Latin

Қоблан - 06

Общее количество слов 3716
Общее количество уникальных слов составляет 1804
0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
Ат астына қулады,
Қорыққанынан қырқ жигит,
Жығылып бәри қалады,
Билдирмейди жәниўар,
Ырғып кетти торы ат,
Ақсуўдың ол басына
Қуўдай сыңсып қонады
Шүкир қылып аллаға,
Сонда Қоблан турады.
Ендиги сөзди Қобланнан еситиң: Қоблан аттан түсип, аттың ерин алады, бурынғы
қәддинде атын қайтадан ертлеп алып кийимлерин кийип, қәддине келип атының

үстине минип, әсте жортып киятырыпты. Қырқ жигит ҳәм көзиниң астынан қарап
атырыпты. Бәршемизге найза тийип жарадар болып қалғанда киятқанын көрдиң бе
деп тоңқылдасып атырыпты. Қоблан нәрсе көрмегендей, ҳеш билмегендей қырқ
жигитине қарап мынаны айтты:
— Мөҳминлер етеди алладан үмит,
Бизлер жүрмиз сизди батыр қостар деп,
Бәршеңиз қалыпсыз аттың астында,
Бул не зулмат, бул не қысыўмет, қырқ жигит?!
Батырлықтан барды найза дәстимде,
Биз жүремиз патшалардың қастында,
Бул не исдур яранларым қырқ жигит,
Бәршеңиз қалыпсыз аттың астында,
Саўаш болмай аттың жалын тарадым,
Батыр болып не бир күнге жарадым,
Бәршеңиз қалыпсыз аттың астында,
Қырқ жигитлер не тәжжалға ушырадық?
Сонда қырқы сөйледи:
— Атлар шаппай бәлент таўда раўана
Мәдет бергей пири Шәҳимарданы,
Жарадармыз айтатуғын арзым бар,
Әсте сөйле қара қыпшақ Қобланлы.
Душпанлардың шықсын шөллерде жаны,
Айдап биз қайтпаймыз Азыўдың малын,
Қырқ жигиттиң айтатуғын арзы сол,
Әсте сөйле Самарқанның арысланы.
Бедеў жалын саўаш күни өрип ек,
Бәримиз де Рустем киби болып ек,
Сол шәҳәрге ат ойнатып барып ек,
Барып дәрўазаға балта урып ек,

Алдымыз он, кейнимиз бес қырып ек,
Нәзер салып дөгерекке қарадық,
Батыр болып ҳәр бир күнге жарадық,
Алдымыз бес, кейнимиз бес қырғанда,
Лалаллы деп бир тәжжалға ушырадық.
Сонда Қоблан сейлейди:
—Бурынғыдан қалған сөз,
Ханнан қайтқан бийлердиң,
Бий нышаны боларлар,
Шикардан қайтқан жигиттиң,
Бес нышаны балалар
Жаўға тийген батырдың,
Жаў нышаны боларлар.
Нешше жерде жара бар,
Қырқ жигитлер сиз маған,
Жаў шетинен бер хабар.
Анда қырқ жигит сөйлейди:
— Атлар салмай өңиримнен,
Сан мың ләшкер қол келсе,
Өткермеймен теңимнен
Әсте сөйле, Қобланлы,
Баяғы қуўған бәтшығар,
Келмесин әне кейниңнен,
Барып болдық дуўшакер,
Мәдетти бергей бириўбар,
Әсте сөйле, Қобланлы,
Баяғы қуўған тәжжалды,
Келеди деген қәўпим бар,
Бедеўдиң жалын тараймыз,

Не бир күнге жараймыз,
Азап-ақырет бергенге,
Қоллар салып беденге,
Сыйпалаймыз, қараймыз,
Қарқара барда, дәўран жоқ,
Зар жылаймыз қуда деп,
Бедениме қол салып,
Қарасам жаман жеримнен,
Басқа жерде жара жоқ.
Анда Қоблан сөйледи:
— Жаўды көрген қырқ жигит,
Тәжжалды көрген қырқ жигит,
Қырқ жигитим, турыңлар,
Бәршең атқа миниңлер,
Қайда, көрген жаўыңа,
Султанлар баслап жүринлер!
Қырқ жигити турады,
Алдын баслап жүреди,
Қалаға жақын келгенде,
Анаў көрген шәҳәрим деп,
Тәжжалдан қашқан жерим деп.
Шегниңнкирей береди
Онда Қоблан сөйледи:
— Салмай басқа жарлықты,
Ким әйлер пейли тарлықты,
Қорықпай жүриң қырқ жигит,
Әўел қуда қырық жигит,
Шәҳимәрдан яр болса,
Ким қылады зорлықты,
Ҳәмирсиз тикен кирмейди,
Әжелсиз бейде өлмейди,

Тәўекел етип аллаға,
Султанлар қорықпай жүр —дейди
Қалаға жақын келеди,
Көзлер таслап қарады,
Көзлер таслап қараса,
Қалмақлардың шәҳәриниң,
Қырқ гез муның оры бар,
Қырқ гез жаңа қарғалық,
Асты бетин қаланың,
Гербиш пенен соқтырған,
Және бес мың лабыр бар.
Сыртынан полат жақтырған,
Тоқсан қабат көк темирден,
Қалмақ салған қала бар,
Дәрўазасы қоладан,
Аспан менен барабар,
Кимниң аты тулпарды,
Кимниң аты тексиз ат,
Мынаў турған қалаға,
Ат айдасып көрейик,
Бәсиң бар ма қырқ жигит?
Онда қырқы сөйлейди:
— Нәсилсиз аттың белгиси,
Сүбәси тар болар ма,
Бақайы келте болар ма,
Мойны узын болар ма,
Таўда озған пери аты,
Шөлде озған пери аты,
Қалаға жақын келгенде,
Тоқал баққан торышадан,
Кейин қалып қояр ма,
Айда-айда, Қобланлы,

Шүў-шүўлесе де жүрмейди,
Урса қамшы билмейди,
Аспанға қарап еснейди,
Гүлдир-гүлдир киснейди,
Сөйлерине тили жоқ,
Оқыранып болып еңрейди.
Мысал етип торыша ат,
Қобланға қарап не дейди,
Имла менен сөйлейди:
—«Буннан басым бурасаң,
Ашытып қамшы урасаң,
Ҳәм атамсаң, әкемсең,
Сабыр әйле, мәрт Қоблан,
Сабыр әйлесең, раҳмет бар,
Бий сабырға нәлет бар,
Айлымды шеш, қуўнайын,
Еримди алшы, аўнайын,
Жүўенимди алшы, аға жан,
Ара, жуўсан шайнайын.
Мынаў турған шәҳәрге,
Бир тәўекел етейин.
Өтсем, өтип қалғаным,
Өте алмастай күн болса,
Сизлер менен бизлерди,
Қара жер тартқай қудайым.
Ат-басына күн туўса,
Суўлығы менен суў ишер,
Ер басына күн туўса,
Етиги менен суў кешер,
Жалғыз ерге күн туўса,
Басынан кетпес дәрдесер,
Жылай-жылай үни өшер,
Жекке шыққан үйириңнен,
Басыңа күнлер туўғанда,

Қолың кетпес бүйриңнен», —
Деп ат зибаны байланды,
Айылын шешти, қуўнады,
Алды ерин, аўнады,
Жүўенин алды торыша аттың,
Арадан жуўсан шайнады,
Қайтадан ерди салады,
Жуптан айыл шалады,
Жарақларын мәрт Қоблан,
Ат үстине бәнт қылып,
Ат үстине минеди,
Шүў деп қамшы салады.
Қырқ жигити Қобланның,
Тамашаға бир қарап,
Тамаша қылып турады.
Бир мәртебеде урады,
Тәўекел етпей жәниўар,
Жаратқанға жылады,
Және мәртлер урғанда,
Расули деп турады,
Үш мәртебе урғанда,
Пирим Шәҳимардан деп,
Сонда Қоблан жылады.
Төрт мәртебе урғанда,
Имамлар деп жылады,
Бес мәртебе урғанда,
Шилтерлер деп аҳ урды.
Алты рет урғанда,
Жылқышы ата пирим, деп,
Оқыранып жылады.
Селлер болып көз жасы,
Қабыл болып тобасы,
Таяр болып келипти,
—Тарыға көрме балам,—деп

Қызыр Ильяс бабасы.
Ат танапқа қол салды,
Қырқ шилтер ғайып еренлер,
Қос қанаттан көтерип,
Зәңғиден алла салады,
Пирден мәдет болған соң,
Мәртлер минген торыша ат.
Бурыла берип қарғыды,
Қайрыла берип ырғыды,
Атқан оқтай қаңғыды,
Ат қуйрығын түйдирмей,
Мәрт еңбегин күйдирмей,
Төрт аяғын торыша ат,
Қарғалыққа тийдирмей,
Ушып барып жаныўар,
Қызыл қумның үстине,
Қуўдай сыңсып қонады,
Қырқ жигиттиң атлары,
Ҳақ деп бул да ырғыды,
Я қалаға жете алмай,
Я кейнине кете алмай,
Себил қалғыр қаланың,
Қәндегине қырқ жигит,
Бәри теңдей жығылды,
Қырқ жигити Қобланның,
Бир мәсләҳәт қылады:
— Биреў атып сала ма,
Я лабыр таслап қыра ма,
Алла деп шаўқым салайық,
Қоблан жүрсе не ерде,
Тусында жүрип қырқ жигит,
— Мынаў орды жағалап,
Биз де алла салайық,—
Деп мәсләҳәт қылады.

Замана муқам дөндирди.
Пырағы оттай сөндирди,
Мәрт келди деген хабарын,
Мынаў турған душпанлар,
Әлле қайдан алыпты.
Қалмақлар жәм болыпты,
Аппақ шатыр, ақ шатыр,
Қалмақ деген толып атыр,
Есабы жоқ қалмақлар,
Қаладан гүўлеп киятыр,
Нешше бир палўан киятыр,
Қолларында ай балтасы,
Не бир палўан жүрипти,
Мойнында темир алқасы,
Не бир палўан киятыр.
Доңыздың жақ терисинен,
Исленген бар қалқасы,
Ғашыр минген нешшеси,
Атлы душпан қырқ мыңы,
Арқадан минген қырқ мыңы,
Есабы жоқ көп душпан,
Қаладан гүўлеп келеди,
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Түнде тийсем қалмаққа,
Нәмәрттиң иси болар деп,
Өзиң сақла суҳбан деп,
Пирим Шәҳимардан деп,
Бир қудаға сыйынып,
Сол шәшмениң басына,
Батыр Қоблан қонады.
Буннан кейин сол күни мийман болып, азан менен турып атын зәртең-зәбертең
ертлеп алды, «көп қорқытады, терең батырады», — деген, жанынан қорқып,
ийманын айтып, қазаға ыразы, бәлеге сабыр қылып Қоблан отырды.

