Latin

Жақында қызық болады - 4

Общее количество слов 2454
Общее количество уникальных слов составляет 1286
0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
Пулдың кириси менен шығысының есабын умытқан бундай адамлар «неге зәрүр
болды» деп сорамайды. Лекин:
— Ҳәзир ол қурақым ақша жоқ ғой, — деди маған.
Мен үндемей бираз отырдым. Бундайда жөнсиз жалына бергеннен, изин күткен
абзал.
— Биреўде аласы бес жүз мыңым бар еди, — деди ол бир ўақытта.
— Бирақ, ҳәзирше таўып бере алмай тур. Бүгин тек жүз мыңын ғана әкелип берди.
— Тап соны берип тур аға! Мен сизге еки айдан кейин жигирма процент өсими
менен қайтып беремен. Қалған төрт жүз мыңды да әкелсе маған беребер, қуда қәлесе
өсими менен аласыз.
Ақсақал иштен пакетке салынған он пачка жүзликти әкелип берди.
— Ҳәзирше усыны алып тур. Ертеңниң арғы күни тағы жүз мың әкелиўи керек,
мойнына қойып жибердим.
Ертеңине Сәдиўақастың өзи тапсырған жүз мыңды басқа пакетке салып алып
бардым. Көзи жарқ ете қалды.
— Берекет тап жора. Күни ертең жүз мың апарыўым керек еди.
— Кеңседе бирге ислейтуғын жигиттиң инисинен зорға алдым, — дедим оған. —
Бир айдан кейин отыз процент өсими менен қайтып бересең. Соған қайыл болсаң —
бир-еки күннен тағы жүз мың таўып беремен, деди.

— Қайылман.
Сәдиўақас қуўана-қуўана жүз мынды алып қалды. Ертеңине ол сол ақшаны
сепситпестен қарыз ийесине алып барды. Оның ертеңине мен оннан алып кетип
Сәдиўақасқа қайтарып апарып бердим. Усылай етип жигирма күн ишинде жүз мың
сом ақша бес мәрте айланды. Мен сол дәслепки Сәдиўақастың жүз мыңын жигирма
процент пенен алып, өзине қайтарып отыз процент пенен сатып отырдым.
Нәтийжеде Сәдиўақас қарызынан қутылды, мен үстиндеги он проценттен елли мың
сом пайда көретуғын болдым. Лекин, енди ол абырайлы ақсақалдан мен қарыздар
болып қалған едим. Сәдиўақастың болса маған таўып бергендей шамасы жоқ.
— Жоражан, сол танысыңа айт, және бир ай мәўлетти созып турсын, — деп
жалынды ол.
— Илажы жоқ, — дедим оған. — Сен ушын араға түсемен деп отқа жанып қалдым.
— Енди қәйтемен? Болмаса сондай өсими менен қарыз беретуғын адам таўып бер.
Ырасын айтқанда мен дүзген «ойын» ның режесине муўапық усы гәп айтылыўы
керек еди. Таўып бердим. Ендиги ақшалар ол адамнан Сәдиўақасқа, Сәдиўақастан
маған, меннен баяғы абырайлы ақсақалға қолма-қол өтип турды. Бул иреттеги
өзимниң үлесимди бес процент етип ғана белгиледим. Себеби, әсте-ақырын енди
кейин шегиниўим керек еди. Солай етип, Сәдиўақас мендеги қарызынан, мен
ақсақалдағы қарызымнан қутылдым. Әдепки елли мың ҳәм кейинги жигирма бес
мың пайда енди нақма-нақ қалтама түсти.
Дүньяның изиңен көп қуўа бериўге болмайды. «Қәнәәтке-берекет» деген. Ойынның
түрин өзгертип турыў керек. Жетпис бес мыңнан кейин Сәдиўақасқа әсте жағдай
айттым да, ойыннан шықтым.
Жақында ол жайын ҳәм меншик машинасын сатыпты деп еситтим. Лекин, барғаным
жоқ. Тым-тырыс, еситпегендей жүре бердим. Себеби, суўға шүмип баратырған
адамға қол бериўге болмайды, тартып кетеди. Қала берди, ол шүмип баратырғанда
мен оның ийнине бир-еки гербиш қойып жибергенмен.

14. 10. 1997-жыл

Көрмейди
Министрге бурынлары «жеп қойды, ишип қойды, бақырды, сөкти, жумыстан
шығарды» дегенге усаған шағым арзалар көп келип түсетуғын еди. Лекин,
Турдыевтың үстинен жазылған кейинги арза пүткиллей басқаша болып шықты.
Ҳүрметли Министр! Директорымыз Турдыевтың көриў қәбилети соңғы ўақытлары
жүдә пәсейип кетти. Бул барыста биротала ләкет болып қалыўы мүмкин. Абынып
жығылмастан бурын оны жумыстан алыўыңызды сораймыз...
Арзаның изине алпыс адам қол қойған. Министр ҳайран болды. Турдыев жақында
ғана жыйналысқа келип кетип еди. Көзи қызарып я гиреў тартып турғанын көрген
жоқ. Демниң арасында не болыўы мүмкин.
Министр ертеңине Турдыевты алдына шақырып алды. Баяғы турысы. Көзинде ҳеш
нәрсе жоқ, жайнап-ақ тур. Сонда да тексерип көрген мақул.
— Мына қарарды оқып таныс, — деди оны алдына отырғызып. Соң оны көз
астынан бақлап отырды. Турдыев қарарды қол ушына услап турып-ақ көз жуўыртып
шықты. Әп-әнедей.
Министр арза ҳаққында ҳеш нәрсе айтпастан, жумысларын сорастырған болып
қайтарды. Түстен кейин көз емлеўханасында ислейтуғын хирург достын шақырып,
болдық жай жағдайды айтты.
— Көзинде көк суў жоқ па екен? — деп сорады досты оннан.
— Билмедим, сынаў ушын мына қағазды оқытып көрип едим, демде зуўлатып
шықты.
— Қанша аралықта оқыды?
— Қол ушында услап турып-ақ оқыды.

— Шығанағын бүкти ме, бүкпеди ме?
— Азғантай бүккендей болды.
— Онда ең кеминде ярым метр аралық бар ғой?
— Бар шығар.
— Түсиникли. Демек, ол жақыннан көрмейди дә, алыстан көретуғын болған.
— Оның басшылыққа не зыяны болыўы мүмкин?
— Болмай не қылады? Мәселен қараўындағы бир хызметкери қасына келип сәлем
берди дейик, Турдыев оның созып турған қолын көрмейди. Кейнинен ары келген,
жазған.
Министр қандай шешимге келерин билмей ақыры «жабыўлы қазанды» жабыўлы
түринде қалдырды. Арадан еки ай өтип еди, тағы Турдыевтың үстинен арза келди.
«Директорымыз Турдыевтың көриў қәбилети соңғы ўақытлары оғада пәсейип кетти.
Ҳәтте қапталынан өтип баратырған адамды көрмейди. Бахытсызлыққа дуўшар
болмай турып, жумыстан босатыўыңызды сораймыз».
Тағы сол жәмәәт. Алпыс адам қол қойған. Министрдиң ақылы лал. Турдыевты
шақырды. Қараса ҳештеңеси жоқ. Көзлери жайнап-ақ тур. Ямаса қапталындағыны
көрмейме екен? Арзада жазылыўы солай. Министр оған «Көзиңниң көриўи әззи
ме?» деп сораўға тартынды. Өтирик болса не жақсы! Соннан ырас болса маңлайына
урғандай болады. Дүньяда кемис адамға кемислигин айтқаннан жаманы жоқ.
Күтилмегенде айнаның алдынан бир қус пыр-р етип ушып өтти.
— Неўе жаңағы? — деди министр пайыттан пайдаланып.
— Кептер ғой.
— Қандай кептер?

— Ҳаўада ойнайтуғын-ақ кептер. Жақын жерден балалар ушырып турған болыўы
керек.
Ырасын айтсақ онын ақ кептер екенин министрдиң ози де абайлаған жоқ еди.
Турдыев оны көзиниң қыйығы менен-ақ қалай көрип қалғанына ҳайран қалды.
Түстен кейин ол хирург достына қоңыраў етти.
— Турдыев айнаға қайсы қапталы менен қарап отырып еди? — деп сорады хирург
министрден.
— Оң қапталы менен.
— Демек, шеп қапталындағы көзи дурыслы көрмейтуғын болыўы керек.
— Буның енди басшылыққа не зыяны бар?
— Неге зыяны жоқ? Мәселен Турдыев кабинетте жыйналыс ашып отыр дейик, ол оң
жағындағы адамларды мақтап хошаметлеп айтқан сөзлерин мақуллатып отырыўы
мүмкин. Буған шеп қапталында отырғанлардың ары келмейме? Келеди! Намысқа
шыдамай жазған.
Министр бул ретте де Турдыевтың көриў қәбилети ҳаққында белгили бир тоқтамға
келе алмай, тым-тырыс қойыўға мәжбүр болды.
Арадан үш ай өтти. Турдыевтың үстинен тағы арза.
«Директордын көриў қәбилети биротала пәсейип баратыр. Мурнының астындағыны
көрмейди. Сәл жерде жарға қулап кетпей турып жумыстан босатыўыңызды
сораймыз...»
Ҳәр түрли баҳана менен Турдыевты тағы алдына шақырып сынап көрди. Бәлеси
жоқ. Мурнының асты түўе ийегиниң астындағыны көреди.
Нәйлаж бул арзаны да бастырып қоя берди. Арадан бир ай өтип еди, тағы арза.

«Директорымыз биротала сыйпаланып қалды. Қолына услаған нәрсесин де
көрмейди».
Министр ақыры Турдыевтың мәкемесине барыўға мәжбүр болды. Барса Турдыев
ханнан қәперсиз, кесаға бир жапырақ лимон таслап, көк шайды нәшесине келтирип
ишип отыр.
Министрдиң ғәзеби келди. Адамларды жыйнатты.
— Ҳүрметли жәмәәт — деди ол жыйналғанларға қәҳәрли даўыс пенен — Өзлериңиз
билесиз, ҳәзир ҳәмме «ўақыт бул ақша» деген түсиникке өтти. Бир саат ўақытты
босқа жибериў — бул мәкемеге бир миллион зыян берген менен барабар. Лекин,
сизиң жәмәәтиңиз де кимлердур өтирик арза жазып, қымбатлы ўақытымызды алып
жүр...
— Өтирик емес, — деп шуў ете қалды усы ўақытта отырғанлар министрдиң гәпин
бөлип.
— Неге өтирик емес, көриў қәбилети пәсейип кетти деген директорыңыз мине,
алдыңызда отыр ғой, көзлери жайнап.
— Жайнаса жайнай берсин, көрмейди.
— Қалай көрмейди, көрип тур ғой.
— Яқ, көрмейди.
— Ҳаў қарап тур ғой.
— Көрмейди, жолдас министр!
— Түсинбедим. Тағы, бул арзаңыз азлық еткендей еки айдан кейин және
«қапталынан өткен адамды да көрмейди» деп жазыпсыз.
— Дурыс-дурыс. Дым көрмейди.
— Мурнының астындағыны да көрмей ме?

— Көретуғын болғанда айтамыз ба?
— Пүткиллей сыйпалап қалды, қол менен услағанын да көрмейди деп жаздыңыз
ғой.
— Көрмейтуғын болған соң жазбай не қыламыз.
— Яғәй! Буныңыз уят жолдаслар! Басшының үстинен бүйтип күле бериўге
болмайды.
— Биз күлип атырғанымыз жоқ. Директорымыз ырасында да көрмейтуғын болып
қалды.
Министр ҳайран болып турды. Усы ўақытлары ортадан жасы үлкенлеў биреў
тикейди.
— Министр иним, — деди ол асықпай гәп баслап. — Енди бир-биреўге жумбақ
айтқанды қояйық. Алпыс адам қол қойып жазған арзаға басшылық еткен мен едим.
Ырасында да директордың соңғы ўақытта көриўи пәсейип кетти. Анаў-анажақтан
тартып атыр, мынаў мына-жақтан тартып атыр, бул сирә көрмейди. Бир күни
Айтөреев деген мынаў отырған склад баслығы, үлкен бир жарма қапыны
директордың қапталынан алып өтип-ақ өзиниң машинасына салды. Турдыев соны
көрген жоқ. «Қапталынан өткен адамды көрмейди» дегенимиз сол еди. «Мурнының
астындағыны көрмейди» дегенимиздиң де мәниси бар. Мынаў отырған
кабинетимизди қараң, буннан бес-алты ай бурын усы жерге иран гилеми әкелип
төселинип еди, бир ҳәптеден кейин жоқ. Директорымыз буны да көрмеди. Мәкемеде
күнде усындай. Өзине айтсақ «ҳәссений мениң көрмегеним, көзим менен көрсем
оны көрер едим» дейди. Ырасында да көрмесе көрмей жүрген шығар деп, шоферин
урлық етип атырған жеринен услап алдына апардық. Турдыев бизлерди мысқыллап
күледи: өйтип жала жаппаң, шоферымның урлық етип атырғанын мен өз көзим
менен көргеним жоқпан деп қарап тур...
Адамлар жән-жақтан ғаўырласып кетти.
— Әнекей жолдас министр! Сондай ғой.

— Бул сирә көрмейди.
— Қапталындағыны да, мурнының астындағыны да көрмейди.
— Басқа, көзин ашыңқырап жүретуғын директор керек.
— Турдыевты алып кетиң.
Министр столды тықылдатып зорға иркип алды. Соң Турдыевтың өзине сөз берди.
— Адамлар дурыс айтып отыр, — деди ол. — Мен өз көзим менен көрмей жүрмен.
Халықта гәп бар, «усланбаған уры емес» деген. Егер өзим усыннан көреғойсам
«тышқан тесигин мың теңге» етер едим. Мәмлекет мүлкин талан-тараж ететуғын
адамларға бийпарўа қарай алмайман, жолдас министр!
Узақ даўам еткен мәжилис тарқады. Адамларға хошамет берилди. Директор
ескертиў алды. Жыйналыстан соң ескертиў алған директор министрдиң
машинасының алдынғы орынлығына отырып, мийманды үйине шайға алып кетти.
Министр шайдан күн қызарып батайын деп турғанда қайтты. Директор оның менен
сүйисип хошласып машинасына отырғызды. Усы ўақытлары машинаның артқы
багажы ашылып, төрт аяғы байланған ақ қошқар багажға дүрс ете қалды. Машын
қайқаң етип барып қайтарып орнына келди. Лекин, алдына қарап маңқыйып
отырған министр оны көрген жоқ. Көргенде оған жол қоймайтуғын еди.

Мен министр болмайман
Қалада туратуғын Қалжанбай деген жасы үлкенимиздиң жети қыздан кейин көрген
ул баласы бар. Аты Азамат. Әўлийеге ат айтып, Хорасанға қой айтып, кеттим
бардым да көрген жалғыз ул перзенти болған соң, ҳәмме ағайин-туўған есигин
ашыўдан сол баланы еркелетемиз.
— Қәне, Азамат, айтып жибер, үлкейген соң ким боласаң?
Азамат тегинликте үндейғоймайды. Кейин биримлеп сораймыз.

— Муғаллим боласаң ба?
— Яқ, — дейди ол бултыйып.
— Инженер боласаң ба?
— Яқ.
— Врач па?
— Яқ.
— Айтпақшы, поезд айдайтуғын шығарсаң?
— Айдамайман.
— Самолет па?
Буған да Азамат «яқ» деп жуўап береди. Ақыры, баласының кеўлиндегини таба
алмай атырғанға Қалжанбай аға шыдамайды.
— Мениң балам министр болады, — дейди ийнинен қағып.
— Солай ма?
— Аўа.
— Министрдиң үлкен жумыс екенин қайдан биледи бул? — деймиз ҳайран болып.
— Билмей не қылады? Жан қоңсымыз министр. Бул сыртта ойнап жүрип бәрин
көреди. Қоңсымыз жалтылдаған ақ «Волга» да келип түседи. Өзи де келисигин
келистирип жүретуғын жигит. Саратанның ыссысында да ийнинен костюм,
жағасынан галстук айрылмайды. Шоферы барып есигин ашпағанша ҳәргиз өзи
қыймылдамас. Үйинде күнде қонақ. Сыйыры туўса да артынып-тартынып қутлы
болсынға киятырғанлар. Айнасының бир көзи сынса үш-төрт адам жабылып келип
оңлайды. Ийти қурттай қаңсыласа ветеринарлық «тез жәрдем» тайын. Балаларының
аўзы басы батпақ жаққандай, шоколадқа былғанып жүреди. Соннан кейин бизиң

бала министр боламан демей не дейди.
Қалжанбай ағаның бул әнгимесин талай мәрте еситкенбиз. Лекин, жасы үлкен шад
болсын деп ҳәр қыдырып барғанда баяғы сораўды тәкирарлаймыз.
— Азамат, үлкейген соң ким боласаң?
— Министр боламан!
Кейинги ўақытлары жумыс аралап бир жылға дейин қол тиймей, жақында бардым.
Азамат тәўир-ақ есейейин депти. Келип сәлемлесип атыр, бурын билмейтуғын еди.
— Қәне, Азаматчик, — дедим оны еркелетип, — үлкейсең ким боласаң? Министр
боласаң ба?
— Яқ, — деди ол шарта.
— Ҳаў, неге? Түсинбей қалдын ба? Министр боласаң ба, деп атырман.
— Болмайман.
Мен аң-таң болып үйдегилерге қарадым. Олар «сорай бер» дегендей мыйықтан
күлисти.
— Онда инженер боласаң ба?
— Яқ.
— Врач па?
— Яқ.
— Поезд айдайсаң ба?
— Айдамайман.
— Самолет па?

— Яқ,
— Ҳаў, енди не?
Қалжанбай аға әдеттегидей, баласы ушын өзи жуўап берди.
— Мениң балам институтқа муғаллим болады.
— Солай ма? — дедим мен Азаматқа қарап. Ол мақуллап басын ийзеди.
— Есейип, ақылына енейин депти ғо. Министрде муғаллимниң тәрбиясынан
шығады ақыры.
— Ояғын ойлап атырған Азамат жоқ, — деди жасы үлкен күлип, — Оның бир
лийкини бар. Отыра бер, кейин айтып беремен.
Шай ҳалқас үстиңде баяғы мәселеге қайта оралдық.
— Азаматтың муғаллим боламан деп атырғанының лийкини былай. Хабарың бар,
быйыл Гүлнараны оқыўға киргиздим ғо. Баслап оқыўға үш күн қатнап еди, пахтаға
алды да кетти. Бурыннан соңғы үйден шығып көрмеген қыз, көнликсе болар еди,
деп анасы екеўимиз уўайымлап отырмыз. Айтқанындай арадан бес күн өтпей,
қызымыз кеште қоңыраў етип тур.
— Мени неге пахтадан алып қалмадыңыз? — дейди өкпелеп.
— Ҳаў, не деп алып қаламыз?
— Аўырыў деп.
— Қудай сақласын! Бес-алты күнлик пахта өтип кетер, қаяқтағы аўырыўды
шақырып...
— Онда басымызда болып атырған муғаллимнин үйине бир қой апарып таслаң.
— Неге?

— Сонда меннен норма сорамайды.
— Апарайық қарағым, әйтеўир сениң кеўлиң жай болса болар.
Қызымыздың оқыўға киргенине қоңсы-қобаға шашыў берейин деп байлап қойған
бир қойымыз бар еди, ертеңине машынға салып, Гүлнараның берген адреси
бойынша муғаллимниң қорасына апарып байладық.
— Муғаллим рахмет айтып атыр, — деди тағы бес күннен кейин қызымыз қоңыраў
етип.
— Апарып бергенимизди еситип пе?
— Күнде телефоннан сөйлесип тур ғо! Соннан бери норма сорағанды қойды.
Басқаларды трактордың свети менен тергизип атыр. Енди изимнен қашан келесиз?
— Ендиги ҳәпте барсақ болама?
— Болады.
— Қандай аўқат апарайық?
— Маған қандай аўқат болса да бола береди. Бирақ, муғаллимге бир түйетаўықты
пүтини менен писирип, қасына еки шийше «Наполеон» қосып алып келиң.
— Ҳаў, кеше қой бердик ғо.
— Ол-үйине, бул-пахтаға?
— Алла бәрекелла! Ушыраған екенбиз. Усыннан бармасақ қызымыз қапа болады.
Барайын десек келте жип гүрмеўге келмейди. Илаж жоқ. Азаматтың напақасып
өзине үш дөңгелек велосипед әперейин деп түйип қойған едик, табылмағаны қайым
болған екен, күнимизге жарады, бир түйе таўық болды. Жетпеген жағына кеңседен
қарыз алып, Гүлнараның изинен барып қайттық.
Басыңды аўыртып не қылайын, пахта тамам боламан дегенше ийттен бир сүйек
қарызлы болдық.

Оқыў басланды. Арадан он күн өтип еди, қызымыз тағы пул сорады. Жүз сом керек
екен.
— География муғаллимимиз китап шығарыпты. Соны сатып алыўымыз керек.
— Сабақлық па?
— Яқ.
— Онда не кереги бар?
— Керек болмаса да аламыз. Жақында зачет болады. «Қолыңызда бир-бирден китап
болмаса, аудиторияға кирмейсиз» — деди.
Илаж қанша? Жүз сом менен жарлы түсип қалмаспыз. Қызымыз қыйналмаса болар.
Арадан тағы бир ай өтти. Гүлнара бир күни кеште мирәтнама әкелип тур.
«Қымбатлы Қалжанбай ҳәм Зухра!
Сизди елиў жасқа толған торқалы тойыма мирәт етемен. Ҳүрмет пенен Қарлыбай».
Төменинде тойдың басланатуғын ўақты, мәкан жайы.
— Анасы, сен таныйсаң ба, Қарлыбай дегенди?
— Яқ.
— Мен де танымайман. Алжас болған шығар. Гүлнара, мына адамды биз танымадық
ғой?
— Бизиң әдебият муғаллим ғой.
— Ол бизлерди қаяқтан таныйды.
— Танымайды.
— Танымаса да тойға шақырған ба?
— Студентлердиң ҳәммесиниң ата-анасына жазып берди.

— Әне қалас! Атын таўып алыўға қараған екен дә? Кемпир, жүз сомынды таярлап
қоя бер!
— Аўа, жүдә сөйтип мени масқара қылажақсыз ба? — деди Гүлнара бултыйып.
— Неге масқара боласаң? Танымайтуғын адамға жүз сом пул апарсақ, жаманлығы
аўқатын жемей, нан аўыз тийип-ақ кетермиз-дә!
— Яғаў, муғаллимниң тәмеси үлкен «Елиўге күнде шыға беремиз бе, себеп пенен
миллий шапанлы болып қалайық, болмаса папақ я костюм-шалбар болса да бола
береди» — деп ҳәммеге айтып жиберди.
Енди буған не дерсең «Ҳәр кимниң минген таўы бийик болсын» — деп, түсимде
көрмеген Қарлыбайға миллий шапан тиктирип, той күни ийнине жаптым. Сирә «сен
кимсең?» деп атырған бир адам болсеш, нан аўыз тийдик те қайттық.
Күйгениңнен айтасаң-аў, баяғылары студент дегенниң степендиясы өзине жетип
шамаласар еди, быйылларғысы сирә мурт май болмайды екен. Айтыўға аты
кенепаттай пул, лекин, алмай атырып келте салығы таяр турады: имтихан пәлен сом,
зачет төлен сом, кураторға байрамда көйлек, ана муғаллимниң туўылған күни, мына
муғаллимниң әкесиниң өлген күни, мынағурлы сом китапқа, анағурлы сом бармаған
театрдың билетине, басыңды аўыртып не қылайын, биротала жамап кийип, жарма
ишиўге қарадық. "Илгерилери дым таппадық дегенде азанда сары май, Азаматқа
күнде бир шоколад пенен бир саққыз алып беретуғын едик. Олардың ҳәммеси
қалды. Оған бул ыңғырыўлайды.
— Пул жоқ, — деймиз ҳәммемиз.
— Неге жоқ?! — деп тепсинеди ол.
— Көрмей атырсаң ба, Гүлнараның муғаллимине берип атырмыз... Әне, Азаматтың
министр болмайман, муғаллим боламан деўиниң мәниси сонда...
Жақында мен Қалжанбай ағаның министр қонсысын институттың алдында
ушыратып қалдым. Бир досты менен сөйлесип тур екен.

— Әй, ҳәзир министрликте баяғыдай маза жоқ, — деп атыр қасындағыға. —
Тапқаның қонақ-қопсыдан аўыспайды. Жақында усы институттың тарийх
муғаллими инсулт болыпты дейди. Соның орнына өтип алсам ба деп келип турман.
Қәйдем ала ма, алмай ма, қардар көп деп еситип атырман...
«Ақыл жастан шығады» — деген усы, Қалжанбай ағаның қурттай баласы нениң
неден абзал екенин қашшан абайлаған екен.

4. 02. 1996-жыл
Вы прочитали 1 текст из Каракалпакский литературы.
  • Части
  • Жақында қызық болады - 1
    Общее количество слов 3738
    Общее количество уникальных слов составляет 1913
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Жақында қызық болады - 2
    Общее количество слов 3826
    Общее количество уникальных слов составляет 2078
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Жақында қызық болады - 3
    Общее количество слов 3847
    Общее количество уникальных слов составляет 2013
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
  • Жақында қызық болады - 4
    Общее количество слов 2454
    Общее количество уникальных слов составляет 1286
    0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
    0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
    Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов