатпайды,
Атам кирпик кақпайды.
Қасқыр
Еки туўылып, бир өледи.
Қус
Вы прочитали 1 текст из Каракалпакский литературы.
Следующий - Қарақалпақ фольклоры - Жумбақлар - 4
  • Части
  • Қарақалпақ фольклоры - Жумбақлар - 1
    Общее количество слов 3712
    Общее количество уникальных слов составляет 1826
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қарақалпақ фольклоры - Жумбақлар - 2
    Общее количество слов 3634
    Общее количество уникальных слов составляет 1896
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қарақалпақ фольклоры - Жумбақлар - 3
    Общее количество слов 3720
    Общее количество уникальных слов составляет 1962
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қарақалпақ фольклоры - Жумбақлар - 4
    Общее количество слов 3628
    Общее количество уникальных слов составляет 2013
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қарақалпақ фольклоры - Жумбақлар - 5
    Общее количество слов 519
    Общее количество уникальных слов составляет 417
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов