LatinHärber sızık iñ yış oçrıy torgan 1000 süzlärneñ protsentnı kürsätä.
Халық - Қарақалпақ фольклоры - Ер Зийўар. Қурбанбек - 11
Süzlärneñ gomumi sanı 3708
Unikal süzlärneñ gomumi sanı 1856
0.0 süzlär 2000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.
0.0 süzlär 5000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.
0.0 süzlär 8000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.
Жас он беске келгенде,
Айдай болған камалым.
Сәҳәр ўақта «аҳ урып,
Күйдирдиң мениң орамалым,
Таўланасаң қойнымда,
Неге жоқдур қарарың?
Өз елиңде алғаның,
Ендиме сениң түсиңе?
Гүлдей болған бул басым,
Болдым ба енди мен тоқал?
Кеўилиңдеги айт әрманың?
Қурбанбектей султаным,
Ҳеш кимге болмасын мәлел?
Батыр бул сөзлерди есите отырып, тулпарын ертледи. Жети қабат саўытын кийип,
көк полатқа ғарық болды да, перийзаттан рухсат сорады:
—Арзым есит, қулақ салғыл, перийзат,
Күннен-күнге жамалыңыз қиямет,
Атам маған бир сөз айтты аманат,
Сапарым бар Барса Келмес қалаға,
Мойнымда сол аманат қалмасын,
Гүл жүзли ашығым, бериңиз рухсат,
Сапарым бар Барса келмес қалаға,
Қойма мени қыяметтиң отына,
Султан перийзат «Гәп бундай болса шүкиршилик екен. Атасының хызметине сапар
шегип баратырған жигитти иркиўге болмас», деп неше түрли тағамларды
ҳәбзаматта тайын етип, батырдың атына бөктерди. Тулпарға батыр мингенде Султан
қыз «Жигиттиң кеўилинде әрман болмасын, бойымдағы алты айлық-ҳәмилемди
жасырмайын», деп Қурбанбекке қарап бир сөз айтады:
—Саған қылдым ялғаншыда ықтықат,
Перзент етермиш ғош жигиттиң кеўлин шад,
Қайтып келсең саған әрман болмасын,
Бойымда бар алты айлық «аманат».
Он төртимде мен болдымғой баркамал.
Мурадымды тилеп қәдир-алладан,
Жамалымда суҳбет қылдың тоғыз ай,
Бойымда бар алты айлық «бир гүман».
Бул сөзди еситип, Қурбанбектиң ўақты хош болып, перийзатқа бир сөз айтып турған
жери:
—Мен кетермен Барса Келмес қалаға
Көрсем перзент бул ялғаншы дүньяда!!!
Мен келместен бурын болса перзентим,
Атын қойғайсаң оның Қурдиша,
Бийперзентлик ғош жигитке болар дәрт,
Бул сөзди еситип кеўлим болды шад,
Мен ырзаман сеннен бүгин, сәўдигим,
Атыны баламның қойғайсаң Қуршид.
Он төртимде болып едим баркамал,
Келмесин басыңа душпаннан заўал.
«Келмейди», деп қәўип қылмағыл, сәўдигим,
Таҳ көргенше, перийзатым, сен хош қал.
Қурбанбектей ғош жигит,
Бул гәплерди айтқанда,
Дәрьядай кеўли тасады,
Қуўана берип ер жигит,
Ҳәр таўдан да асады.
Атқа қамшы басады,
Астындағы тулпары,
Омыраўдан көбик шашады.
Ат шомылды терлерге,
Сыйынды кәмбил пирлерге,
Он алты күн жол жүрди,
Қурбанбектей батырың,
Ада болмас шөллерде.
Сәҳәр ўақта киятырса,
Қара жерлер тербенип.
Аспан-көклер қалтырап,
Қулақ питкендей даўыслар,
Шуўлап шықты ҳаўаға:
«Бизге паналық қылған,
Ел-халықты шад еткен,
Қурбанбектей ноғайым,
Қайда?» деген бир даўыс;
«Жете ғойсақ қалаға,
Тезирек мениң жаныма
Айда!», деген бир даўыс;
«Қасың болған Қәтиреңди,
Қүдиретиң келсе егерде,
Геўдеге дейин басыны,
Шайна!» деген бир даўыс;
«Келебер», деген бир даўыс...
Қурбанбек батыр даўысларға алағада болып, атын ойнатып келе берди. Таң атып,
күн шыққанда, өзин бир шәҳәрдиң алдында турғанын көрди.
Бул шәҳәрдиң аты Рат еди. Патшасы Ақшахан екен. Бир ўақытлары Бабахан
Қәтирен деген дәўдиң ағасын өлтирип, қолынан Гулшин деген перийзатын тартып
алған. Ол дүньядан өткен соң иниси Ақшахан хан болған. Қәтирен Ақшаханның хан
болғанлығын еситип, «Атадан жас қалып едим, ақылдан бос қалып едим. Сол
Ақшахан дегенди өлтирип, ағамның қанын алайын», деп қаласын қамал етипти. Көп
ўақыт қамалда болғанлықтан ел ашырқап отыр еди. Қалада сары жай я мылтық
болмай, оларды атыўды ҳеш ким билмес, сол себепли өзин-өзи қорғай алмай ел
бүлинип атыр еди. Неше жыллардан бери қоррандозларға қорра таслатып,
ноғайлының елинен киятырған палўанды көрип, оның жақын келгенлигини билип
халықтың кеўили шад болды. Бағанағы «Қайда?», «Шайна;!» «Келебер!» деген
даўыслар сол шадлықтың сүренлери еди.
Ғош жигит аўқат жеп, қоламсағына сексен оқты жай қылып турса, Ақшахан үстине
келип қалды. Қала сыртының бәри адам бойы от-шөп еди. Нур жүзли, қой көзли,
әреби атлы, Әлийдей саясатлы жигитти көрип, «Бизге паналыққа келген ер
болғайда», деп ишинен тилеп патша былай гәпледи:
— Бизиң шәҳәр «алла» дейип зар урар,
Дүнья болды мендей ханға енди тар,
Қайсы елден қайсы елге барасаң,
Шарўамысаң, кәрўанбысаң, бер хабар?
Басымнан кетип тур дәўлетли дәўран,
Шәҳәримизге бир дәў салып тур ўайран.
Атын айтсам ол залымның—Қәтирен,
Түс-турпатын көрсең ақылың ҳайран.
Талап қылып келди дүнья малымды,
Ойран қылды сыртта қалған елимди.
Суўсынына ишер сениң қаныңды,
Айтқыл балам, маған енди атыңды?
Тезирек қылғыл енди басың ғамыны,
Мен көрмедим сениңдейин лаланы,
Сендейлерге залым әрман салады,
Айттым сол залымның саған сырыны.
Буны еситип, қәҳәрленген Қурбанбек ханға қарап былай сөйледи:
— Елинен айрылған жалғыз сонаман,
Халық дәртинен күйип-писип жанаман,
«Қурбанбек» дейдилер мениң атымды,
Қайтар бала енди туўар анадан!
Жалғаншының соңын сорсаң—бийпаян
Саўаш күни ат жаўырынан ағар қан,
Қайғырмағыл сен жанымды, Ақшахан,
Зор қолында өлген мәртке не әрман?!
Абат қылсам ғәрип болған елиңди!
Азат қылсам қамал болған шәҳәрди!
Келетуғын жайын көрсет душпанның,
Бахтым келсе солдырарман гүлини!
***
Батырдың қаны қызып, саўаш қумары тутып тура берсин, ендиги сөзди Қәтирен
дәўден еситиң:
Төрт тәрепке оқ атып,
Алтын қалқанын басында,
Қазандайын ойнатып,
Қарағай найза өңгерип,
Қара таўдың ишинен,
Жабығыдай жалғыз бас,
Маңлайында жалғыз көз,
Жанында жоқ ҳеш жолдас,
Булыттай болып буйралап,
Даўысы ыңырап залымның,
Сынған муздай гүңиренип,
Қан сорыйтуғын жалмаўыз,
Аямас адам жаныны,
Талап қылып келеди,
Ақшахандай патшаның,
Ишпеге залым қаныны.
Сол ўақытта Қурбанбек жүрегин берик тутып, батырлық салтанатын дүзеп, «Жаўдан
айбынған нәмәртлик болар» деп, ат ойнатып, Қәтиренниң алдына қарсы жүрди.
Қәтирен, «Мениң баққан елиме келген қандай жаў екен?» деп ашыўы қелип аўзынан
от шашып Қурбанбек батырға қарап айтқаны:
—Алыстан көринер таўлардың тасы,
Қаст етсем ағады көзиниң жасы,
Маған бетлеп қәҳәрленип келесең,
Неғып жүрсең, ҳаслың кимдур, қарақшы?!
Қурбанбек аяғын тилла зәңгиге тиреп, қан ишер Қәтиренге қарап, мәртлигин
билдирип, бул гәплерди айтып турған жери екен:
— Ашықтың питеди «яр» дейип жаны,
Қаст етсем талаўлы сендейдиң малы,
Алшағырды зар жылатып өлтирген,
Қурбанбекпен, қандырыңман, ноғайлы.
Ат мойнына тақтым тилладан тумар,
Ат қойғанда зар еңирейди душпанлар,
Билсең душпаныңды аңла, Қәтирен,
Жекпе-жекке шық майданға, геллеғар!
Мен жүрермен бул жаҳанда жалғыз бас,
Ҳә демей-ақ көзлериңнен ағар жас,
Алыспақлық мендей мәртке зор мурат
Қорықпасаң шық майданға басма-бас!
Қәтирен, «Қурбанбекти батыр, ер деп еситетуғын едим. Бирден алыса кетсем,
меннен күшли болса, бүклеп астына урса, өлермен де қаларман, әрманлы болып
кетермен. Өзим болсам мерген едим, алысып астына түскеннен, атысқаным қолай
болар», деп қәҳәр-ғәзап пенен бир сөз айтып турған жери:
— Қәтирен болмай кетейин,
Басқа тапсам ноғайдан!
Гезекти бер де сен бала,
Туўры турғыл енеғар!
Сол гәплерди айтқан соң,
Залым, нәмәрт Қәтирен,
Қара түги тикейип,
Алты батпан Полаттай,
Жайға оқты салады.
«Қақ манлайың сол ма?», деп,
Қурбанбектей батырға
Таўлап тартып қалады.
Оқ келеди ҳарылдап,
Батыр минген әреби ат,
Батырға оқты тийгизбей,
Жер таянып жатады —
Оқ үстинен өтеди,
Залымның атқан бул оғы,
Қара тасты қақ бөлип,
Мәрўерт таста «түнеди».
Қайрыла берип Қәтирен,
«Әрманлы мен болдым», деп
Жайға оқты салады,
Шийрин жанды қыйнайды,
Сом жүректен ол залым,
Ыңыранып оқты байлады —
Мәрт мойынын бурады,
Әл-қалқан менен оғыны,
Қайырып сонда урады.
Қәтирендей залымың,
Тағы «әрманлы» болады.
«Әжелим жетип дүньяда,
Сум пайманам толмасын,
Жақсылап турып атайын,
Енди әрман болмасын»,
Деп керилип Қәтирен,
Қайтадан гирис тартады,—
Оқ үстинен өтеди.
Қайғыланды Қәтирен.
Басына күнлер туўады,
(Қашайын десе залымға
Намыс жаман, жигитлер!).
Қурбанбекке келди нәўбет.
Ҳаққа қылып ықтықат,
Алмас оқты алады,
Жай баўрына салады,
Байлап тартып қалады!!!
(Астындағы тулпары,
Ер күшине шыдамай,
Ыңырсынып туяқларын,
Төрт тәрепке таслады.
Қақ маңлайына тийгенде,
Маңлайынан тийген оқ,
Желкесинең парлады.
Қайтадан оқты салады.
Батыр туўған Қурбанбек,
Шийрин жанды қыйнады,
Керилип тартып қалады!
Жүрегине тийген оқ,
Жаўырынынан шығады.
Пайманасы толады,
Қәтирен тамам болады.
Сол мезгили алыстан,
Тозаң пайда болады.
Дәўдиң қырқ қыран бийлери,
Шуўлап атты қояды.
Қурбанбектей ғош жигит,
Сонда кирди ғайратқа,
Қолын салды полатқа,
«Алла» салды қалмаққа
Урыс болды аўыт-аўыт,
Жағасы алтын берик саўыт,
Сөтилди майдан ишинде;
Қырмызыдай қызыл қан,
Төгилди майдан ишинде;
Ақ саўыттың қыяғы,
Сөгилди майдан ишинде.
Аўыр дүбир болады.
Қырқ қыранын—қырқ жигитиң,
Бир шетинен қырады.
Көрмегендей қылады...
Қайтып келгенде Қурбанбек,
Ақшахандай патшаның,
Дәрўазасы ашылды,
Баҳадырдың үстине,
Дүрли маржан шашылды.
Бүлбил қонды гүлине,
Үш жылдан берли қамалған,
Шәҳәри Рат елине.
Ақшахан патша уўайым ишинде жатқан қара көз ярына ҳәм он сегиз мың аламды
тырнағының жүзинде көрген Ақылжан атлы қызына Қурбанбек батырдың
мәртлигин, көрсеткен ерлигин, елиниң абат болғанын айта баслады:
— Ҳаққа қылдым кеше-күндиз ықтықат,
Мискин болған халықтың болды кеўли шад,
Зар жылатып кести залымның басын,
Ноғайлы елинен келип бир жигит.
Күш-қуўаты тасқан, болған баркамал,
Айбатынан титирер жер менен аспан,
Зар жылатып кести залымның басын,
Бундай жигит ҳеш туўмайды анадан.
Қәтирен алмақшы болды жанымды,
Таламақшы болды дүнья-малымды
Зар жылатып кести залымның басын,
Миясар көрдим батырға Ақылжанымды...
Ақылжан сескенип орнынан турып:
— Әй, ата, малыны шашқан, журтынан қашқан, ақылсыз оныңдай ладанға қатын
үстине миясар ма еди мениңдей Ақылжан?!—деди.
Бул сөзден атасы көп қапа болды. Сонда Ақылжан:
—Қапа болма, жан ата. Қурбанбек батыр журтынан шығар ўақтында атасы «бар»,
деди, енеси «қал», деди. Қурбанбек, «Ата разы, алла», разы, деп тәўекел қылып,
тулпарын ойнатып шыққан мәҳәлинде, «Ҳақ дөреткен жигитке сени. Ақылжан,
миясар қылдым», деген бир даўыс қулағыма келди. Сол себептен Қурбанбек батыр
маған минәсип болады,—деп атасына қарап күле шырай қылды.
Ақшахан патша ўақты шандан хош болып, ардақлап, тойлар берип, Қурбанбектей ер
жигитке Ақылжан қызын неке қыйды. Буннан кейин Қурбанбек Ақылжан менен
айшы-әширетте болды.
Ақылжанның бир кәсиби: күндиз күни күлип ойнаса да, ақшамына сөйлемес еди.
Қурбанбек бир неше айлардан соң, «Бул ярыма хошемет сөзлер менен барсам,
рухсат етер ме екен? Яки ҳүким сөзлер менен сорасам зарар жеткизбестен рухсат
берер ме екен?» деп, ойлана-ойлана отырып, бирден, «Перийзатым, рухсат»,—деген
сөзди айтып қойды. Сонда Ақылжан айым:
— Әй султаным, қайда барарсаң?—деп күлди.
Анда Қурбанбек:
— Мақсым деген қарындасым бар еди. Узақ аўырыў болып оның кеселине Абыҳаят
булағы ем» деген соң соған сапар шегип баратыр едим. Рухсат берсеңиз екен,
перийзатым,—деди. Анда перийзат: «Қаншығыңа ол суў емес, «басқа бир нәрсениң
суўы» ем болыпты»,—деди.
Қурбанбек батыр қатты қәҳәри келип, қылышын қынабынан суўырды. Ақылжан
айым қолынан қылышын жулып алып, еки бүклеп сындырып, аспанға атты. Қылыш
көз ушынан ғайьш болып кетти. Ақылжан қәҳәри келип ишине
түйип-билгенлериниң барлығын айтып таслады:
— Сен адамзатсаң, мен перийзатпан. Жети жыл жер астында оқыдым, илимий
парайызды билермен. Аспанды жерге түсирип, жерди дигирмандай айналдыраман.
Тилсим атының гилти мениң қолымда. Егер инанбасаңыз мениң сөзимди тыңлап
турың. Сениң саўашларда қылған исиңди, шапқан жаўыңды, жалғанышыда еткен
исиңди тырнағымның жүзинен баян етейин:
—Сарҳаўыздың бойында,
Уйықлап жатқан ўағыңда,
Даўыс келди аспаннан,
«Шейирханнын елине,
Жалғыз атлан» деген,
Распеди, батырым?
Распеди, Қурбаным?
♦
Атаңнан рухсат алған соң,
Қарындасың, қатының,
Үшеў болып атландың,
Қалмақлының елине,
Усы қылған сапарың,
Распеди Қурбаным?
♦
Жарым жолға барғаyда,
Султан деген иниңиз,
Ол да қосылып сиз бенен,
Төртеў болып атландың.
Бардың қалмақ елине,
Ғаўға салдың шәҳәрине,
Султаныңа оқ тийип,
Қайтты иниң дүньядан.
Кекти сақлап кеўлиңе,
Миндиң аттың белине,
Қалмаққа атты қойған соң.
Неше күнлер урыстың.
Қалаға халқын қамадың,
Калмақ сениң алдыңда,
«Бағындым», деп бозлады.
Усы айтқан сөзлерим,
Распеди Қурбаным?
♦
Ғайыптан келип бир баба,
«Қайт елиңе дегени»
Распеди Қурбаным?
♦
«Бабада қәсийет бар», деп,
Қырқ түйеге қарамадың,
Сонда қалмақлар шуў етти —
Қырқ түйе зерди сен алдың.
Қайтарсын жолда тоқтадың,
Қатының менен қарындасыңа,
«Қараўылым болыңлар», деп
Өзиң уйқылап қалғаның
Распеди Қурбаным?
♦
Қарындасың ол шаян.
Қатыныңды таслап дәрбентке,
Өликлерди аралап,
Жети өликтиң астынан,
Таўып алды патшаны.
Ашық болып қалмаққа,
Қарындасың ол шаян,
Қылғанды ахдыў-паймана:
«Ағамның бул барында,
Сениңдейин яр менен
Сүре алмайман дәўранды».
Сонда қ а л м а қ сөйледи:
«Жылама арыў зары-зар,
Елиңизде бармеди,
Кесел болса қарайтуғын,
Молла менен ийшанлар?».
Анда М а қ с ы м сөйледи:
«Ел болған соң ол елден,
Ийшан-молла табылар,
Айтсаң бойма ханымыз,
Оның, қандай ҳийлеси?».
Сонда қ а л м а қ сөйледи,
«Айналайын Мақсым қыз,
Парахор болар мола-ийшан.
Бул кеткеннен кетсеңиз,
Елиңизге барғанда,
Молла менен ийшанға,
Көбирек пара берегөр,
«Абыхаят, Абызамзем
Абыпәлек суўлары,
«Ем болады», деп айттыр,
Ийшан менен моллалар,
Атаңды инандырар.
Атаң деген ол муңлы,
Ағаңа айтар «бар» дейип,
Үш булақтың суўына.
Атаңның сөзин сындырмай,
Ағаң кетер сол ўақта,
Айтқан Зулман журтына.
Ағаң сапарға кеткенде,
Еки жыл арадан өткенде,
Мен елиңе барарман,
Журтқанаңды аларман,
Сениңдейин қыз бенен,
Арқайын дәўран сүрермен».
Шейирханның сөзине.
Инанды қыз Мақсымжан,
Ўәдени солай қойысып,
Кейнине қайтты ол шаян,
Инанбасаң сөзиме,
Қарап турың Қурбаным,
Тырнағымның жүзине.
♦
Сол ўақлары Мақсым қыз,
Болған еди шадыман,
«Ағажан, қайтайық» дейип,
Оятқаны түрткишлеп,
Распеди батырым?
♦
Сен орныңнан турғансоң,
Елиңе аман қайтқансоң
Уллы байрам той бердиң.
Тойлар өтти арадан,
«Аўырыў болды» Мақсымжан.
Тәўип пенен порқанға,
Қаратты атаң Қара бий,
Молла-ийшан залымлар.
«Үш түрли суў ем», дейип,
Алдап-урды атаңды,
Атаң деген ол муңлы,
«Үш булақтың суўынан,
Алып кел», деп зарланды,
Распеди Қурбаным?
♦
«Атамның сөзи болсын»,—деп,
Миндиң аттың белине,
Шықтың қызыл шөлине.
Бир неше күн жол жүрип,
Келдиң Юнан елине.
Патшасы еди Қумыры хан,
Алшағырдың дәртинен,
Журты болған сергиздан.
Қайғырдың Юнан елини,
Алшағыр менен урысып,
Алшағырды өлтирип,
Юнан деген елини,
Қылдың сонда абадан.
Миннетдар болған Қумыры,
Султан деген қызыны,
Сениңдейин батырға,
Нека қылып бергенди.
Султан деген қыз бенен,
Неше ўақ сүрдиң сеy дәўран.
Қостарың деген ол муңлы,
«Бала бар», деп сен мәрттиң,
Кеўилиңди қылды сонда шад.
Сен журтыңнан кеткен соң,
Көп күн арадаy өткен соң,
Султан деген сол қыздан,
Дөрегендур бир перзент —
Атын қойды Қуршидша,
Инанбасаң сөзиме,
Қарап турғыл, Қурбанбек,
Тырнағымның жүзине.
♦
Мениң қалама келдиң,
Қәтиреңди өлтирдиң,
Қамаўдағы шәҳәримди,
Сен келип азат әйледиң.
Елим болды абадан,
Хызметиңниң атынан,
Сеники болды Ақылжан.
Мениңдейин қыз бенен,
Еки жыл сүрдиң сен дәўран.
Еки жыл өтти арадан,
Бойымда бар бир перзент,
Тоғыз айлар болғанды,
Оның өзи ул перзент,
Буны көргил Қурбаным.
♦
Және бир айтар сөзим бар,
Тыңласаңыз, Қурбаным:
Сен журтыңнан кеткели,
Бир жарым жыл өткенде,
Шейирхан деген қалмағың,
Неше мың әскер айдатып,
Ноғайлы елге келгенди.
Алаўша ханды өлтирип,
Нешшениң гүлин солдырды.
Қурбанбегим еситкил,
Мениң айтқан зарымды.
Бул жолларда боядың,
Көп душпанды қанына.
Қылған енди исиңди,
Алғыл батыр ядыңа.
Ләблеримниң қантыны,
«Яр» дейип сәўдиң дүньяда,
Мен айтайын батырым,
Тилсиматтың шәртини,
Нәсиятым алсаңыз,
Барып келмей булаққа,
Талап қылма журтыңа!!!
Бул кеткеннен кетерсең,
Бес күн тамам жол жүрип,
Қара таўға жетерсең,
Дәрбентине барғанда.
Тартар сени демине,
Қарасур атлы сол аждар.
Садағыңда сексен оқ, —
Байлап атқыл маңлайдан,
Қылыш урма сол мәҳәл.
Тағы он күн жол жүрсең,
Ағып турған қызыл қан —
Суўға ириң сыяқлы
Жолығарсаң сен батыр.
Мийриң қанып иш суўын,
Рәҳәтлен ҳәм жуўын!
Тағы он күн жол жүрсең,
Бир шәҳәрге кирерсең,
Саўдаласпа базарда!!!
Урып қамшыны атыңа,
Қутылсаң өлдим-азарда,
Жоллар ашылар бахтыңа.
Тағы үш күн жол жүрсең,
Күн астында бир қала,
Аспан менен барабар,
Көринер сениң көзиңе.
Дәрўазасы алдында,
Қайтпас темир реңли,
Секили жоқ сур бетли,
Ени бар еки аршын.
Дәў сени көрген ўақытта
Байлап атқыл маңлайдан.
«Өлтирип кет», —деп еленер,
Алма оның жаныны!
Ағып турған үш булақ,
Үш тасқа атлары жазылған —
Абыхаят, Абыпәлек,
Абызамземнен алда қайт.
Қырдан шығар ўақтында,
Сансыз әскер қуўады.
Аяўсыз атты урагөр!
Қуўып саған жете ғойса,
Бир тутам шашымды алагөр,
Шақмақ шағып түтетип,
Тастай көзиң жумагөр.
Тыңласаңыз батырым,
Айтып болдым сөзимди,
Тилегиңде Ақылжан,
Аман барып, саў келгил.
К у р б а қ б е к батыр Ақылжан айымның сөзине ўақты хош болып, жулып берген
бир тутам шашыны алып, ярына қарап бир сөз айтқаны:
— Сенсең ярым бағ ишинде бүлбилим,
Ҳеш солмасын мың гүлиңнен бир гүлиң,
Мен бараман Барса Келмес қалаға,
Та көргенше хош аллаяр, сәўдигим.
Жүрген жериң болсын сениң лалазар,
Жамалыңа жети ықлым бийқарар,
Мен бараман Барса Келмес қалаға,
Та көргенше хош қал енди, назлы яр.
Ҳәр сөзиңе болды мениң кеўилим шад,
Сендей арыў қылмас мәртти биймурат,
Мен бараман Барса келмес қалаға,
Та көргенше хош қал енди, перийзат.
Қурбанбектей баҳадыр,
Минди аттың белине,
Шықты қызыл шөлине.
Салқын менен өндирип,
Бир неше күн жол жүрди.
Таң азанның ўақтында,
Шамал пайда болады.
Сескенеди батырдың,
Астындағы тулпары.
Ақылдың айтқан сөзлери,
Сол ўақта мәлим болады.
Айтқанындай сур жылан,
Қурбанбектей батырды,
Ыңыранып тартты демине,
Өлерини билип батырың,
Жайға оқты салады,
«Оң көзиң бе, сол», дейип,
Тартып жайды қалғанда,
Оң көзине тийген оқ,
Шүй төбеден шығады,
Жан айбат пенен Қара Сур,
Қуйрығын жерге урады,
Үш таўланып қалғанда,
«Өлтир» деген бир даўыс,
Ғайыптан сонда шығады.
Душпанлығын биледи,
Батыр атқа минеди,
Салмай қулақ даўысқа,
Тулпарға қамшы салады.
Үш күн тағы жол жүрип,
Таң саз берип келгенде,
Көринди дәрьяның суўы,
Барса дәрья бойына,
Ағып турған қызыл қан,
Суўы ириң сыяқлы.
Алып ишсе суўынан —
Балы-шербет сыяқлы.
Жуўынып еди суўына —
Кеўилиндеги дәртлери,
Қурбанбектей батырдың,
Қалмай сонда төгилди.
Тазаланып батырдың,
Ўақты шандан хош болып,
Минди аттың белине.
Дәрьяға атты салады,
Бираз ғана жол жүрип,
Кейнине қараса —
Суў түўе зимбил де жоқ.
Қарсы алдына қараса —
Көринеди бир шәҳәр.
Минекей көрсең—бир базар!
Ол базарға киреди.
Ақылжан айтқан сөзлери,
Батырға елес береди.
Адамларды көреди.
Саўдаламай Қурбанбек,
Иси болмай батырың,
Атқа қамшы басады.
Қарыйдарлар гүў басты!
Сескенип алып жаныўар,
Ат бир енди ойнайды,
Суўлығын сонда шайнайды.
«Әрманда қалдық биз», деген,
Даўыслар шықты кейнинен...
Тағы бес күн жол жүрди.
Күн қызарып көринди,
Күн түбинде бир қала,
Онда жалғыз қақапа,
Ақылжанның айтқанындай,
Қурбанбекке көринди.
Қурбанбектей ғош жигит,
Үш булақты қорыўға,
Искендердиң бәнт еткен,
Дәўин көрди сол ўақта.
Аттан түсип жүреди.
Атының басын жетелеп,
Қақрапқа жақын келеди.
«Сөйлетпей буны атайын», —деп,
Жайға қолын салады,
Полат оққа қол салып.
Жай баўырын толтырып,
«Айтқаның Ақыл сол ма?» деп,
Қақ маңлайдан байлады.
Оқ өтеди маңлайдан,
Атқан оққа шыдамай,
Исқендердиң Қақрабы,
Жыландайын таўланды,
«Азапқа мени салмағыл,
Өлтирип кет, батыр», деп,
Еңиренип, жылап қалады.
Үш булаққа келеди:
Абыхаяттан алып,
Абызамземнен алып,
Абыпәлектен алып,
Өзини мәрт беккем қылып,
Минди аттың белине,
Шықты қызыл шөлине,
Жан-жағына қарады,
«Тоқта!» деген бир даўыс,
Изинен оның жаңғырды.
Атқа қамшы басады,
Қашқан батыр соңынан
Қолларында сары жай,
Алмас қылыш ойнатып,
Есабы жоқ, саны жоқ,
Сансыз әскер қуўады.
«Жаңа жетти» дегенде,
Қурбанбектей батырың,
Қолға шашты алады,
Ақылжан берген бул шашты,
Шақмақ шағып түтетип,
Өз ийманын үйирип,
«Дүньяға келии болдым», деп
Көзин тастай жумады....
Бир мәҳәллери Қурбанбек көзин ашып жан-жағына қарады: өзин қаңырап турған
майданның ишинде көрди. Киятырған жаў да жоқ, я көринген жан да жоқ
—қолындағы шийшеде Абыхаяттың суўын көрди. «Бул суўдың не қәсийети бар
екен», деп батыр бир уртлады: өзи отыз жасында еди он бес жаслардағысындай
болып шыға келди! Жанындағы сәнеге қараса — Ақылжан айымның жанынан
кеткели, батырдың дүзде жүргенине төрт жыл өтип, бесинши жыл болыпты.
«Қайтадан Ақылжанның жанына барсам, оның ери болсам, сөзимиз бир күни
абайсыз кетсе, елиме жибермей сырғыялық қылып, өмиримди сол жерде өтирер.
Оныңдай әзәзилден қашқан қутылар, турған тутылар. Қашқанға рахмет турғанға
нәлет», — деп Қурбанбек батыр жолды бурып, өз елине қайтпақ пенен болды.
Енди сөзди Ақылжан айымнан еситиң. Ақылжан өзинен болған баланың атын
Әдилша қойып еди. Айым ақыллылық етип, Қуршидшаны бир жасқа келгенде
Султан деген анасынан айырып алды. «Екеўи бирге өсип, бир-бирине меҳрибан
болар, ер жигит болған ўақтында күш бириктирип жаўға бирге атланар, екеўи бирге
журт алар, өгейлик араға келиспес», деп Әдилша менен Қуршидти бирге бағып,
бес-алты жасына келтирген еди.
Ақылжан айым бир күни қорра таслап қараса — Қурбанбектиң қашып
баратырғанын көрди. «Меннен ол неге қашады екен?» деп перийзат кеўлине алды.
Еки баланың қолынан услап» сизлерди атаңыздың алдынан алып шығайын», — деп
Ақылжан Қурбанбектиң алдына жөнеди. Таң атқан ўақтында айтты:
— Балаларым атаңыз жақын келип қалды. Сизлер екеўиңиз қол усласып, жыласып,
алдына бара бериң, атаңыз сизлердиң алдыңыздан шығып, «Кимниң
баласысызлар?» дегенде, «Қурбанбек батырдың баласымыз. Атамыздың тири
болса—тирисин, өлген болса—қәбирин табармыз, деп сапар шегип баратырмыз»,
дең. Атаңыз сизлерди қушақлаған мәҳәлинде мен де тасадан шығаман.
Еки баласы таң сәҳәр ўақта таўға шығып зарланып, үн тартып келе берди.
Қурбанбек қараса — алтын айдарлы, гүмис кекилли бес-алты жасар еки баланың
жылап киятырғанын көрди. Отыз жасқа келгенше перзент дийдарын көрмеген
батыр, балалардың зарына шыдамай, арзы-аўҳал сорап турған жери екен:
Бендениң жоқ бул жолларда шарасы,
Артымда қалды Барса Келмес қаласы,
Айтарсыз ба сизлер кимниң баласы?
Кеўилимде бар шилтерлердиң сәўбети,
Жаслығынан артқан кимниң «мийнети»?
Артымдадур марҳум дәўдиң қаласы,
Айтарсыз ба сизлер кимниң перзенти?
Әлемди титиретер мәрттиң айбаты,
Перзент болар ғош жигиттиң қуўаты,
Алтын айдар, гүмис кекил балалар,
Айтарсыз ба сизлер кимниң зүрияты?
Буннан кейин, балалардың кеўиллери езилип, асығыслық пенен атасына қарап не
айтып турған екен:
«Арзымыз есит бул майданда, ағажан,
«Ата» дейип болды баўырымыз қан,
Биз көрмедик атамыздың дийдарын,
Анамыз атын сорасаң дейди Ақылжан.
Атамыз кеткен Барса Келмес қалаға,
Қублағаҳым, кабам излеп барамыз,
«Ата» дейип бизлер қылдық ықтықат,
Биздейлердиң қалай болсын кеўили шад?!
Биз көрмедик сол атаның дийдарын,
Өлген болса қәбирин қылсақ зиярат,
Зарланамыз, «Қалдық па биз жетим?» деп,
Қуршидша—Әдилша болды бийтақат.
Ата екен баласының дәўлети.
Туўылғаннан бизлер болдық нәмурат,
«Атаңман» деп айтағойсаң не болды?!
Кеўилимизди етер едиң, аға, шад.
Сонда Қурбанбек атынан түсип балаларын қушақлап, көзиниң жасы моншақлап,
өзин танытып, балаларына қарап мынаны айтып турған екен:
Жер-аспанды титиреткен айбатым,
Сизлер мениң жалғаншыда зийнетим,
«Жетиммен», деп жылай бермең, зары-зар,
Мен боларман — атаң, сизлер — перзентим.
«Перзент» дейип баўырым болды мениң қан,
Айралық шербети қылды сергиздан,
Жетимсиреп жылайсызлар зары-зар,
Жүрме Ақылжандай анаңыз аман?
Тар болып тур маған жер менен аспан,
Тири ме өзи бул дүньяда Ақылжан?
«Ата» деген тиллериңнен айналсын,
Көрсетиң, егер болса саў-аман!
Бул сөзлерди еситип, Ақылжан тасадан шықты. Батырдың мойнынан қушақлап,
көзиниң жасы моншақлап, маўқын басып болған соң, перийзат өкпесин бирме-бир
айта баслады:
Балаларды көрип болды кеўилиң шад,
Саған қылдым ғой жалғаншыда ықтықат,
Неге мениң ғәрип кеўлим қалдырдың?
Сени нетти мендей Ақыл перийзат?
Балаларды көрип болдың шаҳзада,
Бүгин тар келипти саған бул дүнья!
Дос-жан билип сүйгил мендей ярыңды,
Не себептен мәлел салдың араға?
Қайғырмадым сендей мәрттен жанымды,
Қалқан болдым саған келген бәлеге,
Сени нетти мендей Ақыл перийзат,
Бағышладым ғой сендей мәртке тәнимди?
Перийзат айым бул сөзди тамам еткеннен кейин, Қурбанбек батырда бир қыял пайда
болды: «Бул айым менен шийрин-шекер сөзлер менен сөйлесейин, ақ жүзинен поса
алып, қойнында рәҳәтленейин. Сонда өкпеси тарқалар». Сол қыял менен Ақылжанға
бир жуўап айтты:
Сүрсем дәўран қойыныңызда доланып,
Қалмас жүрегимде зәрредей әрман,
Кеўилиң қалып сөйлей берме, сәўдигим,
Қылғыл енди мендей мәрттиң кеўлин шад.
Өкпе сөзди айта берип бизлерге,
Қылма енди мендей мәртти нәмурат.
Ақылжан, айымның қәҳәри келип, Қурбанбек батырға қарап:
Перийзатпан, ақ жүзимде барды қал,
Жамалыма жети ықлым қуўанар,
«Атам» дейип шықты перзентлериң,
Ақылың болса сен олардан ибрат ал.
Атым мениң жалғаншыда Ақылжан,
Аңласаң дүнья болыпдур зиндан:
Атаңыз патшаның қолында сәрўан,
Енеңиз болыпты Қойларға шопан.
Халқыңыз жүрипти болып сергиздан,
Хош көрер ме дәўраныңды Жаратқан,
Қойнымда жатқанша, батыр, доланып,
Елиңди азат қыл залым қолынан!
«Сен» деп пидә болды мениң бул жаным,
Мәрт болсаң сен төккил залымның қанын.
Азат қылғыл барып пайтахт елиңди,
Оннан соң сүрермиз арқайын дәўран.
Зар жылатып келгил залым башыны,
Қузғын тартсын геўирлердиң лашыны,
Салғыл халқың ушын барлық күшиңди.
Арқайын сүрермиз соннан соң дәўран.
Азат қылғыл — халқың залым қолында!
Қайғырмағыл «қалды», дейип, сен мени,
Залым менен сен саўашқа киргенде,
Балаларың ертип мен де барарман.
Ҳәр жайлардан хабар берер Ақылжан,
Тулпарыңа енди мингил ғош жигит,
Тоғыз күнде жеткереди атыңыз,
Шейирхан елине барғайсыз аман,—
деп болып сорады:
—Әй батыр, сен атыңды он сегиз жыл минген екенсең, оның тулпарлығын билип пе
едиң? Қурбанбек батыр:
— Мен атымның тулпарлығын билмеймен, айым — деди.
— Сен билмесең, атыңның туяғын көтер, мен атыңның тулпарлығын көрсетейин.
(Қурбанбек аттың туяғының астын қараса қолдың аясындай белги бар екен).
Шабысының ҳийлеси мында батыр: адамзат қанынан бир кесе ишсе атың алты
айлық жолды алты күнде алар, — деп Ақылжан айым бир толы кесени «Тарсан
патшасының қаны», деп жәниўардың аўзына тутты. Ат ишип, силкинип, бес жаслық
сүўретине енди, көкке қарап киснеди. Ақылжан айым мөтиреге суў салып,
шылбырды ериниң басына байлап, «Тоғыз күн дегенде атыңның қолтығынан жибер
сол суўды», деп бир сөз айтты:
—Айналайын, Қурбаным,
Қоша нарым, дәўраным,
Қалмас сениң әрманың.
Буннан барсақ қалмаққа.
Аяўсыздан батырым,
Өзим хабардар болайын,
Төккил залымлар қанын,
Ат қараўын жетирмесең,
Атың қылар нәмурат.
Қурбанбектей ғош жигит,
Минди аттын белине,
Шықты қызыл шөлине.
Астындағы тулпарға,
Сол ўақтында «шүў», деди,
«Шүў», дегенде гүўледи,
Толқысып аққан дәрьядай,
Жүз тоқсанлық жорғадай,
Терең, терең, терең сай,
Сыпсаң питкен қарағай —
Табаны тасқа тақылдап,
Үзенгиси салтылдап,
Жулдыздай ағып жаныўар.
Езиўлигин қағады,
Қарғып жазық майданда,
Тоғыз күн тамам болғанда,
Ат бир жерге түседи,
Бир шырақты айналып,
Ақылжан айтқан ўақты болып,
Төрт туяғын ол тиреп,
Ҳаслан тулпар жүрмеди.
Тулпарын байлап Қурбанбек қолтығынан Ақылжан берген суўды жиберип азлап
дем алды. Орнынан турып қараса — иниси Султан батырдың, Шейирхан менен
урыс еткен жери екен. Батыр тулпарын минип, «Залым қалмақтың шәҳәри орнында
болса барайын. Жаўға ўайран салайын. Жылаған балашағамды, елим менен
халқымды жаўласқан залым қалмақтан азат қылып алайын», деп киятырса, таўдың
Айдай болған камалым.
Сәҳәр ўақта «аҳ урып,
Күйдирдиң мениң орамалым,
Таўланасаң қойнымда,
Неге жоқдур қарарың?
Өз елиңде алғаның,
Ендиме сениң түсиңе?
Гүлдей болған бул басым,
Болдым ба енди мен тоқал?
Кеўилиңдеги айт әрманың?
Қурбанбектей султаным,
Ҳеш кимге болмасын мәлел?
Батыр бул сөзлерди есите отырып, тулпарын ертледи. Жети қабат саўытын кийип,
көк полатқа ғарық болды да, перийзаттан рухсат сорады:
—Арзым есит, қулақ салғыл, перийзат,
Күннен-күнге жамалыңыз қиямет,
Атам маған бир сөз айтты аманат,
Сапарым бар Барса Келмес қалаға,
Мойнымда сол аманат қалмасын,
Гүл жүзли ашығым, бериңиз рухсат,
Сапарым бар Барса келмес қалаға,
Қойма мени қыяметтиң отына,
Султан перийзат «Гәп бундай болса шүкиршилик екен. Атасының хызметине сапар
шегип баратырған жигитти иркиўге болмас», деп неше түрли тағамларды
ҳәбзаматта тайын етип, батырдың атына бөктерди. Тулпарға батыр мингенде Султан
қыз «Жигиттиң кеўилинде әрман болмасын, бойымдағы алты айлық-ҳәмилемди
жасырмайын», деп Қурбанбекке қарап бир сөз айтады:
—Саған қылдым ялғаншыда ықтықат,
Перзент етермиш ғош жигиттиң кеўлин шад,
Қайтып келсең саған әрман болмасын,
Бойымда бар алты айлық «аманат».
Он төртимде мен болдымғой баркамал.
Мурадымды тилеп қәдир-алладан,
Жамалымда суҳбет қылдың тоғыз ай,
Бойымда бар алты айлық «бир гүман».
Бул сөзди еситип, Қурбанбектиң ўақты хош болып, перийзатқа бир сөз айтып турған
жери:
—Мен кетермен Барса Келмес қалаға
Көрсем перзент бул ялғаншы дүньяда!!!
Мен келместен бурын болса перзентим,
Атын қойғайсаң оның Қурдиша,
Бийперзентлик ғош жигитке болар дәрт,
Бул сөзди еситип кеўлим болды шад,
Мен ырзаман сеннен бүгин, сәўдигим,
Атыны баламның қойғайсаң Қуршид.
Он төртимде болып едим баркамал,
Келмесин басыңа душпаннан заўал.
«Келмейди», деп қәўип қылмағыл, сәўдигим,
Таҳ көргенше, перийзатым, сен хош қал.
Қурбанбектей ғош жигит,
Бул гәплерди айтқанда,
Дәрьядай кеўли тасады,
Қуўана берип ер жигит,
Ҳәр таўдан да асады.
Атқа қамшы басады,
Астындағы тулпары,
Омыраўдан көбик шашады.
Ат шомылды терлерге,
Сыйынды кәмбил пирлерге,
Он алты күн жол жүрди,
Қурбанбектей батырың,
Ада болмас шөллерде.
Сәҳәр ўақта киятырса,
Қара жерлер тербенип.
Аспан-көклер қалтырап,
Қулақ питкендей даўыслар,
Шуўлап шықты ҳаўаға:
«Бизге паналық қылған,
Ел-халықты шад еткен,
Қурбанбектей ноғайым,
Қайда?» деген бир даўыс;
«Жете ғойсақ қалаға,
Тезирек мениң жаныма
Айда!», деген бир даўыс;
«Қасың болған Қәтиреңди,
Қүдиретиң келсе егерде,
Геўдеге дейин басыны,
Шайна!» деген бир даўыс;
«Келебер», деген бир даўыс...
Қурбанбек батыр даўысларға алағада болып, атын ойнатып келе берди. Таң атып,
күн шыққанда, өзин бир шәҳәрдиң алдында турғанын көрди.
Бул шәҳәрдиң аты Рат еди. Патшасы Ақшахан екен. Бир ўақытлары Бабахан
Қәтирен деген дәўдиң ағасын өлтирип, қолынан Гулшин деген перийзатын тартып
алған. Ол дүньядан өткен соң иниси Ақшахан хан болған. Қәтирен Ақшаханның хан
болғанлығын еситип, «Атадан жас қалып едим, ақылдан бос қалып едим. Сол
Ақшахан дегенди өлтирип, ағамның қанын алайын», деп қаласын қамал етипти. Көп
ўақыт қамалда болғанлықтан ел ашырқап отыр еди. Қалада сары жай я мылтық
болмай, оларды атыўды ҳеш ким билмес, сол себепли өзин-өзи қорғай алмай ел
бүлинип атыр еди. Неше жыллардан бери қоррандозларға қорра таслатып,
ноғайлының елинен киятырған палўанды көрип, оның жақын келгенлигини билип
халықтың кеўили шад болды. Бағанағы «Қайда?», «Шайна;!» «Келебер!» деген
даўыслар сол шадлықтың сүренлери еди.
Ғош жигит аўқат жеп, қоламсағына сексен оқты жай қылып турса, Ақшахан үстине
келип қалды. Қала сыртының бәри адам бойы от-шөп еди. Нур жүзли, қой көзли,
әреби атлы, Әлийдей саясатлы жигитти көрип, «Бизге паналыққа келген ер
болғайда», деп ишинен тилеп патша былай гәпледи:
— Бизиң шәҳәр «алла» дейип зар урар,
Дүнья болды мендей ханға енди тар,
Қайсы елден қайсы елге барасаң,
Шарўамысаң, кәрўанбысаң, бер хабар?
Басымнан кетип тур дәўлетли дәўран,
Шәҳәримизге бир дәў салып тур ўайран.
Атын айтсам ол залымның—Қәтирен,
Түс-турпатын көрсең ақылың ҳайран.
Талап қылып келди дүнья малымды,
Ойран қылды сыртта қалған елимди.
Суўсынына ишер сениң қаныңды,
Айтқыл балам, маған енди атыңды?
Тезирек қылғыл енди басың ғамыны,
Мен көрмедим сениңдейин лаланы,
Сендейлерге залым әрман салады,
Айттым сол залымның саған сырыны.
Буны еситип, қәҳәрленген Қурбанбек ханға қарап былай сөйледи:
— Елинен айрылған жалғыз сонаман,
Халық дәртинен күйип-писип жанаман,
«Қурбанбек» дейдилер мениң атымды,
Қайтар бала енди туўар анадан!
Жалғаншының соңын сорсаң—бийпаян
Саўаш күни ат жаўырынан ағар қан,
Қайғырмағыл сен жанымды, Ақшахан,
Зор қолында өлген мәртке не әрман?!
Абат қылсам ғәрип болған елиңди!
Азат қылсам қамал болған шәҳәрди!
Келетуғын жайын көрсет душпанның,
Бахтым келсе солдырарман гүлини!
***
Батырдың қаны қызып, саўаш қумары тутып тура берсин, ендиги сөзди Қәтирен
дәўден еситиң:
Төрт тәрепке оқ атып,
Алтын қалқанын басында,
Қазандайын ойнатып,
Қарағай найза өңгерип,
Қара таўдың ишинен,
Жабығыдай жалғыз бас,
Маңлайында жалғыз көз,
Жанында жоқ ҳеш жолдас,
Булыттай болып буйралап,
Даўысы ыңырап залымның,
Сынған муздай гүңиренип,
Қан сорыйтуғын жалмаўыз,
Аямас адам жаныны,
Талап қылып келеди,
Ақшахандай патшаның,
Ишпеге залым қаныны.
Сол ўақытта Қурбанбек жүрегин берик тутып, батырлық салтанатын дүзеп, «Жаўдан
айбынған нәмәртлик болар» деп, ат ойнатып, Қәтиренниң алдына қарсы жүрди.
Қәтирен, «Мениң баққан елиме келген қандай жаў екен?» деп ашыўы қелип аўзынан
от шашып Қурбанбек батырға қарап айтқаны:
—Алыстан көринер таўлардың тасы,
Қаст етсем ағады көзиниң жасы,
Маған бетлеп қәҳәрленип келесең,
Неғып жүрсең, ҳаслың кимдур, қарақшы?!
Қурбанбек аяғын тилла зәңгиге тиреп, қан ишер Қәтиренге қарап, мәртлигин
билдирип, бул гәплерди айтып турған жери екен:
— Ашықтың питеди «яр» дейип жаны,
Қаст етсем талаўлы сендейдиң малы,
Алшағырды зар жылатып өлтирген,
Қурбанбекпен, қандырыңман, ноғайлы.
Ат мойнына тақтым тилладан тумар,
Ат қойғанда зар еңирейди душпанлар,
Билсең душпаныңды аңла, Қәтирен,
Жекпе-жекке шық майданға, геллеғар!
Мен жүрермен бул жаҳанда жалғыз бас,
Ҳә демей-ақ көзлериңнен ағар жас,
Алыспақлық мендей мәртке зор мурат
Қорықпасаң шық майданға басма-бас!
Қәтирен, «Қурбанбекти батыр, ер деп еситетуғын едим. Бирден алыса кетсем,
меннен күшли болса, бүклеп астына урса, өлермен де қаларман, әрманлы болып
кетермен. Өзим болсам мерген едим, алысып астына түскеннен, атысқаным қолай
болар», деп қәҳәр-ғәзап пенен бир сөз айтып турған жери:
— Қәтирен болмай кетейин,
Басқа тапсам ноғайдан!
Гезекти бер де сен бала,
Туўры турғыл енеғар!
Сол гәплерди айтқан соң,
Залым, нәмәрт Қәтирен,
Қара түги тикейип,
Алты батпан Полаттай,
Жайға оқты салады.
«Қақ манлайың сол ма?», деп,
Қурбанбектей батырға
Таўлап тартып қалады.
Оқ келеди ҳарылдап,
Батыр минген әреби ат,
Батырға оқты тийгизбей,
Жер таянып жатады —
Оқ үстинен өтеди,
Залымның атқан бул оғы,
Қара тасты қақ бөлип,
Мәрўерт таста «түнеди».
Қайрыла берип Қәтирен,
«Әрманлы мен болдым», деп
Жайға оқты салады,
Шийрин жанды қыйнайды,
Сом жүректен ол залым,
Ыңыранып оқты байлады —
Мәрт мойынын бурады,
Әл-қалқан менен оғыны,
Қайырып сонда урады.
Қәтирендей залымың,
Тағы «әрманлы» болады.
«Әжелим жетип дүньяда,
Сум пайманам толмасын,
Жақсылап турып атайын,
Енди әрман болмасын»,
Деп керилип Қәтирен,
Қайтадан гирис тартады,—
Оқ үстинен өтеди.
Қайғыланды Қәтирен.
Басына күнлер туўады,
(Қашайын десе залымға
Намыс жаман, жигитлер!).
Қурбанбекке келди нәўбет.
Ҳаққа қылып ықтықат,
Алмас оқты алады,
Жай баўрына салады,
Байлап тартып қалады!!!
(Астындағы тулпары,
Ер күшине шыдамай,
Ыңырсынып туяқларын,
Төрт тәрепке таслады.
Қақ маңлайына тийгенде,
Маңлайынан тийген оқ,
Желкесинең парлады.
Қайтадан оқты салады.
Батыр туўған Қурбанбек,
Шийрин жанды қыйнады,
Керилип тартып қалады!
Жүрегине тийген оқ,
Жаўырынынан шығады.
Пайманасы толады,
Қәтирен тамам болады.
Сол мезгили алыстан,
Тозаң пайда болады.
Дәўдиң қырқ қыран бийлери,
Шуўлап атты қояды.
Қурбанбектей ғош жигит,
Сонда кирди ғайратқа,
Қолын салды полатқа,
«Алла» салды қалмаққа
Урыс болды аўыт-аўыт,
Жағасы алтын берик саўыт,
Сөтилди майдан ишинде;
Қырмызыдай қызыл қан,
Төгилди майдан ишинде;
Ақ саўыттың қыяғы,
Сөгилди майдан ишинде.
Аўыр дүбир болады.
Қырқ қыранын—қырқ жигитиң,
Бир шетинен қырады.
Көрмегендей қылады...
Қайтып келгенде Қурбанбек,
Ақшахандай патшаның,
Дәрўазасы ашылды,
Баҳадырдың үстине,
Дүрли маржан шашылды.
Бүлбил қонды гүлине,
Үш жылдан берли қамалған,
Шәҳәри Рат елине.
Ақшахан патша уўайым ишинде жатқан қара көз ярына ҳәм он сегиз мың аламды
тырнағының жүзинде көрген Ақылжан атлы қызына Қурбанбек батырдың
мәртлигин, көрсеткен ерлигин, елиниң абат болғанын айта баслады:
— Ҳаққа қылдым кеше-күндиз ықтықат,
Мискин болған халықтың болды кеўли шад,
Зар жылатып кести залымның басын,
Ноғайлы елинен келип бир жигит.
Күш-қуўаты тасқан, болған баркамал,
Айбатынан титирер жер менен аспан,
Зар жылатып кести залымның басын,
Бундай жигит ҳеш туўмайды анадан.
Қәтирен алмақшы болды жанымды,
Таламақшы болды дүнья-малымды
Зар жылатып кести залымның басын,
Миясар көрдим батырға Ақылжанымды...
Ақылжан сескенип орнынан турып:
— Әй, ата, малыны шашқан, журтынан қашқан, ақылсыз оныңдай ладанға қатын
үстине миясар ма еди мениңдей Ақылжан?!—деди.
Бул сөзден атасы көп қапа болды. Сонда Ақылжан:
—Қапа болма, жан ата. Қурбанбек батыр журтынан шығар ўақтында атасы «бар»,
деди, енеси «қал», деди. Қурбанбек, «Ата разы, алла», разы, деп тәўекел қылып,
тулпарын ойнатып шыққан мәҳәлинде, «Ҳақ дөреткен жигитке сени. Ақылжан,
миясар қылдым», деген бир даўыс қулағыма келди. Сол себептен Қурбанбек батыр
маған минәсип болады,—деп атасына қарап күле шырай қылды.
Ақшахан патша ўақты шандан хош болып, ардақлап, тойлар берип, Қурбанбектей ер
жигитке Ақылжан қызын неке қыйды. Буннан кейин Қурбанбек Ақылжан менен
айшы-әширетте болды.
Ақылжанның бир кәсиби: күндиз күни күлип ойнаса да, ақшамына сөйлемес еди.
Қурбанбек бир неше айлардан соң, «Бул ярыма хошемет сөзлер менен барсам,
рухсат етер ме екен? Яки ҳүким сөзлер менен сорасам зарар жеткизбестен рухсат
берер ме екен?» деп, ойлана-ойлана отырып, бирден, «Перийзатым, рухсат»,—деген
сөзди айтып қойды. Сонда Ақылжан айым:
— Әй султаным, қайда барарсаң?—деп күлди.
Анда Қурбанбек:
— Мақсым деген қарындасым бар еди. Узақ аўырыў болып оның кеселине Абыҳаят
булағы ем» деген соң соған сапар шегип баратыр едим. Рухсат берсеңиз екен,
перийзатым,—деди. Анда перийзат: «Қаншығыңа ол суў емес, «басқа бир нәрсениң
суўы» ем болыпты»,—деди.
Қурбанбек батыр қатты қәҳәри келип, қылышын қынабынан суўырды. Ақылжан
айым қолынан қылышын жулып алып, еки бүклеп сындырып, аспанға атты. Қылыш
көз ушынан ғайьш болып кетти. Ақылжан қәҳәри келип ишине
түйип-билгенлериниң барлығын айтып таслады:
— Сен адамзатсаң, мен перийзатпан. Жети жыл жер астында оқыдым, илимий
парайызды билермен. Аспанды жерге түсирип, жерди дигирмандай айналдыраман.
Тилсим атының гилти мениң қолымда. Егер инанбасаңыз мениң сөзимди тыңлап
турың. Сениң саўашларда қылған исиңди, шапқан жаўыңды, жалғанышыда еткен
исиңди тырнағымның жүзинен баян етейин:
—Сарҳаўыздың бойында,
Уйықлап жатқан ўағыңда,
Даўыс келди аспаннан,
«Шейирханнын елине,
Жалғыз атлан» деген,
Распеди, батырым?
Распеди, Қурбаным?
♦
Атаңнан рухсат алған соң,
Қарындасың, қатының,
Үшеў болып атландың,
Қалмақлының елине,
Усы қылған сапарың,
Распеди Қурбаным?
♦
Жарым жолға барғаyда,
Султан деген иниңиз,
Ол да қосылып сиз бенен,
Төртеў болып атландың.
Бардың қалмақ елине,
Ғаўға салдың шәҳәрине,
Султаныңа оқ тийип,
Қайтты иниң дүньядан.
Кекти сақлап кеўлиңе,
Миндиң аттың белине,
Қалмаққа атты қойған соң.
Неше күнлер урыстың.
Қалаға халқын қамадың,
Калмақ сениң алдыңда,
«Бағындым», деп бозлады.
Усы айтқан сөзлерим,
Распеди Қурбаным?
♦
Ғайыптан келип бир баба,
«Қайт елиңе дегени»
Распеди Қурбаным?
♦
«Бабада қәсийет бар», деп,
Қырқ түйеге қарамадың,
Сонда қалмақлар шуў етти —
Қырқ түйе зерди сен алдың.
Қайтарсын жолда тоқтадың,
Қатының менен қарындасыңа,
«Қараўылым болыңлар», деп
Өзиң уйқылап қалғаның
Распеди Қурбаным?
♦
Қарындасың ол шаян.
Қатыныңды таслап дәрбентке,
Өликлерди аралап,
Жети өликтиң астынан,
Таўып алды патшаны.
Ашық болып қалмаққа,
Қарындасың ол шаян,
Қылғанды ахдыў-паймана:
«Ағамның бул барында,
Сениңдейин яр менен
Сүре алмайман дәўранды».
Сонда қ а л м а қ сөйледи:
«Жылама арыў зары-зар,
Елиңизде бармеди,
Кесел болса қарайтуғын,
Молла менен ийшанлар?».
Анда М а қ с ы м сөйледи:
«Ел болған соң ол елден,
Ийшан-молла табылар,
Айтсаң бойма ханымыз,
Оның, қандай ҳийлеси?».
Сонда қ а л м а қ сөйледи,
«Айналайын Мақсым қыз,
Парахор болар мола-ийшан.
Бул кеткеннен кетсеңиз,
Елиңизге барғанда,
Молла менен ийшанға,
Көбирек пара берегөр,
«Абыхаят, Абызамзем
Абыпәлек суўлары,
«Ем болады», деп айттыр,
Ийшан менен моллалар,
Атаңды инандырар.
Атаң деген ол муңлы,
Ағаңа айтар «бар» дейип,
Үш булақтың суўына.
Атаңның сөзин сындырмай,
Ағаң кетер сол ўақта,
Айтқан Зулман журтына.
Ағаң сапарға кеткенде,
Еки жыл арадан өткенде,
Мен елиңе барарман,
Журтқанаңды аларман,
Сениңдейин қыз бенен,
Арқайын дәўран сүрермен».
Шейирханның сөзине.
Инанды қыз Мақсымжан,
Ўәдени солай қойысып,
Кейнине қайтты ол шаян,
Инанбасаң сөзиме,
Қарап турың Қурбаным,
Тырнағымның жүзине.
♦
Сол ўақлары Мақсым қыз,
Болған еди шадыман,
«Ағажан, қайтайық» дейип,
Оятқаны түрткишлеп,
Распеди батырым?
♦
Сен орныңнан турғансоң,
Елиңе аман қайтқансоң
Уллы байрам той бердиң.
Тойлар өтти арадан,
«Аўырыў болды» Мақсымжан.
Тәўип пенен порқанға,
Қаратты атаң Қара бий,
Молла-ийшан залымлар.
«Үш түрли суў ем», дейип,
Алдап-урды атаңды,
Атаң деген ол муңлы,
«Үш булақтың суўынан,
Алып кел», деп зарланды,
Распеди Қурбаным?
♦
«Атамның сөзи болсын»,—деп,
Миндиң аттың белине,
Шықтың қызыл шөлине.
Бир неше күн жол жүрип,
Келдиң Юнан елине.
Патшасы еди Қумыры хан,
Алшағырдың дәртинен,
Журты болған сергиздан.
Қайғырдың Юнан елини,
Алшағыр менен урысып,
Алшағырды өлтирип,
Юнан деген елини,
Қылдың сонда абадан.
Миннетдар болған Қумыры,
Султан деген қызыны,
Сениңдейин батырға,
Нека қылып бергенди.
Султан деген қыз бенен,
Неше ўақ сүрдиң сеy дәўран.
Қостарың деген ол муңлы,
«Бала бар», деп сен мәрттиң,
Кеўилиңди қылды сонда шад.
Сен журтыңнан кеткен соң,
Көп күн арадаy өткен соң,
Султан деген сол қыздан,
Дөрегендур бир перзент —
Атын қойды Қуршидша,
Инанбасаң сөзиме,
Қарап турғыл, Қурбанбек,
Тырнағымның жүзине.
♦
Мениң қалама келдиң,
Қәтиреңди өлтирдиң,
Қамаўдағы шәҳәримди,
Сен келип азат әйледиң.
Елим болды абадан,
Хызметиңниң атынан,
Сеники болды Ақылжан.
Мениңдейин қыз бенен,
Еки жыл сүрдиң сен дәўран.
Еки жыл өтти арадан,
Бойымда бар бир перзент,
Тоғыз айлар болғанды,
Оның өзи ул перзент,
Буны көргил Қурбаным.
♦
Және бир айтар сөзим бар,
Тыңласаңыз, Қурбаным:
Сен журтыңнан кеткели,
Бир жарым жыл өткенде,
Шейирхан деген қалмағың,
Неше мың әскер айдатып,
Ноғайлы елге келгенди.
Алаўша ханды өлтирип,
Нешшениң гүлин солдырды.
Қурбанбегим еситкил,
Мениң айтқан зарымды.
Бул жолларда боядың,
Көп душпанды қанына.
Қылған енди исиңди,
Алғыл батыр ядыңа.
Ләблеримниң қантыны,
«Яр» дейип сәўдиң дүньяда,
Мен айтайын батырым,
Тилсиматтың шәртини,
Нәсиятым алсаңыз,
Барып келмей булаққа,
Талап қылма журтыңа!!!
Бул кеткеннен кетерсең,
Бес күн тамам жол жүрип,
Қара таўға жетерсең,
Дәрбентине барғанда.
Тартар сени демине,
Қарасур атлы сол аждар.
Садағыңда сексен оқ, —
Байлап атқыл маңлайдан,
Қылыш урма сол мәҳәл.
Тағы он күн жол жүрсең,
Ағып турған қызыл қан —
Суўға ириң сыяқлы
Жолығарсаң сен батыр.
Мийриң қанып иш суўын,
Рәҳәтлен ҳәм жуўын!
Тағы он күн жол жүрсең,
Бир шәҳәрге кирерсең,
Саўдаласпа базарда!!!
Урып қамшыны атыңа,
Қутылсаң өлдим-азарда,
Жоллар ашылар бахтыңа.
Тағы үш күн жол жүрсең,
Күн астында бир қала,
Аспан менен барабар,
Көринер сениң көзиңе.
Дәрўазасы алдында,
Қайтпас темир реңли,
Секили жоқ сур бетли,
Ени бар еки аршын.
Дәў сени көрген ўақытта
Байлап атқыл маңлайдан.
«Өлтирип кет», —деп еленер,
Алма оның жаныны!
Ағып турған үш булақ,
Үш тасқа атлары жазылған —
Абыхаят, Абыпәлек,
Абызамземнен алда қайт.
Қырдан шығар ўақтында,
Сансыз әскер қуўады.
Аяўсыз атты урагөр!
Қуўып саған жете ғойса,
Бир тутам шашымды алагөр,
Шақмақ шағып түтетип,
Тастай көзиң жумагөр.
Тыңласаңыз батырым,
Айтып болдым сөзимди,
Тилегиңде Ақылжан,
Аман барып, саў келгил.
К у р б а қ б е к батыр Ақылжан айымның сөзине ўақты хош болып, жулып берген
бир тутам шашыны алып, ярына қарап бир сөз айтқаны:
— Сенсең ярым бағ ишинде бүлбилим,
Ҳеш солмасын мың гүлиңнен бир гүлиң,
Мен бараман Барса Келмес қалаға,
Та көргенше хош аллаяр, сәўдигим.
Жүрген жериң болсын сениң лалазар,
Жамалыңа жети ықлым бийқарар,
Мен бараман Барса Келмес қалаға,
Та көргенше хош қал енди, назлы яр.
Ҳәр сөзиңе болды мениң кеўилим шад,
Сендей арыў қылмас мәртти биймурат,
Мен бараман Барса келмес қалаға,
Та көргенше хош қал енди, перийзат.
Қурбанбектей баҳадыр,
Минди аттың белине,
Шықты қызыл шөлине.
Салқын менен өндирип,
Бир неше күн жол жүрди.
Таң азанның ўақтында,
Шамал пайда болады.
Сескенеди батырдың,
Астындағы тулпары.
Ақылдың айтқан сөзлери,
Сол ўақта мәлим болады.
Айтқанындай сур жылан,
Қурбанбектей батырды,
Ыңыранып тартты демине,
Өлерини билип батырың,
Жайға оқты салады,
«Оң көзиң бе, сол», дейип,
Тартып жайды қалғанда,
Оң көзине тийген оқ,
Шүй төбеден шығады,
Жан айбат пенен Қара Сур,
Қуйрығын жерге урады,
Үш таўланып қалғанда,
«Өлтир» деген бир даўыс,
Ғайыптан сонда шығады.
Душпанлығын биледи,
Батыр атқа минеди,
Салмай қулақ даўысқа,
Тулпарға қамшы салады.
Үш күн тағы жол жүрип,
Таң саз берип келгенде,
Көринди дәрьяның суўы,
Барса дәрья бойына,
Ағып турған қызыл қан,
Суўы ириң сыяқлы.
Алып ишсе суўынан —
Балы-шербет сыяқлы.
Жуўынып еди суўына —
Кеўилиндеги дәртлери,
Қурбанбектей батырдың,
Қалмай сонда төгилди.
Тазаланып батырдың,
Ўақты шандан хош болып,
Минди аттың белине.
Дәрьяға атты салады,
Бираз ғана жол жүрип,
Кейнине қараса —
Суў түўе зимбил де жоқ.
Қарсы алдына қараса —
Көринеди бир шәҳәр.
Минекей көрсең—бир базар!
Ол базарға киреди.
Ақылжан айтқан сөзлери,
Батырға елес береди.
Адамларды көреди.
Саўдаламай Қурбанбек,
Иси болмай батырың,
Атқа қамшы басады.
Қарыйдарлар гүў басты!
Сескенип алып жаныўар,
Ат бир енди ойнайды,
Суўлығын сонда шайнайды.
«Әрманда қалдық биз», деген,
Даўыслар шықты кейнинен...
Тағы бес күн жол жүрди.
Күн қызарып көринди,
Күн түбинде бир қала,
Онда жалғыз қақапа,
Ақылжанның айтқанындай,
Қурбанбекке көринди.
Қурбанбектей ғош жигит,
Үш булақты қорыўға,
Искендердиң бәнт еткен,
Дәўин көрди сол ўақта.
Аттан түсип жүреди.
Атының басын жетелеп,
Қақрапқа жақын келеди.
«Сөйлетпей буны атайын», —деп,
Жайға қолын салады,
Полат оққа қол салып.
Жай баўырын толтырып,
«Айтқаның Ақыл сол ма?» деп,
Қақ маңлайдан байлады.
Оқ өтеди маңлайдан,
Атқан оққа шыдамай,
Исқендердиң Қақрабы,
Жыландайын таўланды,
«Азапқа мени салмағыл,
Өлтирип кет, батыр», деп,
Еңиренип, жылап қалады.
Үш булаққа келеди:
Абыхаяттан алып,
Абызамземнен алып,
Абыпәлектен алып,
Өзини мәрт беккем қылып,
Минди аттың белине,
Шықты қызыл шөлине,
Жан-жағына қарады,
«Тоқта!» деген бир даўыс,
Изинен оның жаңғырды.
Атқа қамшы басады,
Қашқан батыр соңынан
Қолларында сары жай,
Алмас қылыш ойнатып,
Есабы жоқ, саны жоқ,
Сансыз әскер қуўады.
«Жаңа жетти» дегенде,
Қурбанбектей батырың,
Қолға шашты алады,
Ақылжан берген бул шашты,
Шақмақ шағып түтетип,
Өз ийманын үйирип,
«Дүньяға келии болдым», деп
Көзин тастай жумады....
Бир мәҳәллери Қурбанбек көзин ашып жан-жағына қарады: өзин қаңырап турған
майданның ишинде көрди. Киятырған жаў да жоқ, я көринген жан да жоқ
—қолындағы шийшеде Абыхаяттың суўын көрди. «Бул суўдың не қәсийети бар
екен», деп батыр бир уртлады: өзи отыз жасында еди он бес жаслардағысындай
болып шыға келди! Жанындағы сәнеге қараса — Ақылжан айымның жанынан
кеткели, батырдың дүзде жүргенине төрт жыл өтип, бесинши жыл болыпты.
«Қайтадан Ақылжанның жанына барсам, оның ери болсам, сөзимиз бир күни
абайсыз кетсе, елиме жибермей сырғыялық қылып, өмиримди сол жерде өтирер.
Оныңдай әзәзилден қашқан қутылар, турған тутылар. Қашқанға рахмет турғанға
нәлет», — деп Қурбанбек батыр жолды бурып, өз елине қайтпақ пенен болды.
Енди сөзди Ақылжан айымнан еситиң. Ақылжан өзинен болған баланың атын
Әдилша қойып еди. Айым ақыллылық етип, Қуршидшаны бир жасқа келгенде
Султан деген анасынан айырып алды. «Екеўи бирге өсип, бир-бирине меҳрибан
болар, ер жигит болған ўақтында күш бириктирип жаўға бирге атланар, екеўи бирге
журт алар, өгейлик араға келиспес», деп Әдилша менен Қуршидти бирге бағып,
бес-алты жасына келтирген еди.
Ақылжан айым бир күни қорра таслап қараса — Қурбанбектиң қашып
баратырғанын көрди. «Меннен ол неге қашады екен?» деп перийзат кеўлине алды.
Еки баланың қолынан услап» сизлерди атаңыздың алдынан алып шығайын», — деп
Ақылжан Қурбанбектиң алдына жөнеди. Таң атқан ўақтында айтты:
— Балаларым атаңыз жақын келип қалды. Сизлер екеўиңиз қол усласып, жыласып,
алдына бара бериң, атаңыз сизлердиң алдыңыздан шығып, «Кимниң
баласысызлар?» дегенде, «Қурбанбек батырдың баласымыз. Атамыздың тири
болса—тирисин, өлген болса—қәбирин табармыз, деп сапар шегип баратырмыз»,
дең. Атаңыз сизлерди қушақлаған мәҳәлинде мен де тасадан шығаман.
Еки баласы таң сәҳәр ўақта таўға шығып зарланып, үн тартып келе берди.
Қурбанбек қараса — алтын айдарлы, гүмис кекилли бес-алты жасар еки баланың
жылап киятырғанын көрди. Отыз жасқа келгенше перзент дийдарын көрмеген
батыр, балалардың зарына шыдамай, арзы-аўҳал сорап турған жери екен:
Бендениң жоқ бул жолларда шарасы,
Артымда қалды Барса Келмес қаласы,
Айтарсыз ба сизлер кимниң баласы?
Кеўилимде бар шилтерлердиң сәўбети,
Жаслығынан артқан кимниң «мийнети»?
Артымдадур марҳум дәўдиң қаласы,
Айтарсыз ба сизлер кимниң перзенти?
Әлемди титиретер мәрттиң айбаты,
Перзент болар ғош жигиттиң қуўаты,
Алтын айдар, гүмис кекил балалар,
Айтарсыз ба сизлер кимниң зүрияты?
Буннан кейин, балалардың кеўиллери езилип, асығыслық пенен атасына қарап не
айтып турған екен:
«Арзымыз есит бул майданда, ағажан,
«Ата» дейип болды баўырымыз қан,
Биз көрмедик атамыздың дийдарын,
Анамыз атын сорасаң дейди Ақылжан.
Атамыз кеткен Барса Келмес қалаға,
Қублағаҳым, кабам излеп барамыз,
«Ата» дейип бизлер қылдық ықтықат,
Биздейлердиң қалай болсын кеўили шад?!
Биз көрмедик сол атаның дийдарын,
Өлген болса қәбирин қылсақ зиярат,
Зарланамыз, «Қалдық па биз жетим?» деп,
Қуршидша—Әдилша болды бийтақат.
Ата екен баласының дәўлети.
Туўылғаннан бизлер болдық нәмурат,
«Атаңман» деп айтағойсаң не болды?!
Кеўилимизди етер едиң, аға, шад.
Сонда Қурбанбек атынан түсип балаларын қушақлап, көзиниң жасы моншақлап,
өзин танытып, балаларына қарап мынаны айтып турған екен:
Жер-аспанды титиреткен айбатым,
Сизлер мениң жалғаншыда зийнетим,
«Жетиммен», деп жылай бермең, зары-зар,
Мен боларман — атаң, сизлер — перзентим.
«Перзент» дейип баўырым болды мениң қан,
Айралық шербети қылды сергиздан,
Жетимсиреп жылайсызлар зары-зар,
Жүрме Ақылжандай анаңыз аман?
Тар болып тур маған жер менен аспан,
Тири ме өзи бул дүньяда Ақылжан?
«Ата» деген тиллериңнен айналсын,
Көрсетиң, егер болса саў-аман!
Бул сөзлерди еситип, Ақылжан тасадан шықты. Батырдың мойнынан қушақлап,
көзиниң жасы моншақлап, маўқын басып болған соң, перийзат өкпесин бирме-бир
айта баслады:
Балаларды көрип болды кеўилиң шад,
Саған қылдым ғой жалғаншыда ықтықат,
Неге мениң ғәрип кеўлим қалдырдың?
Сени нетти мендей Ақыл перийзат?
Балаларды көрип болдың шаҳзада,
Бүгин тар келипти саған бул дүнья!
Дос-жан билип сүйгил мендей ярыңды,
Не себептен мәлел салдың араға?
Қайғырмадым сендей мәрттен жанымды,
Қалқан болдым саған келген бәлеге,
Сени нетти мендей Ақыл перийзат,
Бағышладым ғой сендей мәртке тәнимди?
Перийзат айым бул сөзди тамам еткеннен кейин, Қурбанбек батырда бир қыял пайда
болды: «Бул айым менен шийрин-шекер сөзлер менен сөйлесейин, ақ жүзинен поса
алып, қойнында рәҳәтленейин. Сонда өкпеси тарқалар». Сол қыял менен Ақылжанға
бир жуўап айтты:
Сүрсем дәўран қойыныңызда доланып,
Қалмас жүрегимде зәрредей әрман,
Кеўилиң қалып сөйлей берме, сәўдигим,
Қылғыл енди мендей мәрттиң кеўлин шад.
Өкпе сөзди айта берип бизлерге,
Қылма енди мендей мәртти нәмурат.
Ақылжан, айымның қәҳәри келип, Қурбанбек батырға қарап:
Перийзатпан, ақ жүзимде барды қал,
Жамалыма жети ықлым қуўанар,
«Атам» дейип шықты перзентлериң,
Ақылың болса сен олардан ибрат ал.
Атым мениң жалғаншыда Ақылжан,
Аңласаң дүнья болыпдур зиндан:
Атаңыз патшаның қолында сәрўан,
Енеңиз болыпты Қойларға шопан.
Халқыңыз жүрипти болып сергиздан,
Хош көрер ме дәўраныңды Жаратқан,
Қойнымда жатқанша, батыр, доланып,
Елиңди азат қыл залым қолынан!
«Сен» деп пидә болды мениң бул жаным,
Мәрт болсаң сен төккил залымның қанын.
Азат қылғыл барып пайтахт елиңди,
Оннан соң сүрермиз арқайын дәўран.
Зар жылатып келгил залым башыны,
Қузғын тартсын геўирлердиң лашыны,
Салғыл халқың ушын барлық күшиңди.
Арқайын сүрермиз соннан соң дәўран.
Азат қылғыл — халқың залым қолында!
Қайғырмағыл «қалды», дейип, сен мени,
Залым менен сен саўашқа киргенде,
Балаларың ертип мен де барарман.
Ҳәр жайлардан хабар берер Ақылжан,
Тулпарыңа енди мингил ғош жигит,
Тоғыз күнде жеткереди атыңыз,
Шейирхан елине барғайсыз аман,—
деп болып сорады:
—Әй батыр, сен атыңды он сегиз жыл минген екенсең, оның тулпарлығын билип пе
едиң? Қурбанбек батыр:
— Мен атымның тулпарлығын билмеймен, айым — деди.
— Сен билмесең, атыңның туяғын көтер, мен атыңның тулпарлығын көрсетейин.
(Қурбанбек аттың туяғының астын қараса қолдың аясындай белги бар екен).
Шабысының ҳийлеси мында батыр: адамзат қанынан бир кесе ишсе атың алты
айлық жолды алты күнде алар, — деп Ақылжан айым бир толы кесени «Тарсан
патшасының қаны», деп жәниўардың аўзына тутты. Ат ишип, силкинип, бес жаслық
сүўретине енди, көкке қарап киснеди. Ақылжан айым мөтиреге суў салып,
шылбырды ериниң басына байлап, «Тоғыз күн дегенде атыңның қолтығынан жибер
сол суўды», деп бир сөз айтты:
—Айналайын, Қурбаным,
Қоша нарым, дәўраным,
Қалмас сениң әрманың.
Буннан барсақ қалмаққа.
Аяўсыздан батырым,
Өзим хабардар болайын,
Төккил залымлар қанын,
Ат қараўын жетирмесең,
Атың қылар нәмурат.
Қурбанбектей ғош жигит,
Минди аттын белине,
Шықты қызыл шөлине.
Астындағы тулпарға,
Сол ўақтында «шүў», деди,
«Шүў», дегенде гүўледи,
Толқысып аққан дәрьядай,
Жүз тоқсанлық жорғадай,
Терең, терең, терең сай,
Сыпсаң питкен қарағай —
Табаны тасқа тақылдап,
Үзенгиси салтылдап,
Жулдыздай ағып жаныўар.
Езиўлигин қағады,
Қарғып жазық майданда,
Тоғыз күн тамам болғанда,
Ат бир жерге түседи,
Бир шырақты айналып,
Ақылжан айтқан ўақты болып,
Төрт туяғын ол тиреп,
Ҳаслан тулпар жүрмеди.
Тулпарын байлап Қурбанбек қолтығынан Ақылжан берген суўды жиберип азлап
дем алды. Орнынан турып қараса — иниси Султан батырдың, Шейирхан менен
урыс еткен жери екен. Батыр тулпарын минип, «Залым қалмақтың шәҳәри орнында
болса барайын. Жаўға ўайран салайын. Жылаған балашағамды, елим менен
халқымды жаўласқан залым қалмақтан азат қылып алайын», деп киятырса, таўдың
Sez Karakalpak ädäbiyättän 1 tekst ukıdıgız.
Çirattagı - Халық - Қарақалпақ фольклоры - Ер Зийўар. Қурбанбек - 12
- Büleklär
- Халық - Қарақалпақ фольклоры - Ер Зийўар. Қурбанбек - 01Härber sızık iñ yış oçrıy torgan 1000 süzlärneñ protsentnı kürsätä.Süzlärneñ gomumi sanı 3455Unikal süzlärneñ gomumi sanı 18210.0 süzlär 2000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 5000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 8000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.
- Халық - Қарақалпақ фольклоры - Ер Зийўар. Қурбанбек - 02Härber sızık iñ yış oçrıy torgan 1000 süzlärneñ protsentnı kürsätä.Süzlärneñ gomumi sanı 3514Unikal süzlärneñ gomumi sanı 19400.0 süzlär 2000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 5000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 8000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.
- Халық - Қарақалпақ фольклоры - Ер Зийўар. Қурбанбек - 03Härber sızık iñ yış oçrıy torgan 1000 süzlärneñ protsentnı kürsätä.Süzlärneñ gomumi sanı 3452Unikal süzlärneñ gomumi sanı 18600.0 süzlär 2000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 5000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 8000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.
- Халық - Қарақалпақ фольклоры - Ер Зийўар. Қурбанбек - 04Härber sızık iñ yış oçrıy torgan 1000 süzlärneñ protsentnı kürsätä.Süzlärneñ gomumi sanı 3521Unikal süzlärneñ gomumi sanı 19810.0 süzlär 2000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 5000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 8000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.
- Халық - Қарақалпақ фольклоры - Ер Зийўар. Қурбанбек - 05Härber sızık iñ yış oçrıy torgan 1000 süzlärneñ protsentnı kürsätä.Süzlärneñ gomumi sanı 3524Unikal süzlärneñ gomumi sanı 20150.0 süzlär 2000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 5000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 8000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.
- Халық - Қарақалпақ фольклоры - Ер Зийўар. Қурбанбек - 06Härber sızık iñ yış oçrıy torgan 1000 süzlärneñ protsentnı kürsätä.Süzlärneñ gomumi sanı 3542Unikal süzlärneñ gomumi sanı 19520.0 süzlär 2000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 5000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 8000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.
- Халық - Қарақалпақ фольклоры - Ер Зийўар. Қурбанбек - 07Härber sızık iñ yış oçrıy torgan 1000 süzlärneñ protsentnı kürsätä.Süzlärneñ gomumi sanı 3624Unikal süzlärneñ gomumi sanı 19650.0 süzlär 2000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 5000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 8000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.
- Халық - Қарақалпақ фольклоры - Ер Зийўар. Қурбанбек - 08Härber sızık iñ yış oçrıy torgan 1000 süzlärneñ protsentnı kürsätä.Süzlärneñ gomumi sanı 3708Unikal süzlärneñ gomumi sanı 19760.0 süzlär 2000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 5000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 8000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.
- Халық - Қарақалпақ фольклоры - Ер Зийўар. Қурбанбек - 09Härber sızık iñ yış oçrıy torgan 1000 süzlärneñ protsentnı kürsätä.Süzlärneñ gomumi sanı 3684Unikal süzlärneñ gomumi sanı 19880.0 süzlär 2000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 5000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 8000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.
- Халық - Қарақалпақ фольклоры - Ер Зийўар. Қурбанбек - 10Härber sızık iñ yış oçrıy torgan 1000 süzlärneñ protsentnı kürsätä.Süzlärneñ gomumi sanı 3737Unikal süzlärneñ gomumi sanı 18620.0 süzlär 2000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 5000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 8000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.
- Халық - Қарақалпақ фольклоры - Ер Зийўар. Қурбанбек - 11Härber sızık iñ yış oçrıy torgan 1000 süzlärneñ protsentnı kürsätä.Süzlärneñ gomumi sanı 3708Unikal süzlärneñ gomumi sanı 18560.0 süzlär 2000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 5000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 8000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.
- Халық - Қарақалпақ фольклоры - Ер Зийўар. Қурбанбек - 12Härber sızık iñ yış oçrıy torgan 1000 süzlärneñ protsentnı kürsätä.Süzlärneñ gomumi sanı 1295Unikal süzlärneñ gomumi sanı 9180.0 süzlär 2000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 5000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.0.0 süzlär 8000 iñ yış oçrıy torgan süzlärgä kerä.