Ашрыў дүпен атылды, ләшкерлер Қобланның үстине қарап, қаладан шығып
шубырды. Ат тозаңынан шаң шыққан күни күн тутылып, қараңғы зимистан болды,
Қоблан жатқан шәшмениң сыртынан қалмақлар алпыс қабат қурсап турды.
Мәсләҳәт етти «Бул келген баланы услап алайық, Көбикли патшаға базарлық
қылайық, таяқ урмай, жара салмай, баланы услап алайық», деп кеңести. Батыры
алдында турып, нәмәрти қашпаға таяр болып, Қобланның үстине жүрис қылды. Әне
көптиң айбатынан қорқып, Қоблан бир сөз айтты:
— Ат мойнына таққан тилладан тумар,
Болмағайман душпанларға қоры-зар,
Жалғыз едим, мәдет бергил, сыйындым,
Жоқтан бизди бар әйлеген бириўбар.
Бәршени халық етип жаратқан алла,
Душпанларға қыла гөрме муптала,
Жалғыз едим қуўат бергил, сыйындым,
Алланың ҳәбибий расулы алла.
Атың Қызыр Ильяс жәҳәнге белли,
Жалғыз өлсем паяны жоқ мәнзили,
Жалғыз едим, мен сыйындым сизлерге,
Мәдет бергил бизге Ибраҳим Қалийли.
Ат сүринген бәлент таўда қыя тас,
Бизге дәркар болды қайтпас қарындас,
Жалғыз едим, мәдет бергил, сыйындым.
Шөллердиң ийеси Қызыр Ильяс.
Сергиздан етпей бизлерди душпан,
Бул душпаннан қутыларым көп гүман,
Разы бол бизлер дейин жалғызға,
Жылап қалған еки бирдей ата-анам.
Қалып едиң бизге жылап интизар,

Туўысқансаң, сеннен бөтен кимим бар,
Енди қайтып көрмеклигим бийгүман,
Разы бол туўысқаным Қансулыў.
Жылап турды мөҳмин елдиң баласы,
Рәҳим етип сонда қәдир алласы,
Сонша жылап турған ўақта Қоблан ер,
Таяр болды Қызыр Ильяс бабасы.
Буннан кейин батыр ер,
Ат қуйрығын түйеди,
Бадана көзди кийеди,
Душпанлар көп, мәрт жекке,
Жекке басы тәнҳа өзи,
Бир қудаға сыйынып,
Қалмақларға тийеди,
Алдым бийик, артым жар,
Айланбаққа жерим тар,
Жығылар болсам бириўбар,
Он еки имам, төрт шәрьяр,
Халқым болғай хабардар,
Ай жағынан келеди,
Айланып шаўқым салады,
Күн жағынан келеди,
Гүңиренип алла салады,
Тақты жайға гиристи,
Алла оңғарғай бул исти,
Тар көшениң үстинде,
Тартты силтеп қылышты,
Таймай салды урысты,
Болды урыс майданда,
Мәртлер минген гүреңди,
Тайынбай салды сүренди.
Болды урыс тамаша,

Астындағы торыша,
Батыр кескен геллеге,
Ара-тура сүринди.
Болды урыс майданда.
Ат мойнына тумар тақты,
Үсти-үстине дабыл қақты.
Қанлар деген сарлап ақты,
Қайтпай батыр қылыш шапты
Душпан деген қырғын тапты.
Урыс болды песин ўақта,
Болды урыс майданда.
Сыйынған пири еди,
Күни менен урыс қылады,
Түни менен мәрт Қоблан,
Ол майданға қонады,
Әне билек, әне күш,
Әне ғайрат, әне ис,
Гәҳи қалада, гә далада,
Салды мәртлер бир урыс.
Оң қолында жарқырап,
Испиҳан семсер бир қылыш,
Қоңыраў яңлы шылдырады,
Алла деген ол даўыс,
Қоблан қашып, душпан қуўды,
Душпан қашса, Қоблан қуўды,
Душпанларға күнлер туўды,
Дүйит-дүйитлесип ат салды,
Мысал ақыр заман болды,
Қутылмағы гүман болды,
Топалаңнан жаман болды,
Болды урыс майданда.
Мен-мен деген көп болды,
Қол көтерген сап болды,
Көргенлерге қәўип болды,

Көрмегенге лап болды.
Көрген ҳайран қалады,
Ишиндеги ирисин,
Аўзы қанлы бөрисин,
Үштен биринен көбисин,
Қалмаңтың үлкен төресин,
Сары таўдың даласын,
Қызыл қанға бояды,
Болды урыс майданда,
Алла деп сүрен салады.
Орды айланып қырқ жигит,
Бул да алла салады,
Батыр кескен геллени,
Жекке-жарым душпанды,
Бул да гелле қылады.
От ғана таслап урады,
Жалғыз мәрттиң алласы,
Сан мың қолдай болады.
Ада болмас душпанлар,
Бири өлсе, мыңы бар,
Қобланды келип қоршады,
Гәҳи қашып, гә қуўып,
Белли сүргин салады,
Алдын қырдым дегенде,
Арты гүўлеп барады,
Артын қырдым дегенде,
Алды ғаўлап барады.
Биреўи өлсе душпанның,
Оны таяр болады,
Жети күнлер толғанда
Тайма-тайма ләшкер деп,
Қалмақ басқы болады.
Кейнинен ат салады,
Жеткен жерде қалмақты,

Гелле қылып барады.
Қашып сонда қалмақлар,
Патшасы жатқан қалаға,
Қыйқыў салып қамалды,
Душпанлар басқы болғанда,
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Дәрўазаның алдында,
Ақ найзаға сүйенип,
Үсти-басы қан болып,
— Және бар ма қалмақ?—деп,
-Қәне келсин булар,—деп,
Дөгерекке қарады,
Жаңа қолым қызықты,
Жаңа тәним қызыпты,
Тезирек шыққыл, қалмақ! деп,
Турды Қоблан айқурып.
Батырдың ети суўыды, батырдың қайғысы көп болды, ол қайғының мәниси—баяғы
ерип келген қырқ жигитте ҳеш бир дерек жоқ. Өликпе-өлик қыдырды, ҳеш бир
хабар жоқ. Орды айланып та қыдырып киятыр, ҳеш бириниң нышаны жоқ,
дәрўазаның аўзына келип гүңгираның үстине минип даўыслады. Қырқ жигитлер ҳәм
баяғы ордан шығып, сес берди.
Анда Қоблан:—Маңлайыңыз қара, нетип жүрсизлер?—деди.
Анда қырқ жигитлер: — Есирме, қыпшақ, — деди. — Сен ат шаптың, бизлер ҳәм ат
шаўып едик, сен атыңды ырғытқанда биз ҳәм ырғытып едик, сен бүйерде жүргенде,
биз сениң аржағыңда жүрип едик. Периниң аты шаўқымшыл есер болады екен.
Қалаға өзин атты, қанат байлады, ушты. Сениң аржағыңа түсти. Көзи қапылды.
Қуда урды ма, қаланың қәндегине келип турды. Оның менен де бос жүргенимиз
жоқ, кимин урып алдық, кимин шаншып алдық, кимин тартып алдық. Қаланың
қәндегин биз өликке толтырдық. Мийнетти биз, рәҳәтти сен көрдиң.
Анда Қоблан айтты:—Ғамгүн болма қырқ жигит, сақлап қойған қалам бар. — деди.
Қырқ жигит жатқан шүңгилге арқан салды, қуйыдан шекер тартқандайын,
бары-жоғын шығарып алып атыр. Қалмақлар нәҳән мунарға шығып қарап турды.
— Қорамсақтың қырқ мыңы жер үстинен, қырқ мыңы жер астынан киятыр

екен,—деп, қалмақлар гүўлеп жылап турыпты. Қырқ жигитти атларына миндирип,
қылышларын қолына берип, әўели өли шаптырды. Жаны шала жансар жатқанларды
шаптырды. Қырқ жигиттиң қолы қызып, «Қайда Қоблан қалаң, басла» деди.
Көбикли жатқан қалаға апарып жиберди. Қоладан дүзеткен қалаға балта урды.
Қопарылмай турды. Қобланның ҳәм қәҳәри келип аттан жерге түсип, дәрўазасын
қопарып алып, аспанға зыңғытып жиберди. Батырға шарапат, сыпайыға сиясат,
алымға ишарат, — деген қырқ жигитине қарап Қобланның қошемет айтып турғаны:
- Бағдың гүли жайнады,
Муныңдай дәўран қайдады,
Өлтирсең пайда қырқ жигит,
Өлсең шейит болады,
Ҳәр қайсыңызға айдын,
Сегиз булақ келеди.
Анда турып қырқ жигит,
Марапатқа шыдамай,
— Алла-алла, алла!—деп,—
Исми болғай алла,—деп,
Қырқ жигит сонда ат салды,
Исимди өзиң оңла деп,
Төрти тийди бир жақтан,
Беси тийди бир жақтан,
Оны тийди ҳәр жақтан,
Қайтпа батыр, қайтпа деп,
Қоблан атлы бул батыр,
Саза жиберди қубла беттен,
Тайынбайды қырқ жигит,
Белли урыс қылады,
Ханның алған азадасы,
Күн көрмеген шаҳзадасы,
Жер баспаған бегзадасы,
Тар кемедей қылтылдап,
Геўишлери сылтылдап,
Латманат деп зар жылап,

Көше менен қашып барады.
Қызыл туўын қыйратты,
Жасыл туўын жайнатты,
Ортада бедеў ойнатты,
Сан мың қулдан аўла болды,
Қырқ жигиттиң айбаты,
Тайынбай урыс қылыпты,
Мына мөҳмин зүрияты.
Бөри тийген қой киби,
Бир шетинен сулатты,
Бул не деген тәжжал деп,
Сонда қалмақ жылапты,
Қырқ жигит қыял ойлайды,
Қайда екен патшасы,
Бул қаланың олжасы,
Арт бетине қырқ жигит,
Нәзер таслап қарапты.
Керегеси гертпе алтын,
Уўығы бар сап гүмис.
Шаңырағы дәнданнан,
Ҳәр үзигин орданың,
Ақполаттан жаптырған.
Туўырлығын орданың,
Ақ темирден туттырған,
Үш тоқсан баслы боз орда,
Байдақланып көринген.
— Мында екен патшасы,
Қалмақлардың дүньясы,—деп,
Ат салады қырқ жигит,
Ат ойнатып барады.
Барып қоршап алады.
Ақ найзаның ушы менен,
Ақ үзикти көтерип,
Мынаў үйге қарады.

Үйге үңилип қараса,
Жаў-жарағы сайланған,
Табриздиң тасына,
Ала аты байланған,
Алтмыш батман амуўды,
Сексен батман шүй темир,
Тоқсан батман сом темир,
Алтмыш батман герданды,
Ол басына дастанған,
Үйдиң иши кең болған,
Кереге менен тең болған,
Көп арқардың териси,
Липасы менен тең болған.
Үлкенлигин муннан бил,
Жеңиниң ушы кең болған.
Атасы екен заңғардың,
Мурты узын Буўрахан,
Буўраханның перзенти,
Азыўлыдай енеғар,
Көбиклидей бәтшағар,
Тостағандай толы көз,
Аўдарылып қарады.
Көзин ашқан ўақытта,
Булт көшкендей болады,
Секирип жайдан турады,
Ала атына минеди,
Ийнине силкип салады,
Амуўын қолға алады,
Қырқ жигитке сөйледи:
— Ғәриплер, болдым бийқарар,
Бизлерге болдың дуўшакер,
Арт бетинде уллы шәҳәр.
Сол шәҳәрди берип ем,
Бул қаламда, қәнекей,

Неңиз бар еди, енеғар,
Тура-турың, бәтшағар,
Минген бедеў желип ем,
Арт бетимде уллы шәҳәрим.
Сол шәҳәримди берип ем,
Мийман деп сыйлап жүрип ем,
Турҳа-турғыл заңғар!—деп,
Кейнине ат салады.
Онда турып қырқ жигит,
—Арқадан самал енди,—деп,Ақыр заман күнди, — деп,Қоблан қайда қалды,—деп,Бизге таяр болды,—деп,
Иркилмейди қырқ жигит,
Ўай-ўайлап қашып барады.
Кейнинен дәўлер қалмады,
Анда Қоблан сөйледи:
— Ҳәмирсиз тикен кирмейди,
Әжелсиз бенде өлмейди,
Тәўекел алла етейик,
Қорықпа султан тур!—дейди.—
Алладан әйлеген үмит:
Қорықпай турың қырқ жигит!—
Тыңламады қырқ жигит,
Онда Қоблан налыды,—
Атадан жаратсаң беслерди жарат,
Ялғызды жаратпа, тасларды жарат,
Атасы алтаў туўғаның,
Аты жолда қалар ма,
Төрени қолдан берер ме,
Қырқ жигиттиң ишинде,
Емшеклесим ғамхорым,
Туўысқаным бар болса,
Бизлер киби жалғыз ер,

Ортада бозлап қалар ма,
Бурынғыдан қалған сөз,
Ийт ебейден қорқады,
Ебей ийттен қорқады,
Қалмақ үйген саркопқа,
Торы тайын тартады.
Секирип минди торы атқа,
Мәртлер миндн ғайратқа,
Көбикли менен мәрт Қоблан,
Еки бирдей сол палўан,
Азыўдың аўыр шәҳәринде,
Қарсыласып барады.
Ол ўақыттың баҳадырлары әўели жол болсын сорасып, соннан соң ғайрат қылысар
еди. Жасы уллы Көбикли, Қоблан балаға қарап бир сөз айтты:
Мәрт Кобланды көреди,
Ғарқылдап кеп күледи,
Күле сөйлей береди:
— Ашылған бағдың гүлисең,
Қай шәменниң бүлбилисең,
Қайсы байдың улысаң,
Қай тәңирдиң қулысаң?
Атыңды айт та нәслиңди айт,
Кимниң улы боласаң,
Атың кимлер боларсаң?
Анда Қоблан сөйлейди:
—Ашық оты лалазар,
Алладан басқа кимим бар,
Ат сорасып биз бенен,
Жол сорасып биз бенен,
Қызлар берип, қыз алған
Қудамбедиң енеғар?!
Ашылған бағдың гүлимен,

Мен шәменниң бүлбилимен,
Нурдың қара таўында,
Қозы гүзар, қой гүзар,
Жылан өткен таўында,
Шақан улы Ақшахан,
Ақшаханның халқында,
Сақалы буўрыл болғанда;
Үни тарғыл болғанда,
Әўлийе қоймай тилеген,
Масайық қоймай түнеген,
Қорасанға қой айтып,
Әўлийеге ат айтып,
Түйедей шөккен көк тасқа,
Қуўсырыққа түнеген,
Түнегенге ҳақ берген,
Қыдырбайдай байлардың,
Бир жаратқан алладан,
Тилеп алған улыман,
Сизлер киби душпаннан,
Әжелим жетсе өлмекпен,
Дин қылышын қалмаққа,
Қалмақты динге салмаққа,
Ат ойнатып келгенмен.
Мениң атым сорасаң,
Сендей киби душпанға,
Тәжжал Қоблан боларман!
Анда турып Көбикли,
Мыйығын тартып күледи,
Қобланға тағы сөйлейди:
—Садағаң сениң кетейин,
Қалмақ қурысын, нетейин,
Ҳәўес асым, боз қозым,
Ноғайлы елдиң мийўасы,
Саў-саламат бармысаң,

Бир көрегим етейин,
Минген бедеў желип ем,
Мен барайын дегенде,
Астрахан атлы теңизден,
Мен өте алмай жүрип ем,
Әжел айдап келдиң бе,
Мийнет айдап келдиң бе?!—
Алтмыш батман амуўды,
Көтерип қолға алады,
Ийинине силкип салады.
Өлер жериң усы деп,
Тас төбеңниң тусы деп,
Көк желкеңниң үсти деп,
Ҳаўалатты амуўды,
Батыр қалқан тутады,
—Әўели қуда, Кәмбил пир,
Пирим, — деди, — жылады.
Амуў келип шық етти,
Ат басындай сом журек,
Сарайында туўлады.
Амуўды жулып қолға алды,
Тартып алып жерге урды.
Дәўге қарап умтылды:
—Атаңа нәлет, қул! — деди,
Сен де динге ен — деди, —
Таныдың ба сен — деди, —
Танытайын мен — деди.
Алаңғасар әлип дәўди,
Бөке дәўдей батырды,
Жер менен жексен еткенмен.
Мингенмен аттың белине,
Алла дейип ат шапсам,
Ким шыдайды демиме,
Тез мусырман бол! — деди, —

Ийман келтир қызыл бас,
Мен — мендурман, мендурман,
Менменликке бел қойған,
Бәлки қара ердурман,
Өзим деген адамға,
Түўесилмес кәндурман,
Достың отын сөндирмеймен,
Душпан отын жандырмайман,
Менменлик етсең, оңдырмайман,
Менменлик еткен душпанның,
Төбесине қойылған,
Тоқсан батман шүй темир,
Шойын амуў мендурман,
Танытайын мен, — деди, —
Қандарың Қоблан мен, —деди
Анда турып Көбикли,
Қандарың деген ўақытта,
Ғарқылдап тағы күледи,
Күле турып сөйледи:
—Ат сүринбес тас, — деди,—
Ағыздың көзден жас, —деди,—
Жаңағы айтқан сөзиң бар,
Жәннет деген сөзиң бар,
Атаңа нәлет қыпшақлы,
Муштайында булардың,
Айтқан сөзи салмақлы,
Алайын сениң жаныңды,
Ишейин суўдай қаныңды,
Қудапараз сен едиң,
Ким айтар екен ийманыңды:
Анда Қоблан сөйледи:
—Атаңа нәлет, қул, — деди,Ладан болсаң сен, — деди, —
Қас батырдың белгиси,

Келгенниң жолын сораса,
Гезек пенен алысар,
Күши жетсе, өлтирер,
Мийнет болса, көндирер,
Сендей мәртке миясар,
Келгенде таяқ урмақлық,
От басында отырып,
Урысқан ол қатынның,
Иси емес пе, геллеғар,
Ердиң исин қыл, — деди, —
Ладан болдың, сен, — деди,
Ат үстинен келеди,
Мынаў турған Көбикли,
Атадан жалғыз Қобланға,
Бүркиттей пәнже салады,
Қоблан алды жағадан,
Дәўлер тутты жағадан,
Азыўдың аўыр шәҳәринде,
Есабы жоқ көп қалмақ,
Тамашаға қарады.
Алысады ортада,
Еки бирдей сол палўан.
Ыңыранып гүрес салады,
Көбикли менен мәрт Қоблан,
Текедейин тирести,
Айғырдайын шайнасты,
Қораз киби жулысты,
Қошқар киби дүгисти,
Тынбай еки палўанлар,
Бир ярым күн алысты,
Мурады ҳасыл болмады,
Қалмақ ҳайран қалыпты.
Алла деген сестине,
Келген екен Көбикли,

Қобланлының қасына,
Ҳайран қалды қалмақлар.
Еки мәрттиң исине.
Еки бирдей қаназат,
Шыдамады, дедилер,
Көбикли менен мәрт Қоблан,
Еки дәўдиң күшинен,
Дизеден қумға киреди.
Аттан жерге түседи,
Қоблан алып жағадан,
Дәўлер алып жағадан,
Анда турып Көбикли,
Ыңыранып жанбас урады,
Қозғалмайды Қобланлы.
Қоблан жанбас салады,
Түрли ҳәмел қылмақлық,
Бурынғы бир жол болып,
Палўанлардан қалады,
Жығыса алмай турады,
Еки ярым күн болғанда,
Дәўдиң қолы қызықты,
Қызықса иси бузықты,
Нар буўрадай ыңыранып,
Жарылған муздай гүңиренип
Мойнынан ашырым алады.
Сырттан жанбас урады,
Қара талдай қайысып,
Бақайы ҳәм майысып,
Басы жерге тийгенде,
Жығылар жерин гөзледи,
Зордан өзин алады.
Атадан жалғыз Қобланды,
Баспалатып барады,
Жуп жағадан алады,

Иштен шалмақ болады,
Қара талдай қайысып,
Бақайы да майысып,
Басы жерге тийгенде,
Зордан өзин алады.
Атадан жалғыз баланы,
Баспалатып барады,
Белинен тарақ алғанда,
Дәўлер зорлық қылғанда,
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Кәмбил пир деп жылады,
Бабам Қызыр Ильяс деп
Бала турды шырылдап,
Селлер болды көз жасы
Қабыл екен тобасы,
Ҳәзир болып келипти
Қызыр Ильяс бабасы.
—Тарыға көрме Султан, деп, —
Жалғыз балам Қоблан, деп, —
—Келдиң бе жаным пирим,- деп,
Сонда Қоблан жылады,
Атаңа нәлет мына дәў,
Келген пирди көреди.
Пирге қарап сөйледи!
— Бир гүл едим, ашылмадым дағы сол,
Мөҳминлерге шубҳа дейди дурыс жол,
Себеп неге мусылманға бурасаң,
Пирлер болсаң, еккимизге бирдей бол.
Кимселердиң шөлде болар паяны,
Дәрўиш болған бәне билмес дуньяны,
Себеп недур мусылманға бурасаң,
Ийман алып бермес сизге мусылман.

Қурықтан жиңишке далдай мойныма,
Ким шыдайды мендей дәўдиң ойнына,
Себеп недур мусылманға бурасаң,
Алалық әйлеме залым дийўана.
Алалық әйлесең залым дийўана,
Сендей пирдиң сәллең түсер мойныңа.
Алыстан көринген таўдың пәси емес,
Адам қарап қылған мәрттиң иси емес,
Пирлер болсаң еккимизге теңдей бол,
Ара турмақ сендей пирдиң иси емес,
Қызыр Ильяс бабасы,
Көзинен ғайып болады,
Екеўине тең турады.
Шәҳимардан бабасы,
Мөҳминликке бурады,
Еккиси шар болады,
Шәҳимардан бабасы,
Гүркиреген дәўлердиң,
Ол үстине салады.
Қолына қанжар алдырмай, Ҳақ деп қанжар урдырмай,
Астында жатқан Көбикли,
Атадан жалғыз Қобланның,
Белинен тарақ алады.
Аш буўрадай ыңыранып,
Дәўлер қыса қалады,
Дәўдиң қысқан билеги,
Искенжедей болады,
Баўыры оттай күйеди,
Ал мурнынан қызыл қан,
Қара жерге сийеди,

Әнардың ғана суўындай,
Қара тастың үстине,
Шырпылдап барып тийеди,
Мәрттиң минген торы аты,
Кәпир дәўдиң ала аты,
Соның менен торыша ат,
Шайнасып олар турады,
Дослығын ҳайўан биледи,
Дәўдиң минген ала атын
Шайнаўы менен өлтирди,
Жан-жағына қарады,
Көре алмады Қобланды,
-Айрылдым ба Қобланнан!—
Деп жаныўар жылады.
Ортаға өзин урады,
Көзлер таслап қарады,
Ақша жүзи албырап.
Тулымшағы салбырап,
Дәў қолында көринди,
Қоблан атлы жалғыздың,
Еки көзи жаўдырап,
Ҳаслы ҳайўан демесең,
Қасына келди зар әйлеп,
Ағасын жети айланды,
Ҳаўаға қарап еснеди,
Гүлдир гүлдир киснеди,
Оған қалмақ түспейди,
Жаздырыў ушын Қобланды,
Дым билмеген қалмақтың,
Он бармағын жаныўар,
Ғашыр-ғашыр тислейди.
Тасқа тийген темирдей,
Азыўы қайта береди.
Атаңа нәлет Көбикли,

Атадан жалғыз Қобланды,
Қатты қыса береди.
Қорасанның күши бар,
Ол полаттың ушы бар,
Жаздырғайман Қобланды,
Қос сәдделеп жаныўар,
Төбесине тебеди.
Тасқа тийген темирдей,
Дойнағы қайта береди,
Дин билмеген кәпир дәў,
Атадан жалғыз Қобланды,
Қатты қыса береди.
Жаздырмасын биледи,
Ағасын жети айланып,
Сизлер өлсең, биз ырза,
Бизлер өлсек, сен ырза,
Ырза болың, Қоблан, деп,
Қолтығына бас қойып,
Оқыранып бозлады.
Буннан кейин Қоблан тақаты болмай, торы аттың жылап жатқанына бир сөз айтты:
—Дәўдиң дәсти болды мениң паяным,
Қурбанлық әйлейин бир шийрин жаным,
Не себептен оқыранып сөйлейсең,
Тилиң болса, сөйлесеңе ҳайўаным.
Бузылмағай мениң енди муратым,
Душпаннан қайтпаған күшли ғайратым,
Не себептен оқыранып сөйлейсең,
Тилиң болса, сөйлесеңе торы атым.
Ат шомылған бул майданда қия тер,
Дәртим болды сенде жылап бес бетер,

Тилиң болса, сөйлей бергил жаныўар,
Я жабырайыл сол ҳайўанға зибан бер.
Ат салмаған бәлент таўдың гүли жоқ,
Ҳайўан аттың бул басында қайғы көп,
Жылай берди оқыранып торыша ат,
Жаныўардың сөйлерине тили жоқ.
Саўаш күни бедеў жалын тарады,
Ҳаслы ҳайўан не бир күнге жарады,
Қырқ жигиттен бир көмекши бар ма деп,
Жан-жағына нәзер таслап қарады.
Қалмақ шыққан ақ жасылдан туў алып,
Қалмақлардың үлкен туўы қозғалып,
Қырқ жигит майданға қашып жөнепти,
Төрти бир жерден, беси бир жерден ат салып.
Аға дерге жалғыз қостар жоғынан,
Жатыр Қоблан дәў қолында таўланып.
Көмекши жоғын ат билди,
Дәўлер ушын жаратқан,
Булыңғырдың таўыны,
Үммет ушын жаратқан,
Сейдимханның улы еди.
Қобланның қайын ағасы,
Қуртқаның жалғыз ағасы,
Батыр туўған Қараман.
Қарамандай арыслан,
Бүйерден оның шәҳәри,
Бир ярым айлық жол еди,
Үш күн жолға мәскан әйлеп,
Кетпеге қылды ықтыхат,

Қуртқа баққан торыша ат.
Буннан кейин, Қоблан қараса, аттың кетейин деп турғанын көрип, қырқ жигитлерге
бир жуўап айтты:
— Мөҳминмен, алладан әйледим үмит.
Бендем дегей халық әйлеген қүдирет,
Қостарсыз жалғызбан, айтар арзым бар,
Арзымды есит жан жолдасым қырқ жигит,
Ол« мениң үстимде еди айбатым,
Излеп келер жоқты улым, зүриятым,
Саған айтар нәсийҳатым қырқ жигит,
Жибермегил, услаң ҳайўан торы атым.
Айралықтың жәбири жаман өтпесин,
Биздей болып ҳеш ким мийнет шекпесин,
Жибермең, услаңлар ҳайўан төресин,
Ҳайўан жылап ели-халыққа кетпесин.
Сақалы буўрыл болғанда,
Үни тарғыл болғанда,
Атам еди Қыдырбай,
Басына қайғы салмасын,
Енем еди Бозкемпир,
Ол да ўайран болмасын.
Қарындасым Қансулыў,
Баўрына отлар салмасын,
Алған ярым Қуртқа жан,
Жүзине жара салмасын,
Қара шашын жаймасын.
Душпаным көрсин, қуўансын,
Достым көрсин, жыласын,
Өлгенимди халық билсин,

Тилегиң болсын қырқ жигит,
Бөктергиге байлаңлар,
Ақ гиреўке саўытым
Ер басына бәнт қылың,
Испихан семсер қылышым,
Хош тыңлаңлар жигитлер,
Тыңламады қырқ жигит,
Бермеди саўал бир жигит,
Қырқ жигиттен мәрт Қоблан,
Қайран жоғын биледи.
Ағасын ҳаққа тапсырып,
Өз қуйрығын өзине,
Қамшы қылып торыша ат,
Кийиктей мойнын бурады,
Жанына қысым қылады.
Қараманның халқына,
Сәҳәр ўақта жөнеди,
Қанатқа пәрман қылады,
Гәҳи таўда, гә шөлде,
Торы ат ойнап барады,
Үште мезгил жүреди,
Жете алмай барады,
Жай тасындай жайнады,
Суўлығын ғарш-ғарш шайнады
Ақ кийик пенен шабысып,
Сондай жәбир қылады.
Беште мезгил толғанда,
Уллы таўға минеди,
Нәзер көзин салады,
Шапқан бедеў сүринген,
Үш жүз орда жигитлер,
Енди қатар тигилген,
Беррегиректе қос орда,
Бузылыңқы сол орда,

Байдақланып көринген,
Ҳайўан қыял ойлады,
Караўсыннан қайғым көп,
Қайғылы басым нетейин,
Кимниң үйи болса да,
Бир майдан тоқтап иркилип,
Демимимди алып кетейин,
Қарамандай арысланның,
Жолын сорап өтейин.
Шаўып барды жәниўар,
Ақ орданың алдында,
Барып ол тоқтап турады,
Босағаға бас қойып,
Оқыранып жылады.
Вы прочитали 1 текст из Каракалпакский литературы.
Следующий - Қоблан - 07
  • Части
  • Қоблан - 01
    Общее количество слов 3757
    Общее количество уникальных слов составляет 1824
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 02
    Общее количество слов 3843
    Общее количество уникальных слов составляет 1848
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 03
    Общее количество слов 3860
    Общее количество уникальных слов составляет 1673
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 04
    Общее количество слов 3774
    Общее количество уникальных слов составляет 1844
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 05
    Общее количество слов 3820
    Общее количество уникальных слов составляет 1795
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 06
    Общее количество слов 3716
    Общее количество уникальных слов составляет 1804
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 07
    Общее количество слов 3685
    Общее количество уникальных слов составляет 1738
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 08
    Общее количество слов 3803
    Общее количество уникальных слов составляет 1823
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 09
    Общее количество слов 3772
    Общее количество уникальных слов составляет 1884
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 10
    Общее количество слов 3749
    Общее количество уникальных слов составляет 1812
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Қоблан - 11
    Общее количество слов 1747
    Общее количество уникальных слов составляет 1099
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов