Latin

Қоблан - 07

Общее количество слов 3685
Общее количество уникальных слов составляет 1738
0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
Бул орда Қараман арысланның ордасы еди. Қараман арыслан песин оқып отыр еди.
Гүңиренген ҳаўазды еситип, майданға жуўырып шықты. Торы атты көрди. Аяғы
жерге мүнасип емес екен деп астына бир өре текеймет таслады. Терт аяғын көкке
доландырып ат жатты.
Нешше саат арадан өтти. Қәддине келип, Қараманның аяғына бас урып, «ағам дәў
қолында қалды» деп, оқыранып, жылай береди. Ҳайўанның зибанына ким түсинсин,
Қараманның шийрин жанына от түсти, Қарамандай арысланның еки жананы бар
еди.
Оны шақырып алады:
— Ҳаў жанана жанана,
Қарамандай арысланның,
Қурыды ҳалы-дәрманы,
Бул кеткеннен кет,—деди.
Жолды мәскан ет,—деди,—
Қыдырды жети көрген,
Тоқсан жасына келген,
Билсе билер хан енем,
Көклен кемпир жан енем,

Хан енеме бар,—деди,—
Көклен кемпир анамды,
Жананлар, алып кел,—деди.
Ол ўақыттың келинлери атасын баба дер еди, енесин мама дер еди. Кемпирдиң
жатқан үйине барып, алтын есигин түрип, гүмистен босағасына тоғыз мәртебе бас
ийип, сәлем берип, кейин басып, әдеп-икрам менен турды.
Төрде жатқан анасы, Көклен кемпир мамасы, келинлерин көрип бир сөз айтты:
—Мәдетти бергейлер халық еткен аллам,
Сенлер келип қурылғанды зимистан,
Себил қалған босағамды басыпсаң,
Не арзың бар, хызметиң не, келин жан?
Шашың таллап он төртиңде өрилер,
Самарқанда бар, алыс жерден көринер,
Себил қалған босағамды басыпсаң,
Не арзың бар, хызметиң не, келинлер?
Шөлди мәкан қылып және жүргенлер,
Сөзди айтар анығынан билгенлер,
Себил қалған босағамды басыпсаң,
Не арзың бар, хызметиң не келин жан?
Оннан кейин кемпирге келини бир жуўап айтты:
—Талан болған бул дүньямда дүнья-мал,
Сергиздан етпегей бизлерди жаббар,
Мендей келин айтатуғын арзы бар,
Гүналарым кешире гөр, мама жан.
Беккем болғай енди салған қаламыз,
Қарап болмағайлар бизиң панамыз,
Қулағың сал, тыңла айтқан сөзимди,

Гүналарым кешире гөр, мама жан.
Сизлерге әйлеймен келип ықтыҳат,
Жалғызыңа бергей сизиң күш-қуўат,
Келмейик деп әйлеп едик бир қыял,
Перзентиңе бозлап келди бир торы ат.
Келген аттың тобығының меңи бар,
Келмейик деп әйлеп едик бир қыял,
Танымайды келген атты Қараман,
Адам сүтин емген мәгер жаныўар.
Келип соны көрсин, деди, жиберди,
Сизди ана келсин, деди, жиберди.
Анда кемпир не деди:
— Көре алмайман бәлент таўдың төбесин,
Мамаңның кетирди ақылы-есин,
Абырай барда бар кете бер, келинлер,
Бағып едим қайсы байдың бийесин.
Анда келини сөйледи:
— Шашың таллап он төртиңнен өрмесең,
Қуллық еттик енди ана сөйлесең,
Танымаймыз келген атт, мама жан,
Келген атты өзин барып көрмесең,
Ендигисин ана өзиң билесең.
Анда кемпир сөйледи:
— Айралықтың жәбири жаман өтти ме,
Ғаррылығың жоқ мийнетке шатты ма,
Танымайын келген атты келинлер,
Үш перзентим, шыққыр көзиң шықты ма?
Ашылмайын таза гүлиң солмасын,

Ҳәр демиңди ҳақтың өзи оңласын,
Танымайын келген атты келинлер,
Келген ол ат Қуртқам аты болмасын.
Ҳәм ҳайўаны, ҳәм зүрияты болмасын.
Үш жыл болды келинлер,
Қоблан атқа мингели,
Бир жарым жыл болыпты,
Нардай күшке толғалы,
Жалғыз балам жас жетпеген жас еди,
Жас та болса аз ғана елге бас еди,
Жас күнинде Азыўлыға буйырды,
Сорлы балам Ақшахан менен қас еди.
Бир ярым ай толыпты,
Азыўлыға келгели,
Жигирма күн болыпты,
Душпанға саўда салғалы,
Жети күнлер болыпты,
Бир бәлеге дуўшар болғалы,
Үш күн тамам болыпты,
Мәрт Қобланның өлгени,
Бир ярым күн болыпты,
Мамаңның усы көргени.
Өлген болса Қобланның,
Алсын дейди сүйегин,
Тири болса ерлерге,
Берсин дейди көмегин,
Қуртқа баққан торы аты,
Ҳәм ағамды, ҳәм дайым,
Аяғайдағы қудайым,
Көмекши тилеп келипти,

Белимде мәдет қалмады,
Диземде қуўат қалмады,
Сол ислерди көргели,
Ҳаў келинлер, келинлер,
Зәўре аңлы келинлер,
Мамаңның жаны қурбанлық,
Қолтықлап сүйеп жүриңлер.
Келинлер маманы қолтықлап көтерип, Қараман отырған боз ордаға апарды. Торыша
ат қыял етти. Қараманды таслап, Қөклен кемпир мамасының дизесине басын қойды.
«Ағам дәўде қалды», деп оқыранып жылай берди.
Кемпир қыял етти, төримнен гөрим жуўық болып отырғанда, гәпим жалған
болмасын деп, аттың саўрысына урды, ырғып жайынан турды. Мойнындағы
тумарды жулып алды. Хатын оқып қараса, онда қыпшақтың заты бар, Қоблан менен
ол Қуртқаның аты бар, кемпирден кетип ықтыяр, Қараманға қарап айтқаны:
— Мен жылайман өз ҳалыма зар-зар,
Жалғызыма мәдет бергей бириўбар,
Мендей кәбаң бас панаңнан айлансын,
Абырай барда атлан тезирек, Қараман.
Минген бедеў дағыстанда желипти,
Жанған шамың самал үрип сөнипти,
Абырай барда тезирек атлан Қараман,
Иниң Қоблан Азыўлыға барыпты.
Көбиклидей дәўлерден,
Барғаннан соң өлипти,
Я болмаса, шырағым,
Дәўден қысыўмет көрипти,
Өлген болса Қобланның,
Алсын дәўден сүйегин,
Тири болса ерлерге,
Берсин дейди көмегин.

Қуртқаның баққан торы аты,
Ҳәм ағамды, ҳәм дайым,
Аяғайдағы қудайым,
Көмекши тилеп келипти.
Абырай барда жалғызым,
Атланың деп еңирепти.
Қараман сонда сөйлейди:
— Өмирим өтти бул дүньяда бийәрман,
Мәдетти берген деп жаратқан суҳбан,
Өлгенде де мен Қобланға бармайман,
Қоблан қурысын, айта көрме, ене жан.
Аспаннан танабы, жерден тиреўи,
Өлгенде ким болар елден сораўы,
Өлгенде де мен Қобланға бармайман,
Саўаш күни бедеў жалын таратпай,
Достыңды күлдирип, душпан жылатпай.
Бизлер кеттик Булынғырдың таўына,
Алып кеткен қаналасым Қуртқаны,
Биз келгенше қырқ күнлерге қаратпай.
Онда кемпир сөйледи:
— Күйеў боп келген бул елге,
Қәдесин берди жеңгеңе,
Сизлер балам болғанда,
Жан ишинде шийриним,
Жанымды алған рәўшаным,
Перзентим сеннен кембеди,
Ол келгени, шырағым,
Мәрт келгени емес пе,
Атлан, қәне, бул жерден,
Жүўермек!—деп еңиреди,—
Атланбасаң, қарағым,

Разы емеспен, шырағым,
Бул қылған сениң исине,
Тоғыз айда, тоғыз күн,
Ол көтерген күшиме.
Музлы бесик таянып,
Сәҳәр турып оянып,
Әллиўлеген сесиме,
Сестим түўе, шырағым,
Разы емеспен Қараман,
Қызыл қаннан айырып,
Сизге берген сүтиме,
Бир қуданың алдында,
Даўагериң боларман.
Ол сөз айтылып болғаннан кейин Қараман айтты «Қобланға бармас едим, сүтиңди
айттың, шарам жоқ. Ана, пәтияңды бер!» —деди. Анасы пәтиясын берди. Қараман
арысланның Булыт ат, Сағым ат деген еки аты, болатуғын еди. Екеўи ҳәм тулпар
еди. Қанатлы қустан қалмайтуғын еди. Булыт атын минип, Сағым атын жетекке
алды.
Көзгенеңнен торы аттың,
Ерге басын қаңтарып,
Ат басшы қып жиберди,
Көзгенеңнен торыша ат,
Көклен кемпир мамасын,
Айланып бираз ўақ турады.
Көклен кемпир торы атқа мынаны айтты:
— Шап, торы ат, қызыл гүлдей жайнағыл,
Тас қағып сөгилмей бедеў дойнағың,
Жалғызды хызметкер еттим өзиңе,
Бар, кете бер, ақылыңнан, шырағым.

Сизлер келип бизге болды зимистан,
Ҳәмде жылап келдиң бизге алыстан,
Жалғызды хызметкер еттим кейниңе.
Өлсем ырза болсын жалғыз Қуртқа жан.
Лалы маржан бул майданда сәдепти,
Жалғызыма берсин алла мәдетти,
Көп жыласам ат жолына кес болар,
Бар, кете бер, саған бердим жуўапты.
Мамадан жуўап алады,
Торы ат басшы болады,
Қараман ерип кейнине,
Атлар ойнап барады.
Еки мезгил толғанда,
Адасып султан кетер деп,
Қарамандай султанның,
Алдын тосып турады.
Жеткермейди Булыт атқа,
Мәрттиң минген торы аты,
Таў үстинен жүреди,
Отлайды екен торыша ат,
Таўға шыққан селеўди.
Гәҳи ушып, гәҳи қонады,
Ҳайўан қыял қылады,
Ағам барар кейнимнен,
Барып хабар алайын,
Қобланның қалған жеринен,
Биз барғанша Қобланды,
Саламат қылғай қудайым.
Қарамандай султаннан,
Алып тулпар жуўапты,
Қараманға қарамай,
Торы ат және жол тартты.

Әкем деди жылады,
Азыўдың аўыр шәҳәрине,
Атлар жақын барады.
Бул қалаға келеди,
Көзлер таслап қарады,
Мәрт Қобланды көреди,
Тирилигин биледи,
Тирилигин көрген соң,
Оқыранып турады.
Бул ат келгеннен кейин, Қоблан қараса, торы атты көрди. Бир шәҳәрге барып
келгенлигин билип «Қараманның дийдарын көрсетпей, жанымды алғай, жаббар»
деп, бул сөзди айтып жылай берди.
Қараманның Булыт аты, Сағым аты қалаға жақын келди. Бир майданнан Қобланның
тәрепине оң келип турды.
Қобланды көрди. «Дуўры барсам, қолымды салсам, сәлемимди берсем, мениң
сәлемимди алмаса, уллы деп, сәлем бермесе, өлимнен жаман дәрт болар. Батырға
марапат, сыпайыға сиясат, алымға ишарат, әўел ҳармасын айтып, саўға тилеп
көрейин» деп, Қобланға қарап бир сөз айтты:
— Астымда ойнар әлўаным,
Яр болғай Шәҳимарданым,
Көбикли дәўди жығыпсаң,
Ҳарма ҳарма, Қобланым.
Дәўлерди жыққан палўаным,
Басымда қайғы-қүдиретим,
Берген истанат қүдиретим,
Душпанға зорлық қылыпсаң,
Ҳәм инимсең, ҳәм перзентим,
Перзентим, ҳарма-ҳарма.
Бедеў минди уллы таўға,
Шүкир еттим геллең барға,
Душпанға зорлық қылыпсаң,
Қоблан жан, саўға-саўға.

Мәрт Қоблан онда сөйледи:
— Ҳақ жаратқандур илайым,
Ашпады алла талайым,
Қараман атлы султанға,
Көрсетпей алғай жанымды,
Халық әйлеген қудайым
Ҳақ алдына бүйерден,
Қурады екен таразы,
Қараманның дийдарын,
Көрсетпей алса жанымды,
Бендеси оған разы.
Бир әрманым дүньяда,
Азыўлыны алмадым,
Көбикли атлы дәўлерди,
Қурбанлық қылып шалмадым.
Алдым толы мал менен,
Кейним толы шаң менен,
Самарқанд атлы халқыма,
Салтанат пенен бармадым.
Сексен бир орда қурдырып,
Сексен бир жай салдырып,
Узақтағы ноғайды,
Қатағанның елинен,
Қарамандай арысланды,
Ат жиберип алдырып,
Алдында келген-ғаррыға,
Арысы бар алтыннан,
Дегершиги гүмистен,
Түңликли арба миндирип,
Кейнинде келген қосшаққа,
Астына бедеў миндирип,
Үстине қамқа кийдирип,
Той-тамаша бердирип,
Көрермен деп жүр едим,

Шерменде болған басыма,
Өликке кимлер келтирди,
Душпанлығын ат билдирди.
Қараман сонда сөйледи:
— Бизлер жылаймыз интизар
Қуртқадайын муң нашар,
Басыңнан болсын садаға,
Сенлер киби жалғыз ер,
Сексен жыллар өтсе де,
Аннан соң келмес дүньяға,
Әўел алла ҳақы ушын,
Кештим сениң гүнайың,
Расулиниң ҳақы ушын,
Кештим сениң гүнайың,
Қөклен кемпир енеңниң,
Тоғыз айлық тоғыз күн,
Ол көтерген күши ушын,
Кештим сениң гүнайын.
Ене жан десе оянған,
Әллелеген сести ушын,
Кештим сениң гүнайың.
Аялы жолда талпынып,
Ақ төсинен жай берген,
Қызыл қаннан айырып,
Бизге берген сүти ушын,
Кештим сениң гүнайың.
Бедеў минди уллы таўға,
Ким баслап келди бул жолға,
Ағаңыз келди Қараман,
Дәўдиң ҳийлесин билмеген,
Қобланым, саўға-саўға,
Султаным саўға-саўға.
Алдымда жүрсең айбатым,
Кейнимде жүрсең ғайратым.

Ҳәм инимсең ҳәм зүриятым,
Қобланым, саўға-саўға,
Мәрт саўғаны тиледи.
— Ала ғой, аға, саўға,—деп,
Қоблан батыр береди.
Аттан жерге түседи.
Полаттан еди билеги,
Бул дүньяға келгенде,
Гүрес еди тилеги,
Алшаңлайды нар киби,
Ортаға өзин урады,
Жәмленип турған көп ләшкер,
Қақ айырылып қалады,
Ортаға палўан киреди.
Алшаңлайды нар киби,
Намыс деген көп жаман,
Қақ айырып жол салып,
Қобланды бәнтте көрген соң,
Ети қызып батырдың,
Дәўге барды жақынлап,
Атадан жалғыз Қараман,
Қысып атқан бармағын,
Жаздырып дәўдиң жиберди,
Айырып алды Қобланды,
Жарадар болған султанды,
Үстинде жатқан Қөбикли,
Аўдарылып қарады.
Қараманды көреди,
Тикке жайдан турады.
Қақыр-қақыр күледи.
Күле турып бәтшағар,
Қараманға сөйледи:
— Аманбысаң, арыслан,
Жерик асым Қараман,

Гөҳиқапты бүлдирген,
Жан ағамды өлтирген,
Жетмиш қала бәнт қылған,
Қараман арыслан сенбедиң?
Жете алмай жүрген мен едим,
Әжел айдап келдиң бе?
Мийнет айдап келдиң бе?
Саў-саламат бармедиң.
Жерик асым Қараман?
Ал Қараман сөйледи :
— Атаңа нәлет, сен,—деди,—
Сен қуданы бил,—деди,—
Бул дүньяға келгели,
Тилегим мениң дәў еди:
Дәў саллағы мен, деди,—
Нешшелерин жылатқан,
Байтеректей қулатқан,
Қараман султан мен,—деди.
Таныдың ба, сен, — деди
Бул гәплерди еситип,
Бир-бирине жуўырып,
Жуп жағадан алады,
Дәўлер алды жағадан,
Қоблан алды аяқтан,
Ыңыранып гүрес салыпты,
Еки бирдей ол палўан.
Қараман сонда сөйледи,
Қобланға қарап не деди:
— Ҳәй, оңбаған Қобланлы,
Мен айтайын наслыңды,
Сизлер тыңла ҳаслыңды.
Арғы атаңыз тоқлы еди,
Аржағың нәрсе жоқ,—деди,
Атаң беклик көрмеген,

Енең бийлик сүрмеген,
Жети атадан бермаған,
Бендеге нан бермеген.
Туў түбинде жүрмеген,
Жаўды жаўлап көрмеген,
Жаў ҳийлесин билмеген,
Бендеге инам бермеген.
Хан да сөзди айтар ма,
Ҳаслың болса, буны бил,
Хан айтқаннан қайтар ма,
Аш бөриниң баласы,
Таслап кеткен өлимтиктиң,
Дойнағынан тутар ма,
Бермесең, өзиң ал,—деди,—
Берсең, кейин тур,—деди,—
Гәҳи дәўдиң айбаты,
Гәҳи мениң қуўатымнан,
Сен бий әжел өлерсең,
Қоблан жан, кейин бар,—деди,
Анда Қоблан сөйледи:
— Қәтеге кетсек, биз қайттық,
Тақсыр аға, тәўбе еттик.
Жаздырды дейди қолыны,
Көриң мәрттиң зорыны,
Анда турып Көбикли,
Ыңыранып жанбас урады,
Қозғалмайды Қараман,
Қараман жанбас урады,
Қозғалмайды Көбикли,
Бир күн гүрес салады,
Мурады ҳасыл болмады,
Еки айырылып қонады,
Ертеңине таң атты,
Әйне сәске ўақыты,

Гүреске мейил болады.
Қараман қыял ойлады,
Мәрттиң кеўли қызықты,
Бизден бурын өткенлер,
Қарсы келген душпанға,
Аянбай ғайрат еткенлер,
Зал әўлады Рустем Дастан,
Мәдетти бергей деп Султан,
Пиримиз Шәҳимардан,—деп,
Тарақ алды белинен.
От шығады тәнинен,
Зор қылып мәртлер көтерди,
Дәўдиң турған жеринен,
Бир мәртебе зор қылып,
Дизесине миндирип,
Тағы да мәрт зор қылып,
Белбеўликке миндирип,
Қол ушына көтерип,
Жаның болсын қудаға,
Келместей болсын дүнья,—деп,
Зыңғытып дәўди жиберди,
Адам улы көре алмас,
Көзиң жетпес ҳаўаға,
Көбикли сонда жылады,
Түбин кескен мүнардай,
Шүй төбеден қулады.
Шақырып алды Қобланды,
Жарадар болған султанды,
— Дәў геллеси мында,—деп,
Көрсетеди балаға,
Ҳәмме жери көк темир,
Атқан мылтық өтпейди,
Шапса, қылыш кеспейди,
Шанышса, найза өтпейди,

Шүй төбеге салады.
— Дәў ҳийлеси мында,—деп,
Жаўырында меңи бар,—деп,
Кесе аўызындай кекили,
Меңге қанжар урады.
Қарамандай батырың,
Көбикли атлы дәўлерди,
Қарқыратып шалады,
Қараман өтин алады,
Қолын салып өтлерге,
Жарадар болған Қобланның,
Жарасына жағады,
Жети күн, жети саатта,
Жара тәўир болады.
— Бағындық енди сизге,—деп,
Азыўлының елиниң,
Жарпынан көби келеди,
Астыртын хабар береди,
Көбикли патша өлген соң,
Қалаға тәжжал келген соң,
Өз бийлигин өзине,
Қараман патша берген соң,
Аламан-аламан боп олар.
Қол көтерип турады,
Ал Қараман сөйледи:
— Бүркиттиң ойыны менде бар,
Шердиң ойыны менде бар,
Тамашамды көр,—деди.
Қараман минди Булыт атқа,
Қоблан минди торы атқа.
Көбиклидей хан өлди,
Қалаға қанлар қуйылды,
Қырқ жигити Қобланның,
Бәри бирдей жыйылды,

Арқа бетки дәрўаза,
Патша турған Ерек қалаға,
Ат қойыпты бәршеси,
Дәрўазаға келеди,
Дәўлети тайған қалмақлар,
Алалық болып өзлери,
Әламан деп барлығы,
Қол көтерип турады.
Ат шаптырды далаға,
Жар урдырды қалаға,
Дәўир—кимниң дәўири,
Батыр Қоблан дәўири,
Пайтах — кимниң пайтағы,
Батыр Қоблан пайтағы.
Ерлер—кимниң ери еди,
Ер Қобланның ери еди,
Жар қышқыртып жиберди.
Буннан кейин Қоблан ақ шатыр қурып, Қараман көк шатыр қурып, сол шәҳәрде
жатты.
Баяғы қырқ жигитлери Қараманның босағасына бас қойып, шатырын айланып
жатпақ пенен болды. Қоблан бәнтте турған ўақытта кими көлде, кими шөлде қашып
жүретуғын еди. Қараман батыр келген соң, Көбикли дәўди алған соң қырқ жигиттиң
қосылмағына себеп сол болып еди.
Қараман арыслан қырқ жигитти кейнине ертип, Қобланның алдына барып мынаны
айтады:
— Душпан болып халыққа тийген зыяның,
Ол дүньяда артық болды ийманың,
Қырқ жигит кейнимде, бизлер алдында,
Жол болсын сорағыл келди мийманың.
Торы ат барды ғам-гүн болып елиме,
Амуўды, герданды алып қолыма,
Хызметкер ағаңман, айтар арзым сол,

Гүнакарың ертип келдим соңыма.
Жаныңыз саў болса, дәўран сүрерсең,
Ҳәр түрли ислерди өзиң билесең,
Қырқ жигитти ертип келдим изиме,
Гүнакардың гүнайыны бересең.
Сонда Қоблан сөйледи:
— Сизлер келип еттиң кеўил хошымды,
Ағыздың нешше күн көзден жасымды,
Дәркар емес олар киби қырқ жигит,
Тилесең, берермен, аға, басымды.
Сенлер келип сапарымды оңладың,
Қызыл гүлим запырандай солмады,
Дәркар емес ондай бизге қырқ жигит,
Қостарым торы аттай қырқы болмады.
Мәлел келер кеўлиңе,
Сорап едим бермес, деп,
Атқа тақтым тумарым,
Тарқады мениң қумарым,
Ертип келдиң кейниңе,
Мен нетейин жыламай,
Қырқ жигитим жыйылып,
Жалғыз аттай болмадың.
Қостарым болған торы атты,
Алла берди муратты,
Көрген ўақта Қараман,
Сорап едиң бизлерден,
Бердим сизге саўғатты.
Буннан кейин қырқ жигиттиң гүнасын өтип, Қобланнан рухсат алып Булыт атына

минип, Қараман елине қайтты.
Ҳәмирине көндирип, халыққа пәрман берип, Қөбикли патшаға дос болғанларды
өлтирип, тирилей жерге көмдирип, ишинен усы журтқа биреўин аға қылып, Қоблан
да өз журтына қарап: алды толы мал менен, кейни толы шаң менен, улларын бенде
қылып, қызларын олжа қылып қайтты.
Нешше айлар, нешше күнлер жол жүрип, теңиздиң айланып өтетуғын жолынан
өтип, Қуланның қызыл қазығы деген жерге келеди, «ат ҳарығанлығын шығарсын,
ерлер демин алсын, жаўдан жары бойы шығып қутылдық» деп, сол жерде мәсқан
қылды.
Ендиги сөзди Қобланның елинен еситиңлер. «Әзелги душпан ел болмас, етек кесип,
жең болмас» деген, өзи шаўып алайын десе, Қобланнан қорқып, Шақанның улы
Ақшахана үш ай он күнлик жолдағы Қараўсын ханның перзенти Алшағыр деген
гәўирге, Қарабий деген кәрўаннан хат жиберип, шақыртып алып, Қоблан келместей
жайларға бәнт болды, деп хабар салды.
Алшағыр ләшкерлерин жыйнап, үш мың қол менен келип, еки-екиден, үш-уштен
бөлинип, бийғам отырған елдиң үстине жаў болып тийди, улларын бенде қылып,
қызларын олжа қылып, алып кетти.
Қоблан жатқан жерлерде сәҳәр ўақтында түс көрди. Түсинде әжайып ис көрди. Ҳәр
кимниң дәўлети таяр ўақтында түс көрмеклик бурынғыдан қалып еди. Жаман түс
көрсең, түсиңди досыңа жорыт, душпанға түс жорытпа, дейтуғын еди. Қобланның
қырқ жигитиниң Дағдар хожа деген, Шамай кәл дегени бар еди. Буларға Қоблан
айтты.—Мен бир жаман түс көрдим, сизлер жорый аларсыз ба?—деди.—Әжеп
болар,—деп, Дуғдар түсин жорымақ пенен болды. Қоблан тусин айтты:
— Есиктиң алды сары дала,
Ели-халқым жыйылды,
Мал ҳасылы сойылды,
Қызыл ала қан болды,
Дара табақ қойылды,
Қуўырдақлар қуўрылды,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жақсы болса халқыма,
Жаманлығы өзиме.

Дуғдар түсин жорыды:
—Түсинде қорыққан қуўанар,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Есиктиң алды сары дала,
Ели-халқың жыйылса,
Мал ҳасылы сойылса,
Қуўырдақлар қуўрылып,
Дара табақ қойғанды.
Сизлер елден кеткели,
Жети жыл, жети ай болғанды,
Сағынғанда ата-анаң,
Атаң еди Қыдырбай,
Он бир айлар толғанда,
Ол қурбанлық келгенде,
Басқа емес дәўлетиң,
Мал үлкени түйеди,
Түйени услап алғаны,
Еки жерден шалғаны,
Қанлар ағып турғаны,
Улама менен ғаррыңды,
Елиңнен жыйнап алғанды.
Қуўырдақты қуўырып
Дара табақ қойғанды.
Қуўырдаққа тойған соң,
— Саламат келгей Қоблан,—деп,
Пәтия дуўа қылғанды.
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан тағы айтады:
—Есиктиң алды бай шынар,
Бели нағыш түби берк,
Бир шынарым бар еди,

Ол белинен бир сынып,
Жапырақлары төгилип,
Ойран болып көринди,
Ол не болар, Дуғдар жан?
Жорый гөргил түсимди.
Жақсы болса елиме,
Жаман болса жорыйгөр,
Астымда торы атыма.
Дуғдар жуўап береди:
—Бели нағыш, түби берк,
Бай шынарың бар болса,
Қублаға қарап еңкейсе,
Ол белинен бир сынып,
Жапырақлары төгилип,
Ойран болып көринсе,
Сенлер елден кеткенде,
Жети жасар қызлар бар.
Он төртине келгенди.
Он төрт жасар қызларға,
Қуртқадайын жеңгемиз,
Қыз жеңгеси болғанды,
Ол шынардың түбине,
Жыйылып халқың қонғанды,
Ашасына мәрт Қоблан,
Бир ағашын салғанды,
Аткөншөкти қурғанды,
Ушалмаған қызларға,
— Мынаў ушқыр қызлар,—деп,
Қуртқадайын жеңгемиз,
Пәтлер берип турғанды.
Ары барса, тиренип,
Бери келсе, тебиренип,
Қайысқанды көрген соң,

Сындымекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы,
Қоблан даўам етеди?
—Есиктиң алды ақ дәрья,
Жаздың сары күнинде,
Сеңлеп барып муз қатты,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Дуғдар жуўап береди:
—Есиктиң алды ақ дәрья,
Сеңлеп барып муз қатты,
Атаң еди Қыдырбай,
Төрт мың тоқсан қойы бар,
Қырқлық қолға алмаға,
Гүзеп жүнин қырқпаға,
Айдап келип шопанлар,
Ол дәрьяға салғанды,
Сол тоғысып турғанда,
Тоғысқанда көрген соң,
Сеңледимекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы,
Қоблан тағы сөйледи:
—Әсеттиң он жетисинде,
Арқадан қар борады,
Диземе қар орнады,
Тартар адам болмады,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жақсылық болса, халқыма,

Жаманлық болса, өзиме..
Дуғдар жуўап береди:
—Әсеттиң он жетисинде,
Арқадан қарлар бораса,
Дизеңе қар орнаса,
Тартар бенде болмаса,
Сизлер елден кеткели,
Жети жыл жети ай болғанды,
Жеңгем иркит жыйғанды,
Жеңгемниң жыйған иркити,
Илиўине барғанды,
Жән-жақтағы қоңсысы,
Жаз жайлаўға қонғанды,
Иркитиниң жайынан,
Көше алмай журтта қалғанды,
Арқадан шамал турғанды,
Жеңгем жыйған иркитин,
Шамал қағып турғанды,
Ақ иркитти көрген соң,
Қар жаўдымекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
—Енең еди Бозкемпир,
Нар түйениң қәтеби,
Қәтебине таңылып,
Бенде болып көринди,
Бул не болар,
Дуғдар жан?
Жорый гөр бул түсимди.
Жақсылық болса, елиме,
Жаманлығы өзиме.

Дуғдар жуўап береди:
—Енем еди Бозкемпир,
Бенде болып көринсе,
Сағынғанды сизлерди.
Жети жерде отар бар,
Отар үйге бармаға,
Енең талап қылғанды.
Жел маяны келтирип,
Гебежеге танғанды.
Ишине кемпирди салғанды,
Жығылмасын кемпир, деп,
Сыртынан арқан алғанды.
Гебежеде көрген соң,
Таңыўдамекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай гөрме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
—Қарындасым Қансулыў,
Жер астында зарлады,
Жубатар бенде болмады,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Дуғдар жуўап береди:
—Тар қурсақта жатысып
Таласып емшек емискен,
Тай қулындай тебискен,
Адасқанда кеңескен,
Тоқалақ мүйиз ақ қозың,
Бағлан қозың Қансулыў,
Жер астында маңыраса,
Аға жан, деп жыласа.
Жубатар бенде болмаса,

Сизлер елден кеткели,
Жети жыл, жети ай болғанды,
Сағынғанда сизлерди,
Ақ ордаға келгенди,
Сәҳәрге дейин отырып,
Ғам-гүнге кеўилин толтырып,
Қызыл жүзин солдырып,
Ол түзликти бастырып,
Ҳәм есикти қаўсырып,
Мақпалдан көрпе жамылып,
Қылдай бели шешилип,
Аға жан, деп аҳ урып,
Сизди айтып жылап турғанды,
Ғәрип кеўли бузылып,
Көзден жасы төгилип,
Қара қыпшақ елатың,
Үлкен үйге баса алмай,
Қоя ғой деп айта алмай,
Ший жағалап жүргенди.
Көрпе астында көрген соң,
Жер астымекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
—Алған ярым Қуртқа жан,
Бир кәниз бар кейнинде,
Бир орамал бар ийнинде,
Сары таў деген жерлерде,
Тезек терип сарғайып,
Алғаным деп муңайып,
Бенде болып көринди.
Бул не болар, Дуғдар жан?

Жорыйгөрши түсимди,
Жақсылығын ҳалқыма,
Жаманлығын жорыйгөр,
Қобланның жалғыз басына,
Дуғдар жуўап береди:
—Алған ярың Қуртқа жан,
Бир кәниз болса кейнинде,
Орамал болса ийнинде,
Тезек терип сарғайып,
Алғаным деп муңайып,
Бенде болып көринсе,
Атаң еди Қыдырбай,
Уллы шарўа бай еди,
Жаз жайлаўға қонғанды,
Үш жүз сыйыр туўғанды,
Есикке адам салғанды,
Қуртқадайын ол жеңгем,
Жер ошақты қазғанды,
Той қазанды асқанды,
Саўып алған сүтлерин,
Алып келип қуйғанды,
Қабын алып қолына,
Ол шаңлаққа барғанды,
Қуўраған тезекти алғанды,
Жас тезегин қойғанды,
Сизлер түсип ядына,
Шаңлақта жылап турғанды,
Сүт астына от жағып,
Атаң менен анаңа,
Тынбай хызмет қылғанды,
Ол шаңлақта көрген, соң,
Бендемисең дегенсең,

Ели-халқың аманды,
Жылай берме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
— Жети ийшаным бар еди,
Кәраматы олардың,
Ҳәр кимлерден ағла еди,
Мойнына буғаў салынып,
Еки қолы байланып,
Аламанға бир қарап,
Қоблан жан деп аҳ урып,
Бул да бенде көринди,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Дуғдар жуўап береди:
— Жети ийшаның бар болса,
Кәраматлы сол болса,
Мойнына буғаў салынып,
Еки қолы байланып,
Бенде болып көринсе,
Сизлер елден кеткели,
Сағынғанды сизлерди,
Ол мешитке барғанды,
Жәмәҳатлар жәм болып,
Сары ийшан деген ийшанның,
Алдына имам болғанды.
Намазды оқып болған соң,
Қойнындағы тәсписин,
Ол қолына алғанды,
Тәспи санап турғанды,
Ол тәспини көрген соң,
Байлаўда мысал дегенсең,

Қолындағы тәсписин,
Ол мойнына салғанды,
Буғаўмекен дегенсең,
Жәмәҳатқа бир қарап,
Ҳаққыңа дуўа қылғанды,
Ол мешитте көрген соң,
Жер астыма екен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы,
Қоблан тағы сөйледи:
—Қорғанша атлы қаламыз,
Жол-жол болып көринди,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жақсылық болса, халқыма,
Жаманлығы өзиме.
Дуғдар жуўап береди:
—Қорғанша атлы қалаңыз,
Жол-жол болып көринсе,
Сизлер елден кеткенде,
Жети жасар қызлар бар,
Он төртине барғанды,
Он төрт жасар қызларды,
Күйеўине бергенди.
Ул отаўы оң жақта,
Қыз отаўы сол жақта,
Үш жүз үйли елатың,
Тоғыз жүз үйли болғанды,
Сыймаған соң қалаға,
Ортасына жол қойып,
Бөлек қала салғанды,

Бөлингенди көрген соң,
Жаў шаўды ма екен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан және сөйледи:
—Қара қыпшақ елинде,
Не қошшағым бар еди,
Ат алдында айдалып,
Бийгүна қолы байланып,
Айтар сөзин айталмай,
Етер исин ете алмай,
Керилип қамшы тарта алмай,
Бенде болып көринди,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жорый гөр бул түсимди,
Жақсылық болса, халқыма,
Жаманлығын жорый гөр,
Астымда торы атыма.
Дуғдар жуўап береди:
—Қара қыпшақ халқында,
Белбеўинде ақ пышақ,
Атланғанда мыңға шақ,
Не қошшағың бар еди,
Ат алдында айдалып,
Бийгүна қолы байланып,
Бенде болып көринсе,
Қара қыпшақ еллериң,
Ол Самарқанд қалаға,
Базар етип барғанды,
Базарларын базарлап,

Бәҳәр ўақты болғанда,
Қайтыўға талап қылғанды,
Бәҳәрдиң болған ўақтында,
Нағыз көклем шағында,
Жарамай ат қалғанды.
Жарамаған атларын,
Ол жетелеп турғанды,
Ат кейнде болған сон,
Мәрт оңында болған соң,
Айдаўмекен дегенсең,
Жылай гөрме, Қобланлы,
Ели-журтың аманды,
Қоблан тағы сөйледи:
—Үш жүз түйем бар еди,
Жалаңаш жүклер артылып,
Арқасы жара көринди.
Бул не болар, Дуғдар жан?
Дуғдар жуўап береди:
—Үш жүз түйең бар болса,
Жалаңаш жүклер тийелип,
Арқасы жара көринсе,
Сенлер елден кеткенде,
Шығып кеткен кәрўан бар,
Быйыл қайтып келгенди,
Сарайға жүгин түсирип,
Түйени айдап жиберип,
Түйе көгин алғанды,
Жабағы жүни түскенди,
Қылшық жүни қалғанды,
Арқан батқан жерлери,

Ақтан жарғақ болғанды.
Ақ жарғақты көрген, соң,
Жаралымекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
— Сансыз аттың үйири,
Есапсыз жылқым бар еди.
Қулыным онда киснейди,
Анасы мунда азнайды,
Қосар бенде болмады,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жорый гөргил түсимди,
Жақсы болса, халқыма,
Жаманлығын жорый гөр,
Қобланның жалғыз басына.
Дуғдар жуўап береди:
—Есапсыз жылқың бар болса,
Сансыз аттың үйири,
Қулының онда киснесе,
Анасы онда азнаса,
Қосар бенде болмаса,
Сизлер елден кеткенде,
Туўып қалған қулын бар,
Жетисине келгенде,
Жети жасар қысыраққа,
Айырып айғыр салғанды.
Қулыны онда бир киснеп,
Және көлдиң баўырында,
Анасы аўнап турғанды,

Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
—Алты үй толған өли мал,
Ҳинжи менен гәўҳар бар,
Патшалық хатқа салынды,
Ғәзийнеге кисен урылды,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жорыйгөр бул түсимди,
Жақсы болса, елиме,
Жаман болса, өзиме,
Дуғдар жуўап береди:
—Ҳинжи гәўҳар бар болса,
Патшалық хатқа салынса,
Ғәзийнеге урылса,
Сизлер елден кеткели,
Атаң Қыдырбай ғаррыға,
Ханнан дийўан келгенди,
Патшалық хатқа салғанды,
Қырықтан бирге закатын,
Ол закатлар алғанды,
Ғәзийнеге салғанды,
Ол закатты көрген соң,
Малымды бердимекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы,
Вы прочитали 1 текст из Каракалпакский литературы.
Следующий - Қоблан - 08
  • Части
  • Қоблан - 01
    Общее количество слов 3757
    Общее количество уникальных слов составляет 1824
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 02
    Общее количество слов 3843
    Общее количество уникальных слов составляет 1848
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 03
    Общее количество слов 3860
    Общее количество уникальных слов составляет 1673
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 04
    Общее количество слов 3774
    Общее количество уникальных слов составляет 1844
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 05
    Общее количество слов 3820
    Общее количество уникальных слов составляет 1795
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 06
    Общее количество слов 3716
    Общее количество уникальных слов составляет 1804
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 07
    Общее количество слов 3685
    Общее количество уникальных слов составляет 1738
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 08
    Общее количество слов 3803
    Общее количество уникальных слов составляет 1823
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 09
    Общее количество слов 3772
    Общее количество уникальных слов составляет 1884
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 10
    Общее количество слов 3749
    Общее количество уникальных слов составляет 1812
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 11
    Общее количество слов 1747
    Общее количество уникальных слов составляет 1099
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов