🕙 Минуты чтения - 28

Йош - 3

Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
Общее количество слов 3686
Общее количество уникальных слов составляет 2316
0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
  Заманында журт сораған ағалар.
  Ғаррылыққа жеңдирместен қасарып,
  Қуўаныштан қара көзге жас алып,
  Халқың менен қайта туўып жасарып,
  Төрде жайнап отырсызлар, ағалар.
  Қанша жаңа әўлад қатарға турса,
  Қартаяр ма адам тең адым урса!
  Жүмек аға шәкиртлерин шақырса,
  Жарты республика оған «аға»лар.
  Биз ушын кең сүрдеў салған жолыңыз,
  Даңқ, атақ аямас сизден елиңиз,
  Алдымызда узақ аман болыңыз,
  Жыл қусындай қанат қаққан ағалар!
  1965-ж.
  
  ШАЯН
  – Доктор, мениң балларымды өлтириўге ҳаялыма көмеклесиўиңизди сорайман.
  (Геббельстиң соңғы өтиниши)
  Пәнжесинде азалы кейиптиң
  Отырды ол салбырап басы.
  Жер титиреткен Үшинши Рейхтиң
  Батты әне қанлы қуяшы.
  Ким ойлаған: тәғдир дегиши
  Оның астын геўлеп аларын.
  
  Кең дүньядан бир бункер иши
  Бүгин оған тарлық қыларын!
  Қайда сол бир даңқ – атақ, сыйлар,
  Ийттей ерген изиңе сениң.
  «Дүньяға тек жалғыз арийлар
  Тутқа болсын» деген исеним?
  О, ол усы исеним менен
  Қанша йошлы, қанша күшли еди
  Ақшам кетпей кабинетинен,
  Уйқыдан да безип иследи.
  Ол иследи, көп әрман етип
  Тарийх ағысын терис бурыўды.
  Москвадан фюрерди сөйлетип,
  Қапталында өзи турыўды.
  Москвадан фюрерди сөйлетип,
  Соңынан бул өжет қаланы
  Тегислетип, жер жексен етип,
  Егип таслаў еди қыялы.
  Фюрер қайда? Өзин өлтирген.
  Енди сениң гезегиң келди.
  Және бункер үстинде бирден
  Рус зеңбереги жөтелди...
  Свастика! Инсанға қарсы
  Жаўызлықтың қара қурты ол.
  Қәне енди қутылып қалшы,
  Тар бункерден тысқа таўып жол.
  «Бала – мениң жүрегим «жаным»
  Дегенди ол көп айтар еди.
  Алты перзент көрген атаны
  Кимлер «жаўыз» деп айтар еди.
  Балаларын сүйсе ҳәр киси
  «Усындай ақ болар әлбетте».
  Дачасында бир овчаркасы
  Өлгенде ол жылаған ҳәтте...
  
  Базда урыстан, концлагерден
  Әкелинген фильмди көрип,
  Әжел көрингендей қәбирден
  Қорқар еди болса да «берик».
  Өлген анасының мәммесин
  Қармап жылар еди нәресте.
  Балаларды шуўлатып, ҳәммесин,
  Пешке тыққанлары бар есте.
  Қоллары сол нәрестелердиң
  Жағасынан алып атқандай.
  Тум-тусынан бетон бункердиң
  Май қуйып, от жағып атқандай.
  Жаўызлықтан йошланған усы
  Гөртышқандай кирттай жүрегин.
  Адамзаттың уллы ғарғысы
  Алқымына әкеп тиреди...
  Еситерек бала гезлерде.
  Сондай шаян болады десип:
  Өзине қәўип туўылған жерде
  Өз баласын шағады десип.
  Сол айтқандай, шаянлық етти де,
  Адамзатқа қарай алмады.
  Өз балларын зәҳәрлетти де,
  Өзиниң де басын жалмады...
  Адам инсаплықтан кеткенде,
  Инсан оған бермес қол ушын.
  Жаўызлықты кәсип еткенге
  Бул тарийхый сабақ ол ушын.
  Ноябрь, 1975-жыл
  
  ХАЛҚАБАДТАН ҚАНША АДАМ КЕЛМЕДИ
  
  Олар даңқлы жеңис күнин көрмеди...
  Уллы Москва ҳәм кирттай Халқабад,
  Бир елден жигирма миллион азамат
  Жан берди, Ўатанын жаўға бермеди.
  Айтып берер едим ҳәзир атма ат,
  Халқабадтан қанша адам келмеди.
  Қайтқан-қайтпағаны ҳәммеси батыр,
  Ҳәр бири Рустемдей дәстанға татыр.
  Беларусь жеринде ме,
  Днепр бойында ма,
  Қай жерде мәңгилик уйқыда жатыр?
  Олар жығылса да алға өрледи.
  Жанын берди,
  Елин жаўға бермеди,
  Кегейлиден қанша азамат кетип,
  Халқабаттан қанша жигит келмеди.
  Кимге перзент, кимге сүйген яр ма екен,
  Қурбан бермеген үй табылармекен?
  Алыстағы урыстың азабын тартпай,
  Баўыры пүтин қалған адам бармекен?
  Қанлы урыстың аўыр зардабы өтип,
  Үй барма сынбаған ығбал шөлмеги?
  Шымбайдан қаншама жигитлер кетип,
  Халқабадтан қанша адам келмеди!
  Уйықлаңлар! Батырлық жулдызларыңыз
  Ўатан жүрегинде, төсинде сақлар.
  Сиз бахтын қорғаған әўладларыңыз
  Дүнья турғаншелли есинде сақлар.
  Хожелиден қанша жигитлер кетип,
  Төрткүлге қаншама мәртлер келмейди.
  Олардың руҳын ел таўап етип,
  
  Олар мәңги уйқылар, бирақ өлмейди.
  8-май, 1975-жыл.
  
  ПУШКИНГЕ
  Сол бир асаў тәбият – сол бир көк теңиз,
  Мениң де алдымда гүрлеп асқынар.
  Қыя тас үстинде турыппан жалғыз,
  Бәлким сен бир гезде турған тас шығар.
  Бирақта сен минген тасқа мингенлер
  Саған теңлеседи демек емеспен.
  Мәзи көз алдымда көп корабльлер
  Барар көк толқынды айырып әстен.
  Барар олар ҳәр бири ҳәр таманға,
  Ҳәр бириниң өз жолы, өз мақсети,
  Тәкаббырсып сиңип қойыў думанға
  Барар. Көк теңиздиң көринбес шети.
  Исенемен, өмир жаңарар мудам,
  Заман толқынынан заман туўылар.
  Мың-мың корабльлер келер жаңадан
  Ҳәм жаңа толқынлар менен жуўылар.
  Бирақ сен бир сондай жағыссаң теңсиз,
  Орныңды таңлаған шексиз океан.
  Поэзия! Ол бар мудамы менсиз,
  Лекин ол Пушкинсиз жоқлығы аян.
  Араласар еллер, шабырсар тиллер,
  Менменсигенлерден нам-нышан қалмас.
  Қашан қайда жүзсин ол корабльлер,
  Бул нурлы жағысқа соқбай өте алмас.
  Ноябрь, 1971-жыл, Гурзуф.
  
  ШАЙЫР
  (М. Ю. Лермонтовқа)
  Халық өз жүрегинен тамшы қан алып,
  Ўатан топырағына қарып сап ҳүждан,
  Өлмес руҳы менен үрлеп дем салып,
  Уллы нийет пенен жан берер оған.
  Шийрин зибан берип туўған анасы,
  Муҳаббат бесигин оның тербетер.
  Асқар таў, ағар суў, тоғай, даласы
  Бәри оны танып тәрбият етер.
  Ол, сөйтип, даўылдан тынышлық излеп,
  Бир ақшамда жалғыз жолға түседи.
  Кеўлинде қарлы шың аспанды гөзлеп,
  Жулдыз жулдыз бенен сәўбетлеседи.
  Орфейдиң сыйқырлы сазын жаңлатып,
  Ол жақсы сезимге интимақ етер.
  Дүньяның кең, гөззаллығын аңлатып,
  Тар пейилли инсанларға үйретер.
  Пәлектиң гәрдиши, заманның иси
  Жүрек тарын шертип турады бирдей.
  Ерик ҳәм өмирге деген ышқысы
  Тийген жерин өртер Демон ләбиндей
  Қас қақбас ким оған гөзлеп оқ атса,
  Мәңги күлер өзин атқан жаўына.
  Инсанияттың арына ким қол қатса,
  Дуэльге шақырар ол Машук таўына.
  Кисловодск, 1974-ж. октябрь.
  
  ӘЖИНИЯЗДЫҢ МОНОЛОГИ
  
  Бир кишкене елдиң шайыры болсам да
  Мен уллы ислердиң парқын билгенмен
  Тикенекли тар соқпақтан барсам да,
  Талай үлкен жолдан жүрип көргенмен
  Көргенмен кең гүзар жоллар бойында
  Еллерди, басқалар барып көрмеген.
  Ҳүрмет көрип, мен олардың тойында,
  Айтысқа түскенмен дилўарлар менен.
  Халықтың халыққа деген кеўил ханасы
  Дослық мийманына толыдур бәрҳа.
  «Бул дүньяның көрки адам баласы»
  Деген сөз мәнисин билгенмен сонда.
  Дүнья әўўел бир сум перийзат болып,
  Ышқы кийиклерин көп қуўалатты.
  Соңыра үмит көшким гүл опат қылып,
  Шексиз ғам-қайғының селине атты.
  Жүздим жанталасып сел қушағында,
  Сел емес, әрманлар умманы еди.
  Заманым – инсанның ҳижран дағында
  Гүлдей шөлиркеген заманы еди.
  Илми-мағрифеттен ҳақыйқат гөзлеп.
  Мен сонда Гүмбези Даўўар көргенмен,
  Аҳли данышлардан тәлимат излеп,
  Талай уллы мәжилислерге киргенмен.
  Лекин ҳеш мәжилис, ҳеш данышпанның
  Заман тәдбийрине ақылы жетпеди.
  Көкке жетип налышлары адамның,
  Жулдызлар жасқанып айдан шетледи.
  Дүнья дәслеп маған көп ўәде еткен
  Әреби ат минип, дәўран сүрмекти.
  Соңыра үмит гүлим орып бир шеттен,
  Орнына өкиниш қәлўенин екти.
  
  Ел серпилип кешип ўатан үстинен,
  Суңқар қус оралды аяқ баўына.
  Бүлбил үркип қырлы дүпең сестинен,
  Зағ қонды кеўлимниң Бозатаўына.
  Аҳ, қырқ өрим шашлар, қос-қос бурымлар
  Мойныма оралса берер ем жанды!
  Әттең алма мойын, ақ билек қоллар
  Сол шаш пенен артқа қайырып байланды.
  Наркес кирпик қумар көздиң қарасы
  Қыз өңирин жас пенен жуўғанын көрдим.
  «Бул дүньяның көрки адам баласы»
  Соншелли қорыў-зар болғанын көрдим.
  Дүнья! Айтшы, менде не қаслығың бар?
  Жуўҳаланып қайда баслаған едиң?
  Пейлиңди Наўайы, Мақтымқулылар
  Айтқанда ҳеш қулақ аспаған едим.
  Маған ўатан бердиң айра түссин деп,
  Жәнан бердиң ҳижран жапасы менен.
  Заман бердиң қайғы суўын ишсин деп,
  Бермедиң ҳеш заўқы-сапасы менен.
  Маған зибан бердиң журттан зыяда,
  Қахнус киби гә тирилип, өлсин деп.
  Саз бердиң де келтирмедиң ғояға,
  Көкирек бердиң зерде толып жүрсин деп.
  Инсан қайғы-дәртин, дүнья, егерде
  Жылыныўға сондай пайызлы билсең,
  Тек бир заман ғана мен турған жерде
  Бул отқа жақынлап ысынып көр сен.
  Мейли, маған артқан дөҳмет жүгиңди,
  Не шара, кеўлимде көтерип өтермен.
  Бирақ, бийўапалық, нәмәртлигиңди
  Мен ҳәм әўладларға айтып кетермен.
  
  Мен сөнермен, сөнбес үмит қуяшы,
  Бир күн дәўран келер инсаниятқа.
  «Бул дүньяның көрки адам баласы»
  Деп дәртли Зийўарды алысар ядға.
  1975-жыл. июнь.
  (Умман – теңиз; Гүмбези Даўўар – суў ортасына салынған афсанаўый «академия»;
  Аҳли даныш – дана, оқымыслы адамлар; дүпең – мылтық; Қахнус – әфсанаўый кус
  (И. Ю).)
  
  ТАШКЕНТЛИ ШАЙЫР ДОСЛАРЫМА
  Жанларымыз жақын, кеўлимиз ырза,
  Көздиң қарашығын гирбиң шалмағай.
  Ташкентке табаны тийсе Жолмырза,
  Таптырмас гүл ишине түскен алмадай...
  Өзим билген "точкаларын" мен ҳә деп,
  Зыр жуўырып жүрип аралап шықтым.
  «Бизиң отағасы бармады ма?» деп.
  Талай телефоннан сорағлап шықтым.
  Биреў айтты: «Айбек пенен азанда
  Союздан қайдадур кеттилер» деди.
  Биреў айтты: «Жаңа Миртемир дамла
  Екеўи жасырынып өттилер» деди...
  Яшен Москва ма, бир жаққа кеткен...
  Жоқлаўын асырып енди ағамның
  Кетип баратырсам, шайхана беттен
  Күлкисин еситтим Ғафур Ғуламның.
  Жойтқан жоғымды да сол жерден таптым,
  
  Пайт екен шай суўып, аския қызған...
  Сизге бас қосқан сол балалық ўағым,
  Еске түссе еле делебем қозған.
  Соннан берли сизиң алтын даўраңыз
  Маған қушақ ашар жатырқамастан.
  Дослық ҳәм шайырлық гүллери нағыз
  Кеўил бостанында жупар ийис шашқан.
  Жазғы кеште Әнҳар бойында әсте
  Сизлер менен сәйир етсем мен ҳәр ўақыт,
  Мейли Ташкент болсын, мейли Нөкисте
  Сиз бенен көрисиў мен ушын бахыт.
  Досларым, сизлерсиз кеўлим хош болмас,
  Бәримиз бир бағдың бүлбүллеримиз.
  Сизден бөлек илҳам маған йош болмас,
  Нандай пүтин ығбалымыз, жеримиз.
  Дәўиримиздиң бәлент минберлеринен
  Сиз йошланып қосық оқып турғанда,
  Зор лапызлы өзбек қосығы менен
  Бәрҳа мақтанаман куўанып сонда.
  Зульфия оқыса өз қосықларын,
  Пүткил руўҳым менен оны тыңлайман.
  Ҳәмде азат Шығыс ҳаялларының
  Гөззаллығын, нәзиклигин аңлайман.
  Уллы Наўайыдан тартып бүгинги
  Кишкене Абдулланың қосығына дейин,
  Өзбек шеърияты бир дүнья болып
  Руўҳымда гүллеп жасайды мениң.
  
  Тилеймен шарапқа липлеўин тағы
  Сиз сақыйлық еткен жәмшийди жамның.
  Қулағымнан кетпес ҳәм де баяғы
  Әжайып күлкиси Ғафур Ғуламның...
  Ескертиўлер: әския – басқы; даўра – отырыспа, мәжилис мәнисинде; Әнҳар –
  Ташкентте ағып турған өзек, шеърият – поэзия (И. Ю.)
  
  БИР ГЕЗЛЕРИ БЕРДАҚ ЖҮРГЕН ЖЕРЛЕРДЕ
  Бир гезлери Бердақ жүрген жерлерде
  Гүўлеп бир жабайы самаллар есер,
  Ҳәзир жыл қуслары сийрек гезлесер,
  Шағала шарқылдап күлген жерлерде.
  Теңиз таслап қашқан гөне жағысын,
  Гүўилдемес нар қамыслар қағысып,
  Дәрьяның шаршаўлы келер ағысы,
  Бурын ҳаллас урып келген жерлерге.
  Арқасы Ақ қала, қубласы Зайыр.
  Ақсарлы кең дала бурынғы қайыр,
  Бахыт излеп байғус халқына шайыр,
  Дуўтарын арқалап жүрген жерлерде.
  Мен ҳәр дайым өтсем усы кәрадан,
  Ойлайман: не заман кешти арадан.
  Енди еркин нәпес алар ҳәр адам,
  Бурын еллер посып, бүлген жерлерде.
  Мейли, теңиз ески жағыстан қашар,
  Дәрья бирде қайтса, биринде тасар,
  Ең баслысы: халқым бахытлы жасар,
  
  Ел жылап, шағала күлген жерлерде.
  Жайлаў гүллеп, Жаңа каналлар барып,
  Көк егис ырғалып, көл суўландырып,
  Айдыныңда торалағаз қондырып,
  Төрт түлик мал қаплап өрген жерлерде.
  Ақшам жағаласам Қазақ дәрьяны,
  Тыңлап ақ отаўдан шыққан наманы,
  Деди: «бул – Бердақтың жаңа дәўраны»,
  «Кимдики» деп саўал берген жерлерде.
  «Кел, дәўлетли қонақ, хызметим қалыс,
  Ең кеми жүз болсын көз көрген таныс»,
  Усылай айтып кеткен Бердақ бабамыз»
  Дер балықшы мийман көрген жерлерде.
  Китап текшесине түскенде көзим,
  Ҳәр үйден қуўанып шығаман өзим,
  Халық алтынға қаплап Бердақтын сөзин,
  Қосық етип айтар жүрген жерлерде.
  Ертип алып балықшының баласын,
  Мен жағалап кеттим теңиз жағасын,
  Теңиз ядлап алып шайыр намасын,
  Айтып турма дедим көрген жерлерде.
  Теңиз бүгин қайтса, ертеңге тасар.
  Инсан бахтын көрип шадлығым асар,
  Шайыр әрман еткен әўладлар жасар,
  Бир гезлери Бердақ жүрген жерлерде.
  Июль, 1976-ж.
  
  ГҮРГЕН ДӘРЬЯЛАРЫ ЖОЛ БЕРЕР СИЗГЕ
  Николай Тихоновқа
  Мәжилис столына омыраў артсаңыз,
  Зал баладай қулақ түреди сизге.
  «Жол бергин. Гүрген!» деп қосық айтсаңыз,
  Бәлким дәрьялар жол береди сизге.
  Сизди көрсем, бир күш тасып бойымда,
  Жаслық селлерине сайдай толаман.
  Аллаберди аўылының тойында
  Бирге тойлап отырғандай боламан.
  Мудам гүллеп жатар жас кеўлиңизде
  Шайырлықтың «Грузия бәҳәри».
  Арқар болып ерип кетемен сизге,
  «Серго соқпағынан» барған сапары.
  Уллылық бир дәрья. Бойынан оның
  Биразлар уллылық излер өзине.
  Кишкене булақлардың гөззаллық сырын
  Олар түсине алмас, илмес көзине.
  Сиз қанша биймәлим булақлар көзин
  Таўлар қыснағынан таўып аштыңыз.
  Сизде мол Горькийше аталық сезим,
  Сиз ҳәмме халыққа баўыр бастыңыз.
  Бизиң улан пайтақ елимиздеги
  Шайыр әўладының ақсақалысыз.
  Қосық тартқан кәрўан жолымыздағы
  Көш басында барар қызыл нарысыз.
  
  Қандай жақсы: уллы-киши деместен,
  Паңсынбай ҳәм жатырқамай сүймек бар.
  Өзгениң намасын өгейсинбестен,
  Ышқысында Тихоновша күймек бар!
  Бийик минберлерден сиз сөйлегенде,
  Зал баладай тынып қулақ түреди.
  Узағына соғып турғай геўдеңде
  Рус шайырының жомарт жүреги.
  От басыңда шарап ишискенлердиң
  Мийнетсиз қәйтип «дос болғанын» көрдим
  «Достым көп» деп жүрген талай мәртлердиң
  Ең соңында жалғыз қалғанын көрдим...
  Гүргенлер жол берер тартылып суўы,
  Сиз ең бай адамсыз туўысқанларға.
  Сиздеги қартаймас жаслықтың пуўын
  Тилеймен қартаймай суўысқанларға.
  Ноябрь. 1974-ж. Москва.
  Түсиниклер: Атақлы рус совет шайыры Николай Тихонов Кавказ ҳәм советлик
  Күншығыстағы көп ғана жас әдебиятларды дүньяға танытыўда умытылмас
  атаханлық еткен киси. Ол 30-жыллары «Жол бергин, Гүрген, жол бергин!» деген
  күншығыс халық намасының мотивине қосық жазған. Аллаберди – Кавказдағы бир
  аўылдың аты. Ол аўыл ҳаққында оның қосығы бар. «Грузия бәҳәри» – Н.
  Тихоновтың қосық китабының аты. (И. Ю).
  
  ҚӘЛЕМЛЕС ДОСЛАРЫМА
  Бир үркер астында туўған досларым,
  Заман берсин қуўат илайым сизге.
  Сизлерсиз жоқ мениң кеўил хошларым,
  
  Бүгин бир минажат қылайын сизге.
  Кимниң жолы барыс, улыў я мешин,
  Айырыў шәрт емес ертесин-кешин.
  Туўғанда жазбаған метрикесин
  Қай архивтен излеп табайын сизге.
  Ким аға, ким ини, қурдас яраны,
  Жүйрик қәлемлердиң гөззал қурамы.
  Шақырғанда заманласлық ураны,
  Түйдей қурдас болар Ибрайым сизге.
  Қырқ жыл қәлем тартқан Жолмырза ағам,
  Шайырлық соқпағын силтедиң маған.
  Инилик иззеттен гүл терип саған,
  Гөруғлының тонын жабайын сизге.
  Сапар, Тилеўберген ағалар болса,
  Ҳәр бири бир арна, жағалар болсаң,
  Байнияз аға, гүл аралар болсаң,
  «Гүлнараң» жолыққай илайым сизге.
  Дәўирлес, қәлемлес жанажанларым,
  Тәжет, Ғалым кетик қәдирданларым,
  Төлектиң тулғалы романларын
  Басыма көтерип барайын сизге.
  Кел, тақыўа достым Кәрамаддийин,
  Ҳәк ашқан жериниң жүйлейик жүйин,
  Ақыл бериў аңсат, атқарыў қыйын,
  Жеңил жолын қайдан табайын сизге.
  Ағаларым Айтбай, Жолдас, Хожабек,
  Жасларға – жол, жасы үлкенге – ҳүрмет.
  
  Шаўдырбай жар мойын, Узақбай өжет,
  Айтыңларшы қәйтип жағайын сизге?
  Жораларым Юрий, Өсербай, Абат,
  Оразақсыз маған ашшыдур набат.
  Сапарбай философ, Қалый, Халмурат,
  Такаббырлық туўын жығайын сизге.
  Мәтен, Улмамбетсиз менде жоқ жүрек,
  Туяна Кеңесбай, кишкене Төлек,
  Кеўил бир, шайырлық жолымыз бөлек,
  Мендағы мақсетлес ағайин сизге.
  Жолдасбай, Исмайыл, Қабыл досларым,
  Жаңабай, Толыбай, Камал жасларым,
  Тараўға Қырықбайдың қалың шашларын,
  Уста болып тарақ соғайын сизге...
  Дәўран атын сүрсем, – сиз бенен сүрдим,
  Мерекелес болып, мәжлиске кирдим,
  Ҳамалы бир десер заманы бирдиң,
  Шаршасаңыз бир ат болайын сизге.
  Қуяш нуры – кеўил аспанымызға,
  Әжелий муғаллақ – душпанымызға
  Бәлент пәрўаз әйлеп ушқаныңызда,
  Қолтығыңда қанат болайын сизге.
  Көп уўықта болар бир мақсет-тилек:
  Бәри бир шаңарақты көтерер тиреп.
  Сонда гүлдиреўиш турар гүркиреп,
  Мендағы бир уўық болайын сизге.
  Дос-яранлар ийни келген ўағында
  
  Айтысар-шертисер хызмет бабында.
  «Татыўлық» деген бир ийисли сабынға
  Жуўсақ кеўил кири жоламас бизге.
  Оқып көрсем «Шежиресин» Бердақтың,
  Бирлик пенен арба соққан жер таптым.
  Бахты гүрлеп бүгин қарақалпақтың,
  Аты хаттан шығып, түсип тур көзге.
  Халқым татып таза бағдың алмасын,
  Бурқып ақты көркем сөздиң арнасы.
  Биз айдаған әдебият арбасы
  Дүнья басы мүлкдур ол ҳәммемизге.
  Жаңа қосық жаңа дәўирден нышан,
  Әўел бул арбаны айдады Асан.
  Бул бир әжеп арба серлеп қарасаң,
  Халық қызығып турар айдаған гезде.
  Нәжим, Әмет, Жолекеңлер басында,
  Олар ҳәм айдаған биздей жасында,
  Аббаз, Садық минип алтақтасында,
  Халыққа сөз унатып, көп түскен көзге.
  Хожекең де буған көп көрген шара,
  Марат ҳәм жолына болған пәрўана,
  Арысын төбелеп Әденбай бала,
  Мақтаўын асырып, ысырған бизге.
  Қыйқыўын жеткизип көплеп-көмеклеп,
  Айдап киятырмыз биздағы еплеп,
  Шыйқылдаса майлап, саўсаса сеплеп,
  Шүйин қатайтамыз босаса тезде.
  
  Оңлаймыз, сазлаймыз ортаға алып,
  Жумыстан кейин ҳәм қасында қалып,
  Гүпшеклеймиз ҳәмме қыйқыўды салып,
  Арба шығарлыққа бет алған гезде.
  Арбамызды журт мақтаса қуўанып,
  Жаманласа, – қысырымыз суўалып,
  Бир күн ҳәм қоймаймыз оны туўарып,
  Асығамыз мақсет-мәнзилимизге.
  Жолаўшы жол қарып, шаршар болмайма,
  Арбакеш ҳәм жақпай кетер сондайда,
  Көтергини жулып алып, сол жайда
  Урсақ деймиз оны, келтирмей сөзге.
  Алдың кеш, қонақ жай тапқаның ҳесап,
  Дус келер бир отаў, жағыўлы ошақ,
  Тынығып, қайтадан биз апақ-шапақ,
  Таң сәҳәрден тағы жол тайын бизге...
  Пахтакеш ақ алтын кәрўанын тартып,
  Машиналар барар жолларда шалқып,
  Биз елдиң руўҳый байлығын артып,
  Апарамыз алтын дәўиримизге.
  Түр болсын деп бул бир тымсаллы қосық,
  Ат жектим, досларым, арбаны қосып...
  Сиз бенен бир жасап, сиз бенен йошып,
  Сәўбетлес болыў зор ғәниймет бизге.
  Ақшам таўықлар ҳәм уйқыға жатар,
  Сигарета сорып таңымыз атар,
  Нанлары миллетли, сораўы қатал,
  Бир бахытлы ҳөнер берилген бизге.
  
  Көз нурыңнан тамған көркем сөз қандай,
  Бул бир ийне менен қудық қазғандай,
  Халыққа сөзиң жағып кетсе азғантай,
  Шешең қыз туўғандай, нур енер жүзге.
  Өзиңе сезилмес журттың сезгени,
  Ким унатсын көп сөйлеген езбени,
  Қалтқысыз өлшеген халықтың безбени
  Нақ баҳасын берер ҳәр аўыз сөзге.
  Усталар жай салар берип ықласын,
  Дийқан миллет етпес еккен пахтасын,
  Мақтаса сөзиңди халқың мақтасын,
  Ҳасла салығы жоқ айтқанның жүзге.
  Қәлемлес, зәңгилес әзийз досларым,
  Ҳеш бир ортаймасын толы йошларың,
  Әмиў бойларының бүлбил қусларын
  Ҳәзир көп жер таныр еллеримизде.
  Заман көркин тынбай сайрап жүрсин деп,
  Ҳаўазына жәҳән қулақ түрсин деп,
  Жас әўладқа жан азығын берсин деп,
  Шийрин зибан берген тиллеримизге.
  Сөз маржаны ол ҳәм елдиң дәўлети,
  Қызсын алтын қәлемлердиң сәўбети,
  Бизде болса хызмет қылыў нәўбети,
  Аянбай хызметлер қылайын сизге.
  Көз тиймесин, заман алға кетип тур,
  Халықтың кеўлиндеги бир-бир питип тур,
  Дәўир бизден төрели сөз күтип тур,
  
  Кеңнен ашып кеўил сарайын бизге.
  Сентябрь, 1976-ж.
  
  АЙТ СЕН ӘЖИНИЯЗДЫН ҚОСЫҚЛАРЫНАН
  Айт сен Әжинияздың қосықларынан!
  Жыласын яр ышқы баўырын кескенлер.
  Еңиресин елинен айра түскенлер,
  Айт сен Әжинияздың қосықларынан!
  Сазын самал ядлап, сөзин ел билген
  Бир шайыр дүньяға келди де кетти.
  Тал артынан туўған айға телмирген
  Бир дилбар түсиме енди де кетти.
  Қосық дәрья-дәрья нур болып ақсын,
  Ышқысыз жанларға ышқы отын жақсын.
  Қыз жигитке жилўа-наз бенен бақсын,
  Айт сен Әжинияздың қосықларынан!
  Айт сен «Бозатаўды» намаға салып,
  Елжиремегенниң баўыры тас болсын.
  Қарақалпақтың гөне дәрти қозғалып,
  Шадлы дәўранына бүгин мәс болсын.
  Шайыр гезген шөлде бостанлар байып,
  Зарлы заман болды көзлерден ғайып,
  Бир илҳам перисин көрдим әжайып,
  Айт сен Әжинияздың қосықларынан!
  Мен оны тыңласам, қалмай тақатым,
  Кеўлимде бир ғошшақ бүлбил сайраған.
  
  Мен оны тыңласам, туўған елатым
  Жер жәннети болып көринер маған.
  Жулдызларды жерге үңилтпек болсаң.
  Жаман шайырларды түңилтпек болсаң,
  Егер мен өлгенде тирилтпек болсаң,
  Айт сен Әжинияздың қосықларынан!
  1971-ж, февраль.
  
  БИЗИҢ АЎЫЛДЫҢ ҚЫЗЫНА
  Саған көлдиң ақ қуў қусын
  Мегзеткенин көп еситтим.
  Тырналар өз отырысын
  Сеннен алған деп еситтим.
  Әрўаналар боталағына
  Усатып көз көрисиңди,
  Кийиклер өз ылағына
  Үйретермиш жүрисиңди.
  Тойда көрсем, ҳәмме сақый,
  Жолларыңа шашар барын.
  Исте көрсем, бир иләҳий
  Музыкадай қыймылларың.
  Айта берсем, журт алдында
  Мақтаныўдай болып кетер,
  Сен бәҳәрде шыққаныңда,
  Шөллер гүлге толып кетер.
  Төринде шөл далалардың
  
  Ойнар еркин ақ мараллар!
  Аш көз залым аңшылардың
  Түслерине енер олар…
  Сен ҳеш кимге берме ерик,
  Умыт, жаным, баяғыңды.
  Көкиректи сәл көтерип,
  Тигирек бас аяғыңды.
  Саған минәсип дөретип
  Мәртлик, зейин саналарын,
  Жигитлерди ғошшақ етип,
  Туўар гөззал аналары.
  Ишин күйдир сен олардың,
  Наздан белиң сынып кетсин,
  Менменсиген қалалардың
  Көрип көзи тынып кетсин.
  Билемен, жол алысына
  Шығып, сыртқа бармағансаң.
  Сулыўлардың жарысына
  Түсип, «миссис» болмағансаң.
  Бирақ, сендей арыў ушын
  Неге дәркар ондай ермек?
  Сени дүнья таныўы ушын
  Маған жүйрик қәлем керек...
  Сәл сабыр ет, еле мен де
  Көркиңнен йош алып турып,
  Салайын бир сүўретиңди,
  Жер-жәҳәнға таныттырып.
  
  Көрейин тап, сонда сениң
  Даңқың көкти қушпағанын,
  Даланың сум Демонының
  Сени айланып ушпағанын.
  Көрейин мен, сонда мақтап,
  Сени дүнья сүймегенин,
  Афродита албырақлап,
  Кийимин тез киймегенин…
  
  ӘМИЎ ГҮЛЛЕРИНЕ
  (Республикамыздың даңқлы ҳаял-қызларына шайырлық арнаў ҳәзилнамасы)
  Жаным қурбан сизге, анаханларым,
  Ана-қарындасым, жеңгежанларым,
  Ҳәр күниңиз толып ығбал заўқына,
  Шадлық пенен атсын ҳәр бир таңларың.
  Не тилек бар, – бәрин тилейин сизге,
  Шайырлық гүллерин терейин сизге,
  Ерлерге қыймаған қосықларымның
  Бәрин жыйып – терип берейин сизге...
  Адамзатқа жүрим берген анасаң,
  Перзент ушын не отларға жаңасаң,
  Қустың сүтин таўып бер деп сорасаң.
  Таппасам да излеп келейин сизге!
  Әлпешлейин ҳәрне сыйлайсаң десең,
  Алтын-гүмислерге бөлейсең десең.
  «Аналық ҳақымды төлейсең» десең,
  Оның бәрин қәйтип төлейин сизге!?
  
  Мийрими теңиздей, пейли даладай,
  Даңқлы адам бар ма сирә анадай!
  Адамзаттың ең уллысы Ильич те
  Анасына бас ийипти баладай.
  Мен қозғап нетейин тарийх таманын,
  Өткенде бар еди зарлы заманың.
  Уллы Ленин ығбалыңды жайнатып,
  Гүл болып ашылды сулыў жамалың.
  Гүлге түсип жаңа заман қуяшы,
  Ай киби жаңарды қызлар санасы.
  Теберикдур ол Жумагүл апаның
  Аппақ шашларының ҳәр бир таласы.
  Мийнет десе, сиз мәрдана болдыңыз,
  Ақлы кәмил бир дурдана болдыңыз.
  Коммунизм әўладларын өсирип,
  Раҳмет, қаҳарман ана болдыңыз!
  ***
  Амансаў барсыз ба, бәрна жеңгейлер!
  Суў бойынан гүллер терейин сизге.
  Шайыр жүрегине жерисең егер,
  Геўдемнен суўырып берейин сизге...
  Ағаларым жақсы, өзлериң жақсы,
  Он төрттеги айдай жүзлериң жақсы,
  Қәйинлериң басы қышып сүйкенсе,
  Жуўаптан ушырған сөзлериң жақсы.
  Шымбайда Амангүл, Төрткүлде Сара,
  Ҳәр жеңгемниң орны дарама-дара,
  
  Қызлардың баслығы Әлийма жеңгем,
  Женсоветке түссең көреди шара...
  Баслық болың десе Енежан болдың,
  Сахнаға шық десе Айымхан болдың,
  Санитар бол десе Сәлийма болып,
  Жер жүзилик даңқлы сыйлықлар алдың.
  Абысының жақсы, бийкешиң жақсы,
  Таза кәйўаналық кеўлиңниң нақшы,
  Үйге де, елге де теңдей жараныў,
  Сизден келинлерге мийрас болмақшы.
  ***
  Ҳармаң, қайненеси сүйген келинлер!
  Таң самалы не деп сыбырлап кетти?
  Базда мыйық тартса қаймақ еринлер,
  Қайнағаңның мурты жыбырлап кетти...
  Инилерим – ғошшақ, өзлериң дилбар,
  Сизлерден шырайлы қайсындай гүл бар?
  Илгир зейниң шынқобыздың тилиндей
  Ел сынынан өтсең елиңиз сыйлар.
  ***
  Амансыз ба, айдан арыў қурдаслар!
  Суў бойынан гүллер терейин сизге.
  Кемпир болмай турып шағлап қалыңлар,
  Қурдаслық нәсият берейин сизге.
  Не бар қәдир билер қурдастан жақсы!
  Ҳәзиллесип болып сырласқан жақсы.
  Ҳәр ким қурдасына тиси пәкидей,
  Басқыласып ойнап, сыйласқан жақсы.
  
  ***
  Сәлем, мақтанышлы қарындасларға!
  Елимиздиң көрки қәлем қасларға.
  Дийдарыңыз ишпей-жемей тойдырып,
  Хызметиңиз қанат берер йошларға.
  Бир бағда жүз әлўан гүллер өскендей,
  Жигитлердиң жүрек баўырын кескендей,
  Қарақалпақта небир даңқлы қызлар бар
  Жулдызлар жылыслап жерге түскендей.
  Әмиўдиң жулдызы даңқлы Айым бар,
  Мақтанышлы қызлар аўыл сайын бар.
  Елдиң даңқын жайған дүрданаларды
  Тәриплеўден жалығар ма шайырлар!
  Бириң салы егесиз Райгүл болып,
  Бириң сүт саўасыз Оразгүл болып.
  Бириң Фарида боп пәрман оқыйсыз,
  Бириң ел бийлейсиз Бағдагүл болып.
  Жай саласыз Марфа Бахина болып,
  Алтын қолда гәўҳар сахина болып,
  Советкина болып ҳәрип тересиз,
  Ақ сазан аршыйсыз Нәбийра болып.
  Бириң Пашша болып наўқан тутасыз,
  Бириң Айша болып бала оқытасыз,
  Бириң Тилеўбийке, Сапаргүл болып,
  Халықтың ден саўлығын гүл жайнатасыз.
  Пердегүл боп «көк корабль» айдайсыз,
  Айтгүл болып халық кийимин сайлайсыз.
  
  Рәўия болып илим қуўалап,
  Сахнада Тамара болып сайрайсыз.
  Ҳөнер мектебинде Кийик болдыңыз,
  Хызметте айланған ийик болдыңыз,
  Бир қосықта айтыў қыйын бәриңди,
  Бири-бириңизден бийик болдыңыз...
  ***
  Жаным қурбан сизге, анаханларым,
  Апа-қарындасым, жеңгежанларым.
  Ҳәр күниңиз толып ығбал заўқына,
  Шадлық пенен атсын ҳәр бир таңларың.
  Тәбәссум сөнбесин жүзлериңизден,
  Ҳеш ўақ жас тамбасын көзлериңизден.
  Халық айланар болсын мудам мақтанып,
  Сизиң жүрип өткен излериңизден.
  Бәҳәр таңларының самалы сизге,
  Рәңбәрең гүллердиң жамалы сизге.
  Айдын жолыңызға дәрья-дәрья нур,
  Алтын дәўранлардың заманы сизге!
  1975-ж.
  
  АННА КЕРНН АЛЛЕЯСЫНДА
  Аяйман өз аллеясында
  Өз Аннасын көрмеген шайырды.
  Ең болмаса бир заман қасында
  Қолтықласып жүрмеген шайырды...
  
  Тек бир заман! Соның өзи де
  Жетер өмир бойы жаныўға.
  Сол да жетер шайыр жүрегине
  Жазылмастай жара салыўға.
  Тек бир заман – бир ғана нәпес!
  Өмирди қанша сүйе алса жүрек,
  Усы нәпес – оның оқ жетпес
  Асқар шыңы болыўы керек.
  Сол жазғы түн – сол айдын ақшам,
  Сол илаҳий гөззаллық пайты
  Тәкирарланса екен қайтадан,
  Келсе екен және бир қайтып.
  О, қанша жыл шайыр қайталап,
  Күтти сол бир әжайып мәўиртти,
  Айралықлар тоңдырды. Бирақ,
  Шайыр оны, шаршамай күтти.
  Қарға омбалап ол келип жүрди
  Жекке өскен емен қасына.
  Жазда Сороть бетке телмирди
  «Онегинниң скамьясынан».
  Уйқысы келсе, жүрек жарасын
  Бир қус келип шоқый баслады.
  Излеп кетти Кернн аллеясын
  Самал қағып буйра шашларын.
  Ганнибалдың бийик липалары
  Аспан менен тиллесип сондай,
  «Мийримсизлик қылма» деп бәри,
  Қудай менен айтысып турғандай.
  
  Ал сум тәғдир өжет шайырдың
  Аллеясын созды узаққа.
  Ушырасыўдан оларды айырып,
  Дуз-несибин шашты жән-жаққа.
  Кетти узайып муҳаббат жолы,
  Кетти шайыр жүрип бул жолдан.
  Из қуўған бир жоқшыдай болып,
  Өз үмитин күтти ол алдан.
  Гейде атлы, гейде арбалы,
  Базда пияда жамғырға жаўрап,
  Қуўды шайыр, изден қалмады,
  Кетти елден шығынып аўлақ.
  Өтти аллея жат жағалардан,
  Кавказ таўларына уласты.
  Алыс қалмақ далаларынан
  Қара теңиз бойына қашты.
  Гә кеңейип, гейде тарылып,
  Гә батып, гә шаңды суўырды.
  Бахшасарай фонтанларының
  Көз жаслары менен жуўылды.
  Өтти аллея алтын сарайдың да
  Паркетлери үстинен суўдырап.
  Даңк, ҳәмири Николайдың да
  Ирке алмады шайырды бирақ.
  Патша ашыўдан түтигип кетти,
  Шығарды да ғәзепли сестин,
  Оқлап берип бир пистолетти,
  
  Арқасынан қақты Дантестиң...
  Қара дәрья бойында қарға,
  Төгилгенде шайырдың қаны.
  Жаралы мәрт муҳаббат сонда
  Жатты сөнбей лапылдан жанып.
  1969-ж.
  
  ВЕНЕРАНЫҢ СКУЛЬПТУРАСЫНА
  Сүўретиңди қандай шебер салды екен,
  Келбетиңди қайсы ҳаялдан алды екен.
  Қанша дәўир, қанша әўлад қылғынып,
  Сынған қолың қайсы жерде қалды екен?
  Арыўлықта әрман етсе жан нени,
  Сулыў тулғаң өз бойына жәмледи.
  Қолсыз мынаў журтты ийирип турғаның,
  Қолың болса қырасаң ғой ҳәммени.
  Май, 1973-жыл, Москва.
  
  ТИГИЛЕМЕН ҚУС ЖОЛЫНА
  Tигилемен қус жолына
  Қыял менен көк қанатлы.
  Жулдыз толы уллы дәрья
  Ағып барар салтанатлы.
  Сансыз жулдыз, жалғыз айға
  Мақпал түнде қарайман мен.
  «Жерден басқа және қайда
  
  Инсан бар?» деп сорайман мен.
  Бул саўалдың ерте-кешли
  Илим бир жуўабын табар.
  Адамнан да ақыл-если
  Бир мақлуқлар бар да шығар.
  Онда ҳаял-қызлар тегис
  Таққаны қымбатлы шығар.
  Көзи төртеў, қолы сегиз,
  Өзинше сымбатлы шығар.
  Болса болар...Бирақ та мен
  Соған кәмилдур ийманым:
  Сулыўлықта Сениң менен
  Бәслесе алмас олар, жаным.
  Гөззаллықта жоқдур шегиң,
  Теңи-тайың жоқ дүньяда.
  Жуп алақан, қос билегиң
  Сегиз қолдан-ҳәм зыяда.
  Төрт көз бенен телмирте алмас
  
Вы прочитали 1 текст из Каракалпакский литературы.