🕙 Минуты чтения - 28

Йош - 2

Каждый столб представляет процент слов на 1000 наиболее распространенных слов
Общее количество слов 3669
Общее количество уникальных слов составляет 2280
0.0 слов входит в 2000 наиболее распространенных слов
0.0 слов входит в 5000 наиболее распространенных слов
0.0 слов входит в 8000 наиболее распространенных слов
  Ильич қәйтип күлип есик ашқанын...
  Басқарыў ҳәм талант.
  Жолын уққансыз,
  Арнап туўылмасаңыз да анадан.
  Сыннан өтип, сиз ысылып шыкқансыз
  Ленин ашып кеткен устаханадан.
  Ҳәммеге теп-тегис жағыў – қыйын ис,
  Бирақ халыққа унаў – ең баслы мақсет.
  Басшының ҳәр тапқыр сөзи берер күш,
  Жақсы басшы – елге абырай, дәўлет.
  Сиз ҳәм инженери адам жанының,
  Державамның омыраўлы баллары, –
  Коммунистлик қурылыс фронтларының,
  Ҳармаң, сиз саўлатлы генераллары!
  Тилеймен сизлерге бүркит пәрўазын,
  Ленинлик парасат, зейин тилеймен.
  Уллы планлардың шынлық салмағын
  Көтергендей мықлы ийин тилеймен!
  
  1974-жыл, Сентябрь
  
  ДӘЎРАНҒА МЕГЗЕР
  Көзимниң рәўшаны пахтакеш халқым,
  Сен десем тиллерим гояға мегзер,
  Басқан қәдемиң гүл, қолларың алтын,
  Кеўлиң қуяш нуры – зияға мегзер.
  Жасартып әййемги Жәйҳун жағысын,
  Пахтаның гүлинен салған нағысың,
  Мийнет майданында йошып ағысың,
  Бир мәўжирип аққан дәрьяға мегзер.
  Тыңда дийқан бийдай нанға тойдырып,
  Шөлде шарўа мал семизин сойдырып.
  Сен дүньяға ҳасыл липас кийдирип,
  Жасандырсаң жәҳән Зуҳраға мегзер.
  Халық табысы тәрезини бассын деп,
  Ўатан байып, ел абаданлассын деп.
  Коммунизм молшылығы тассын деп,
  Нийетиң бир бийик санаға мегзер.
  Пахтакеш елимде дәўлет бақ тасып,
  Жети ықлым таңлай қағар мақтасып,
  Өзбекстанымның терген пахтасы
  Қар жамылған бәлент қыяға мегзер.
  Сәлем карақалпақ, зәбердес елим,
  Әмиў жағасында ырғалған гүлим,
  Мәканым, ырысым, илҳамым мениң,
  
  Кеўлиң – ақ, қалпағың қараға мегзер.
  Пахта – егинлердиң шаҳы-султаны,
  Пахта – абаданлық турмыс кәрўаны,
  Халқымның пахтадан сүрген дәўраны
  Жәмшид суре алмаған дәўранға мегзер.
  Лекин, өз-өзинен келмес бул дәўран,
  Мийнет майданында урмасаң жәўлан,
  Фарҳад арна қазса тас қашап таўдан,
  Ол ҳәм сеннен тәлим алғанға мегзер.
  Қурылтай шақырып Ташкент, Нөкисте,
  Ертеден әнжамын көрип егисте,
  Уллы табыс ушын халық минип күшке,
  Билек сыбанысы палўанға мегзер.
  Ким сейислей билсе дойнақ соныки,
  Келер жай тасындай жайнап соныки,
  Ким қарыўлы болса байрақ соныки,
  Әззилерден тартып алғанға мегзер.
  Халқым, сениң мийнет сүйгишлигиңди,
  Терең сөз мәнисин илгишлигиңди,
  Жердиң тамырын услап билгишлигиңди
  Айтсам Әбу Сина – Луқманға мегзер.
  Жақсы нийет пенен сен шигит салып,
  Кеўлиңдей сарраслап жарасаң қарық,
  Мийрим суўы менен жазлай суўғарып,
  Гүзиң жерге жулдыз жайғанға мегзер.
  Ҳәр еккен шигитиң бир түп ғаўаша,
  Ғаўаша ма, ақ алтын ба ямаса,
  
  Жазда терлегенниң гүзи тамаша,
  Ҳәр қамтымы қызыл шырўанға мегзер.
  Даңқ пахтакеш халқым, тассын қырманың
  Нурдай таза азаматлық ҳүжданың.
  Жердиң тилин билген ҳәр бир дийханың
  Алым академик данаға мегзер.
  Баз биреў өз жүгин өткерсе ҳесап,
  Бирден сылқа түсер буўыны босап,
  Ушардан оқ жеген сүйлинге усап,
  Қәпелимде сарқып, бийғамға мегзер.
  План бежердик деп баз бир мәртлерим,
  Қоздырар кисиниң гөне дәртлерин.
  Умытқанлар миннетлеме шәртлерин,
  Ат көрип аяғы талғанға мегзер.
  Халқым, табыс сазын жаңлат жаңадан,
  Турмыс және көркли, және абадан,
  Ғәзийнеси артып, шадлансын Ўатан,
  Ўатан – ақ сүт берген анаға мегзер.
  
  ЖӘНЕ ЖӘЙҲУН БОЛЫП АҚТЫҢ ДА КЕЛДИҢ
  Талай тулпарларды изде қалдырып,
  Атланыстан және ўақтында келдиң.
  Табысларың елдиң мийрин қандырып,
  Және Жәйҳун болып ақтың да келдиң.
  Даңқ, мәртебең асқар таўға тең, халқым,
  Мийнет десе түриниўли жең, халқым,
  
  Йошың сениң ҳағлап аққан Әмудей,
  Пейлиң сениң Үстиртиңдей кең, халқым.
  Қалпағың қап-қара, көкирегиң аппақ,
  Сый-ҳүрмет шапаны бойына шап-шақ,
  Саған оңай қара жерди сөйлетиў,
  Маған мүшкил тәрийпиңе сөз таппақ.
  Жүзиң сениң жарқыраған таң, халқым,
  Азаматлық иске қумарсаң халқым,
  Қара таўды тележкаға сал десе,
  Тележка тартса сен саларсаң, халқым.
  Мийнет сүйгишлигиң айта жүргендей,
  Ўатан ушын жан бер десе бергендей.
  Сениң коммунистлик сана-сезимиң
  Бәлентликте бийик таўға мингендей.
  Даңқ, саған қуяшлы Өзбекстаным,
  Мақтанышым, ана-топырақ бостаным,
  Қара қалпағымды қолыма алып,
  Ҳүрметиңе бас ийемен, досларым.
  Пахтадан ҳәр гүзде бир таў үйгенсең,
  «Ақ алтын» деп, лақап қойып сүйгенсең,
  Сен «пахтакеш» деген даңқлы кәсипке
  Жаңадан космослық мәни бергенсең.
  Мәрт пахтакеш халқым, ҳармаң, бармысаң!
  Алтын Ферғанада атқан таңбысаң,
  Алыс жолдан ат қашырып келгенде,
  Алғы топта келер Әндижанбысаң?
  Күншығыста даңқлы бас кентимбисең,
  
  Гүркиреген гөззал Ташкентимбисең,
  Саўлатлы Самарқанбысаң, ямаса, –
  Жиззақта жайнаған жас кентимбисең?
  Сырдәрьяға сырлас кеўлиң бар шығар,
  Тыңларды тындырып жүрсең Қаршыда,
  Қарақалпақпысаң қатардан озған,
  Қара таўдан түлеп ушқан қаршыға?
  Сен Қашқадәрьяда өскен гүлмисең.
  Я Сурханда пахта терип жүрмисең,
  Наманганның алмасындай уўылжып,
  Ўәдеге опадар шийрин тилмисең?
  Жан қоңсым Бухара, Хорезмбисең,
  Бир-биреўден кеўил ғәрезимбисең.
  Уллы Өзбекстан қырманларында
  Абырай өлшейтуғын тәрезимбисең?
  Ким болсақта, биз пахтакеш елимиз,
  Пахтадай ақ бизиң айдын жолымыз.
  Бир жағадан бас шығарып бирлесип.
  Бир жеңнен шығады миллион қолымыз.
  Қыс ақырабын, жаздың қапырықларын,
  Жеңип қыйынлықтың жапырып бәрин,
  Жан жүректен қулақ салып тыңлаймыз
  Туўысқан партияның шақырықларын.
  Жыл басында кесип-пишип алғанбыз,
  Шәртнаманы шын кеўилге туйғанбыз.
  Кеўил борлатына аппақ пор менен
  «5 миллион тонна» деп жазып қойғанбыз.
  
  Бес миллион деген сөз аңсат айтыўға,
  Килограммы миллиардлардан қайтыўда,
  Қанша миллиард рет қол жуўыртамыз,
  Гүзде терип, бәҳәринде байытыўға.
  Бес миллион еки жүз оның қырманы,
  Киши гирим бир таў болып турғаны.
  Миллион-миллион тележкалық бир кәрўан
  Өзбекстан жолларында барғаны.
  Тарийх көрмеген бир зор кәрўан көшер,
  Кәрўан көшкен сайын қырманлар өсер,
  Пүткил дүнья бул қырманға сүйсинип,
  Баққанда басынан телпеги түсер.
  Мурын таўдан шыққан бийҳесап алтын,
  Баҳалап биле алмас исиңниң нарқын,
  Ел алғысы, партияның қоллаўы,
  Саған мәдет берсин, пахтакеш халқым!
  1975-жыл, ноябрь.
  
  ЕКИНШИ ЕСИК
  Шөл ҳәм бостан мәңги өшлескен жерде,
  Гүл ҳәм жуўсан қоңсы өскен өңирде
  Адам жатырқамас үйим бар мениң.
  Ҳәмме жерди көриў кисиге мәр ме!
  «Жердиң түби ғой» деп қыйналып жүрме,
  Шақырып мазаңды алмайын сениң.
  Бирақ адам менен адам дусласар,
  Ат баспайман деген жерин үш басар.
  
  Нағайбыл дуз тартып келсең булманға,
  Есигимди қағып, тартынып турма.
  Дүзиў нийет пенен еркин келе бер,
  Кел, қонағым, есик қақпай кире бер!
  Үйге шақырыўсыз қонақ келгени,
  Бул ҳәм азаматлық абырайың сениң,
  Шақырмай келгени – Зейни илгени,
  «Адам-адам ушын мийман» екенин.
  Мениң де өзиңдей исим көп мүшкил,
  Бир баста көп жумыс ирили-майдалы.
  Лекин, қонақ күтиў – жумыс емес бул,
  Бул мен ушын көркем өнер байрамы.
  Қәстерлеймиз қонақтың қай-қайсысын,
  Наўқан қурттай илле-пиллеге орап.
  Жайлысын да көрдик,
  Көрдик жайсызын,
  Конақтың жаманын көрмедик бирақ.
  Шақырыўсыз қонақ –
  Биймиллет қонақ,
  Кел, төрле, бирадар,
  Азамат инсан!
  Бир сулыў дүньяға болғайсаң инақ,
  Бир әжайып есик ашайын саған...
  Ол есиктен енсең, – уллы дәрьяның
  Жағасында сени бир бостан күтер.
  Алтын ойпатлықтың жипек самалы
  Гүл ҳәм жуўсан ийисин аңкытып өтер.
  Шексиз пахталықта ҳәр түп ғаўаша
  Ғөрекке әнжамлап аппақ ықласын,
  Саған инам етер бунда! Ямаса –
  
  Бағлар шыққа жуўып тутар алмасын.
  Күн бул жерде усар өзиңе толық.
  Күн нурын, жер қурсын жәмлеп бойында,
  Қаўын писер ширесине мәс болып,
  Жүрсем деп қонақтың мудам ойында.
  Мийман пайыз тапса зейинди ашып,
  Еңбегимиз қайтып, жүзимиз жайнар.
  Ақ тереклер аспан менен сырласып,
  Шығыс бүлбиллери ышқында сайрар.
  Мийнет заўқы менен атады таңлар,
  Бунда исиң менен өлшенер нарқың.
  Бунда қай намаға шертсең де жанлар,
  Киси жатырқамас жайдары халқым.
  Бизиң халықтың кеўлин қайсы бир гезде
  Ҳеш қандай ҳүкимдар,
  Ҳеш бир патша, хан –
  Миймандослық деген дуўалы сөздей,
  Билләҳий ҳеш жаўлап ала алмаған...
  Хош мийманым,
  Келмекте бол бул үйге,
  Кешеги қонағым –
  Бүгинги достым.
  Дос арттырыў – ең бир уллы ғәзийне,
  Раҳмет, ырысыма сен ырыс қостың.
  Саў жүрсек, табарсаң бизди ҳәрдайым
  Усы шөл ҳәм бостан аралығынан.
  Саған унайма деп сорап неғлайын,
  Суўым да, қырым да өзиме дәрман.
  Бир жағым суў, бир жағым шөл болмаса,
  Бейиш салып берсең де мен бармайман.
  Гүл ҳәм жуўсан ийси аңқып турмаса,
  
  Ол жерде мен қарақалпақ болмайман.
  6-март, 1972-жыл
  
  ХОРЕЗМГЕ
  Халқыңды мен ханалас туўысқаным деп сүйемен,
  Жериңди мен баўырлас мәканым деп сүйемен.
  Хорезмниң топырағын қайда жүрсем сағынып,
  Киндигимниң қаны тамған ўатаным деп сүйемен.
  Сен әййемги гөззаллықсаң, шаҳлар саған таласқан,
  Бабаларым бул Хийўаның тасын бирге қаласқан.
  Ўақыт пенен өшегисип өң бермеген бояўың,
  Гүңгирлеген гүмбезлериң, минарларың әласпан.
  Сен алымсаң журттан бурын жети ықлым жаратқан,
  Күнбатысқа алгебраның сырлы есабын санатқан.
  Дүнья илими аспанында ай туўғандай жарқ етип,
  Мың жыл бурын Бирунийдей бабам шыққан Қыяттан.
  Шыршы тасқа гүл питирген хийўа наққаш шебери,
  Әўез Отар әрман еткен жерлерге гүл көгерип.
  Мақтымқулдың жас музасы қыз болып бойжеткен жер,
  Әжинияздың изи түскен көшелериң теберик.
  Тамырымызда туўысқанлық қанымыз бар қатысқан,
  Ата-баба бир нан тапса, бирге бөлип татысқан.
  Халқымыз бар, бир дәрьяның еки бойында турып,
  «Ассалаўма әлейкум!» деп, насыбай сорап атысқан.
  Еки дийқан тәжирийбелес, еңбек етсе жарысқан,
  Еки палўан бир тойда ыңыранып жамбас салысқан,
  
  Бир қара телпек астында еки көздиң бирисең.
  Қыяметлик қоңысымсаң қазан-табақ алысқан.
  Бир-биреўге қалыс хызмет десе тикке турамыз,
  Кеўлимизге қуяш сыяр, қыл өтпестей арамыз,
  Ески Жәйҳун жағасын жердиң жәннети етип,
  Коммунизмниң уллы имаратын қурамыз.
  Әмиў суўы жеримизге қан тамырдай тараған,
  Жапларымыздың тарнаўлары бир-бирине қараған,
  Күн десе күн, гүл десе гүл, жайна гөззал Хорезм,
  Ал мен мәңги ўатанласың қарақалпақ боламан!
  
  ГЕСИРТКЕНИҢ КӨЗЛЕРИ
  Заман жуп ай берген далама мениң,
  Жуп нурлы көзинен жүк машинаның,
  Көрдим мен көзлерин бир гесирткениң,
  Тунжырап сол нурға шағылысқаның.
  Айсыз түнде жол бойында нәбада
  Бул көзлерге көзиң түскени бар ма?
  Бир периўза қаслы жүзик далада
  Түсип қалған яңлы шағылысар фарға.
  Жасымда бул көзлер ақшам жанғанда,
  Оннан бир суўық, жат сәўле сезгенмен.
  Соң бир от басында дүзде қонғанда,
  Шөл тилсимин көрдим усы көзден мен ..
  Илим үңилмеген сол бийик жақтан
  Жерге бир жуп жулдыз муңлы баққандай.
  
  Ийнениң көзиндей еки саңлақтан
  Терең сырлы көк нур қайнап атқандай.
  Терең сырлы көк нур...
  О, сақый далам!
  От басында геологлар сол гезлери
  Сени мақтағанда, көринген маған
  Тек сол гесирткениң сырлы көзлери.
  Енди көр. Биз қонған шатыр жоқ бунда
  Газ қаласы дүзге ҳужимин баслар.
  Шөлден өлген сексеўиллер орнында
  Желпир көшелерди жас қарағашлар.
  Шексиз шөл теңизи маяк жаққандай,
  Компрессор турар нурланып мудам.
  Жулдыз жерге түсип түнеп атқандай,
  Жулдызға қонаққа кеткендей адам.
  Дөңбекшир жақтыда уйықлап көрмеген
  Қатал шөл тәңириси – жабайы дала.
  «Кимлер булар айбыныўды билмеген,
  Саҳраға бағ етип, орнатқан қала?!»
  Дүзди дүсирлетип поездлар барар,
  Жас қала шырағын жаққан гезлери
  Космослық көгилдир от пенен жанар
  Гесирткениң периўзалы көзлери...
  
  ДАЛА ГҮЛИ
  
  Жаўдырасып жүрегимниң төринде,
  Ырғалар бахтымның роза гүллери.
  Күйремес ол саратанның күнинде,
  Солдыра алмас жабайы дүз желлери.
  Туўған жерге ышқым суў берер оған,
  Жапырақларын үмит таңларым жуўар.
  Күндиз ол доланып қуяш нурынан,
  Ақшам жулдызлардың аңсары аўар...
  Республикам! Мен сол шәменнен сайлап,
  Қызыл гүл әкелдим тойың ўақтына,
  Азат халықлар аўқамында гүл жайнап,
  Мәңги шадланғайсаң мениң бахтыма.
  Мудам ақ болсын деп несип-ығбалың,
  Ақ гуллерден шашыў шаштым тойыңа.
  Мийнет заўқы менен жайнап жамалың,
  Уллы дослық қуўат берсин бойыңа.
  Сары гүл дегениң запыран түсли,
  Ҳеш кимге бермейин, өзимде қалсын.
  Қулпырып сарғайған қумлардың үсти,
  Дос күлип, душпаның сарғайып талсын.
  Шақыр алтын тойға, жай кең дастурқан,
  Пүткил Ўатан келсин, келсин досларың.
  Шағлай бер советлик автономиям,
  Мақтанышлы Қарақалпақстаным!
  Декабрь, 1974-жыл.
  
  ҚАРАҚАЛПАҚТЫ КӨП МАҚТАМА КӨЗИМШЕ
  
  «Бир халық көрдим, жүреги, Көринер қабырғасынан». (Михаил Луконин)
  Қарақалпақты көп мақтама көзимше,
  Қармаққа тез қабатуғын балықпан.
  Ҳәр кимниң бар әззи жери өзинше,
  Шортанымдай аңқылдақлаў халықпан.
  Бул кисини көзге мақтаўдан көре,
  Пайдалырақ минин таўып сөккениң.
  «Қарақалпақ жақсы халық» дегенге,
  Бабам шешип берип кеткен шекпенин.
  Жалғыз атын сойып берип қонаққа,
  Жаяў қалып бул халық талай тарыққан.
  Соны айтып, мақтайғойсаң бирақта,
  Одан да зорын көрсететин халықпан.
  Беглиги көп йошып кетсе бу халық,
  Дәстанларды қойдай дизип матаған.
  Ҳәмме халықты қарақалпақтан шығарып,
  Өз тарийхын баслар Адам атадан...
  Мийнет десе жең түринген палўандай,
  Арбаға таў тийе десең тийеген.
  Дослық десе жулдыз таўып алғандай,
  Халқымның ақ көкирегин сүйемен.
  Жек көрсе ол, «жек керемен сени» деп,
  Саған барып айтпағанша тынбайды.
  Бир пул тапса, «бай деп санаң мени» деп,
  Есип жумсап қуртпағанша тынбайды.
  Сумлық қылса сыр алдырар баладай,
  Кеўилшеклик минезине күйемен.
  Ал енди оның кең жазийра даладай
  
  Азаматлық кең пейилин сүйемен.
  Тайын мақтап, атын минсең, – сынамас,
  Мен бул халықтың минезине қанықпан.
  Кеўлим мениң Жәйҳүн менен сағалас,
  Сәл нәрсеге йошатуғын халықпан.
  Жыллы сөз еситип көрмей жасында,
  Өгей өскен бала кәмалға келди.
  Ленин берген дәўлети бар басында,
  Мақтанарлық жағы көп оның енди.
  Жақсы сөзге жан семирер деген бар,
  Хошеметке ҳәр ким ҳәўес өзинше.
  Сондадағы өтинемен, адамлар,
  Қарақалпақты көп мақтамаң көзимше...
  Январь, 1974-жыл.
  
  ПАХТА
  – Пахта қалай? – Оның аўҳалы ше? (В. И. Ленинниң телеграммасынан)
  Қашан бизиң жақтың бир адамына
  Ушырасып, тил таппай қалағойсаң,
  Жыллы шырай менен барып жанына,
  «Пахтаң қалай?» – деп сорағайсаң.
  Сонда ол «бул тәўир адам екен» деп,
  Ески танысыңдай жадырар жүзи.
  Бул сораўдың, билсең, мәниси кеңирек,
  Көп саўалға татыр буның бир өзи.
  Қайсы аўылдансаң? Қалай турасаң?
  
  Қалай быйыл кейпиң, сүрер дәўраның?
  Нени кәсип етип сен мақтанасаң?
  Қандай әрманың бар? – деп сорағаның...
  Жапырақлар жайылған жасыл алақан,
  Гүллер – атлас кийген нәўжуўан қызлар.
  Өз қызлары еске түскендей дийқан,
  Көзлеринде жанар сонда жулдызлар.
  Ол жулдызлар сәўле алар дийқанның
  Кеўил көгиндеги сақый қуяштан.
  Шынлық жамалындай аппақ әрманның,
  Ол жулдызлар ығбал менен сырласқан.
  Пахтакеш руўхланып бир уллы йоштан
  Көклемде жазар ол көк сыя менен.
  Жазда күнге күйип жаратар бостан,
  Кең далалар толқыр гүл-гия менен.
  Гүзде аппақ таўлар жаратып дыйқан,
  Ақша булыт қонақлап суў жағасына,
  Жер-жәҳәнди кийиндирип жаңадан,
  Өрмек қурар ай ҳәм жер арасына...
  Пахтада пидәкер, еден халықтың,
  Кеўил қағазының ақлығын көрдим.
  Ҳәр ханада күннен түскен жарықтың
  Сүттей уйығанын, пәклигин көрдим.
  Пахтакештиң несийбеси зияда,
  Ҳәм қыйын, ҳәм айдын пахтаның жолы
  «Ақ алтын» дәстаны жаңлар дүньяда
  Бир уллы ҳәм аппақ поэма болып.
  
  Пахтакеш державасын алғысламақта
  Ақ алтынның уллы дәстаны усы.
  Бүгин – зер шанақта бир жумақ пахта
  Орта Азиямның эмблемасы.
  Сонлықтан сезеди өз инабатын
  Пахтакеш әўлады болған ул-қызлар.
  Сонлықтан еситсек пахтаның атын,
  Көзимизде жанар аппақ жулдызлар.
  Пахта еккен елдиң бир адамына
  Нәбада ушырасып қалағойсаң сен.
  Жыллы шырай менен кирип жанына,
  «Пахтаңыз қалай?» – деп сорағайсаң сен.
  Пахта келешегин көрип алыстан,
  Сол қыйын ўақта да Ленин данышпан
  Шын ғамхорлық пенен бизиң халықтан
  «Пахтаңыз қалай?» – деп сораў салысқан.
  Октябрь, 1972-жыл.
  
  БЕС ҚОНАҚ
  Келсин мейли, ерте қонақ, кеш қонақ,
  Қарақалпақтан қапа болмас ҳеш қонақ.
  Келсин мәйли алтаў болып, он болып.
  Тек келмесе болғаны сол «бес қонақ».
  
  АҚ АЛТЫНЛЫ ЕЛДИҢ АҚСАҚАЛЛАРЫ
  
  (Республикамыздың халық хожалық ислерине өз тилеги менен белсене жәрдемлесип
  жүрген Қараөзекли азамат пенсионер отағасылардың ҳүрметине)
  Халық шақырса жатпас намыс арлылар,
  Қыймылдасар жеткенинше ҳаллары.
  Жигитке бергисиз ғошшақ ғаррылар –
  Ақ алтынлы елдиң ақсақаллары.
  Жигитлик өткен соң ғаррылық мурат,
  Кәхудалық сөзин журтқа ўәсият.
  Топлымға көп түскен ғайратлы ғыйрат,
  Дүбир сезсе желге тарар жалларын.
  Жигитликте ҳәр ким есирик нар болар,
  Қайда қыйқыў болса, сонда бар болар,
  Халқы ис буйырса тындырар болар,
  Еске түсер сол ғайратлы жыллары.
  Талай ат болдырды шабысыңыздан,
  Талай беллер сынды тебисиңизден,
  Қазан зорға қайнап табысыңыздан,
  Көп болған кеўилдиң қыйлы-қаллары.
  Пурсат бермей тал бойыңды жазыўға,
  Әкеңниң орнына кеттиң қазыўға.
  Қатты шаңғалақты салып азыўға,
  Шақсаң, пуш боп шықты жаслық әрманы.
  Айдасаң да байдың қосын, арбасын,
  Биймиллет ишкизбей суйық жармасын,
  Қыз-келиншек айта ғойса ҳармасын,
  Аш қарынды тойдырғанды паллары.
  Онсери бел менен сийсери кетпен,
  Жантақ дәстелетип, томар геўлеткен.
  
  Кегейли, Есимжап, Ханжап, Қызкеткен,
  Талай қазыўлардың болдың белдары.
  Қыс тоқсанда қыраў турып муртына,
  Тоқым төсеп, ер дастанып уртыңа,
  Талап излеп жоқарының журтынан,
  Болдың ақ патшаның сен мәрдикары.
  Сөйтип жүргенинде жақты таң атып,
  Таң сәўлеси сезимиңди оятып,
  Аш қаршыға тойып асап тоятын,
  Несип болған жаңа заман дийдары.
  Ығбалынды ашып кеңес ҳүкимет,
  Гедейге тийисти мәңгилик нәўбет,
  Тайып бай-залымның басынан дәўлет,
  Ленин дана ашты бахыт жолларын.
  Әўел союз «Қосшы», соңынан колхоз,
  Исиң алға басып, бузаўлады боз.
  Бурын еситкенди енди көрип көз,
  Гедей дийқан емди еңбек палларын.
  Соннан аяқ басын жаңа турмысқа,
  Қатнасқансыз қанша уллы қурылысқа,
  Кимиңиз Ўатанды қорғап урыста,
  Кимлер, «аўыр тыл арбасын» айдады.
  Жыл сайын жеңиллеп дийқан мийнети,
  Енди артып кетти елдиң дәўлети.
  Сизге деген партияның ҳүрмети,
  Өңириңизде орден болып жайнады.
  Ис гезегин енди жасларға берип,
  
  Дем алсаңлар елдиң зийнетин көрип,
  Бахытлы ғаррылық дәўранын сүрип,
  Ҳәзлессең, келинниң таяр шайлары.
  Бирақ дийқан бийғам шалқая билмес,
  Мийнет сүйген адам қартая билмес,
  Жамбаслап көрмеген жантая билмес,
  Отырса алдына сыймас қоллары.
  Ғаррылықтың дәрти сизге жуўымас,
  Тамырыңызда дийқан қаны суўымас.
  Жерге ҳәм мийнетке оятар ықлас,
  Шамурат атаның өрнек жоллары.
  Бириң жаға, бириң сеңсең тон болып,
  Бақ-дәўлетиң артып жолың оң болып.
  Қараөзек қайтадан район болып,
  Аты хаттан шығып, исин оңлады.
  Жоқарысы Шымбай, арқасы Тахта,
  Дәўран Қараөзекте билсең бул ўақта.
  Жайлаўлы шарўалы, салы ҳәм пахта,
  Даңқ-атағы Ташкент бойлап жаңлады.
  Теңге шашқан менен Айдос қаласы,
  Айырша, Тербенбес теңиз жағасы,
  Бир мәмлекет жайғасқандай арасы,
  Бүгин Қараөзектиң бәлент қоллары.
  Көп узамай ҳағлап темир жол жетер,
  Керегиң буннан ҳәм енди мол жетер,
  Не бийикке қолың созсаң қол жетер,
  Еле берип ғурғынласар ҳалларың.
  
  Қайтадан жасарып, келди бәҳәриң,
  Шадлық пенен атар ерте сәҳәриң.
  Үлкен жол үстине салған шәҳәриң,
  Салқын сая болар қалың таллары.
  Жас әўладлар мақтанады сиз бенен,
  Шаўлық сүйип, шағлаң жарқын жүз бенен,
  Аман болың кемпирлериңиз бенен,
  Ақ алтын елиниң ақсақаллары.
  1976-жыл.
  
  МЕН - ТӨРТКҮЛМЕН!
  Мен Төрткүлмен, көпке даңқы таралған,
  Кәрўан тартсаң көш басында барарман,
  Мен Төрткүлмен, қарақалпақ журтында
  Жүги аўыр қара нар деп саналған.
  Жети ықлым таўап еткен есигин,
  Мен әййемги Хорезмниң бесиги,
  Қайта туўып Октябрьдиң таңынан,
  Абад болған жаңа әўладтың несиби.
  Мен Төрткүлмен, бийик таўға мине алған,
  Мийнет десе қыздай бели қыналған,
  Мен Хорезм ойпатында даңқлыман,
  Көп тарийхый гүреслерде сыналған.
  Биринши рет бул қараған еллерден
  Жаңа заман мәнисин мен билгенмен,
  Мен Ленинниң буйрықларын булжытпай,
  Журттан бурын зор шайқасқа киргенмен.
  
  Мен Төрткүлмен, жаңа тарийх жаратқан,
  Ескиликти аттан жығып қулатқан,
  Туңғыш рет бул қараған еллерге
  Ленинизм идеясын таратқан.
  Мен дийханман, тәжирийбеде танылған,
  Ҳүжим етсем шөллер маған жалынған,
  Жәйҳун дәрья күнлеп мениң күшимди
  Талай сапар дегишинен жаңылған.
  Мен бағманман, көсеў шанышсам көгерген
  Қара жерди сөйлетиўге шебермен,
  Бүлбил қуслар ерип жүрер баламдай,
  Бағ егиўге шыға ғойсам егер мен.
  Мен шөл қуўар патшасыман тыңлардың,
  Жер ашаман арасынан қумлардың,
  Шигит сеўип алтын терсем, олдағы –
  Несибеси миллионлардың, мыңлардың.
  Мен Елликпен сүйсиндирген еллерди,
  Қула дүзде ғумшалатқан гуллерди,
  Коммунизм хызметине жеккенмен
  Ата-баба безип кеткен шөллерди.
  Мен Төрткүлмен, турмыс қурған абадан,
  Йошып кетсем дәрья болып ағаман,
  Ўатан ушын, дослар ушын, халық ушын
  Керек болса қустың сүтин табаман.
  Ел намысын уран етип жаңлатқан,
  Даңқлы «Қырыққыз» ат ойнатқан шаңлақпан.
  Ўатаныман мен Қурбанбай жыраўдың,
  
  Дәстанларын жер жүзине тыңлатқан.
  Ким аралап көрсе ҳасыл жеримди,
  Гәўҳар болып тамған маңлай теримди.
  Кеўил толы ҳүрмет пенен алғыслар,
  Елимдеги ҳәр бир мийнет еримди.
  Сен Төрткүлдиң жигитлерин көрмесең,
  Мәрт азамат жигит көрдим деме сен,
  Сегиз қырлы, сексен сырлы дегендей,
  Ел қуўанар көрген ўақта төбесин.
  Жигитим көп көкиректе қурты бар,
  Қаҳарманым Нарбай Еллик журтынан.
  Бир қыз болсам, мен Искендер ағаның
  Сүйер едим желкилдеген муртынан.
  Мен Төрткүлмен, жүз жасаған данаман,
  Суўғарылған коммунистлик санадан.
  Киши пейил, мийнет сүйгиш, халқым бар,
  Алым дыйқан болып туўған анадан.
  Алтын терип, Еллик, Жамбас қаладан,
  Шөл гүллентип, коммунизм қураман,
  Әмиўдәрья жағасында нурланып,
  Мен шамшырақ болып жайнап тураман.
  1975-жыл, ноябрь
  
  ЕЛЛИККЕ ЕЛ ҚОНАР ЗАМАНЫ КЕЛДИ
  (Еллик қала массивин ашыў салтанатында оқылған қосық)
  Айдынласып дослық, ығбал гүзары,
  
  Заманы бирлердиң ҳамалы келди,
  Дәўран он айланып, дүнья тазарып,
  Елликке ел қонар мәҳәли келди.
  Мақтасаң арзыр бул уллы заманды,
  Гүлистан етсем дер ҳәмме таманды.
  Патшалар сүре алмай кеткен дәўранды,
  Дийханлардың сүрер майданы келди.
  Елге бир нәўбетдур, жерге бир нәўбет,
  Жердиң тилин билген болар ҳәмсәўбет,
  Ағар булақ абаданлық мол дәўлет,
  Кемлик бәдар кетип, кәмалы келди.
  Кеўил кеўилден суў ишип турғандай,
  Мийрибанлық сүти менен жуўғандай,
  Барлық миллет бир анадан туўғандай,
  Дослықтың дарағы мийўалы келди.
  Гөззаллық бабында бәҳәрдиң паслы,
  Дийхан баба десер халқының ҳаслы,
  Аты Өзбекстан алтын қуяшлы,
  Таң шуғласы киби жамалы келди.
  Дослық, туўысқанлық кәспи-ғәрезим,
  Бир маңнайға питкен жуп қумар көзим,
  Арқа бетте қарақалпақ, Хорезм,
  Бир дуўтардан еки намалы келди.
  Әмиў жағалаған етекли елим,
  Бир гулшанда өскен рәңбараң гүлим.
  Карақалпақтың мақтанышы Төрткүлим,
  Сени десем тилим саналы келди.
  
  Мийнет майданынында халқың палўандур
  Топырағың әлҳасыл кәнге толғандур.
  «Бейиш о дүньяда» деген жалғандур,
  Жамалың жәннетден зийбалы келди.
  Бул жәннетти халқың қолдан жаратқан,
  Сыйлыққа алмадың сен тәбияттан.
  Халық айналсын сендей данқлы елаттан,
  Дәртлериме мудам даўалы келди.
  Бирунийдиң даңқы әлемге кеткен,
  Бабасы дүньяға илим үйреткен.
  Дийханлары жер тилсимин сөйлеткен
  Ақ алтынның алғыр маманы келди.
  Кимниң қолы жетсе кең, ҳасыл жерге,
  Қут дарыр бәрҳәма оныңдай елге.
  Жаңадан жан кирип және бир шөлге,
  Елликке ел қонар заманы келди.
  Еллик! Узақ дәўир жаттың боз болып,
  Ыссыда табанға тийдиң қоз болып,
  Енди ел аўзында жаңа сөз болып,
  Атың хат басында намалы келди.
  Ата-баба қоныс басқан жерлерге,
  Дәрья аўнап, безип қашқан жерлерге,
  Мың жыл бурын халқы посқан жерлерге,
  Енди коммунизм бәҳәри келди.
  Шайырлар даңқыңды журтқа билдирсин,
  Аркаң Аяз қала, қублаң Гүлдирсин,
  Қутлы қоныста ел дәўранлар сүрсин,
  Жаңа дәўран заўқы-сапалы келди.
  
  Тайнапыр техника урды жәўланды,
  Асфальт жоллар қайыс киби таўланды,
  Қус қанаты күйген шөллер суўланды,
  Даңқлы СМУ лардың майданы келди.
  Халық сүйген қаҳарман Нарбай, Розым,
  Қырық жигитке татып турсаң бир өзиң,
  Уллы Мәскеў, Ташкент, Бухар, Хорезм,
  Саған ашық деген хабары келди.
  «Коммунизм» колхоз шанлы мәканың,
  Даңқлы Нарбайлардың гөззал ўатаны.
  Еллик – ерлик қаласы деп атанып,
  Батырлық мийнеттиң майданы келди.
  Патша боп Искендер Зулқарнай өткен,
  Жаўлап алған жерин шөлистан еткен,
  Бүгин сол шөллерди гүлистан еткен
  Искендер ағаның дәўраны келди.
  Еллик – ески тарийх бина болған жер,
  Ойы – егис, дөңи – қала болған жер,
  Бируний бабамыз бала болған жер,
  Қанша тарийхлардан гүўалы келди.
  Қубласында дәрьясы бар, ели бар,
  Батысы балықлы Ақша көли бар,
  Арқасында шарўаға жай шөли бар,
  Таўы Султанөйис ҳаўалы келди.
  Елге дәўлет ҳасыл топырақ болып,
  Пахтаның шанағы зербарақ болып,
  Көсеў шанышсаң көгерердей бағ болып,
  
  Шыбық суққан жерден нәрўаны келди.
  Елликтиң ертенги көрки – қумарым,
  Жаңа түскен жас келиндей жамалың,
  Көрип турман «ақ алтын»ның минарын,
  Жоңышқасы жипектей гиялы келди.
  Қыябанлап шапқан шел керип турман,
  Шел ишинде қызыл гүл көрип турман,
  Елликте бир абад ел көрип турман,
  Бағы сарҳаўызлы саялы келди.
  Жери дөнген қундыз көрип турыппан,
  Ертең мың сан ул-қыз көрип турыппан,
  Талай алтын жулдыз көрип турыппан,
  Өңири толы орден, медалы келди.
  Аўыл көрип турман қаладан зият,
  Әтирапы пахта, жасыл тәбият,
  Алмасы шәйнектей, қаўыны – набат,
  Жемиси кеўлиме мазалы келди.
  Кеште қыз жигитлер бағды аралап,
  Жолда «волга», «москвичлер» сырғанап,
  Туўыў үйлеринде баллар иңгалап,
  Қыялыма шадлық базары келди.
  Еллик – ертеңгиниң жаңа дәрбенти,
  Тоғызыншы бес жыллықтың перзенти,
  Жайнай бер елимниң жаңарған кәнти,
  Жулдызың соныңдай жоқары келди!
  1973-жыл.
  
  АҚ АЛТЫНДЫ АЛТЫН ҚОЛЛАР ЖАРАТАР
  Еккен пахтам абаланлық арқаўы,
  Ерлик мийнет елдиң даңқын таратар.
  Өз өзинен болмас ақ алтын таўы,
  Ақ алтынды алтын қоллар жаратар.
  Әл-ҳасылга бөлеп ўатан даласын,
  Кеўлине орнатып күнниң қуяшын,
  Көз нурынан тоқып ҳәр бир ханасын,
  Ақ алтынды алтын қоллар жаратар.
  Шөлистанды карталардан сыздырып,
  «Ақ теңизде» «көк корабль» жүздирип,
  Миллион тонналардан қырман сүздирип,
  Алтын таўын алтын қоллар жаратар.
  Балығым тири алтын, салым сары алтын,
  Дыйқан елдиң қолы тийген жер алтын,
  Халқым не дөретсе, соның бәри алтын,
  Соның бәрин алтын қоллар жаратар.
  Бул қоллардың несиеси нақ болар,
  Қыймылдысы елге дәўлет-бақ болар,
  Қолым қараўытса, жүзим ақ болар,
  Ақ алтынды алтын қоллар жаратар.
  
  АҒАРТЫЎДЫҢ ЖЫЛ ҚУСЛАРЫНА
  (Көрнекли педагог Жүмек Орынбаевтың алпыс жастағы мерекесине)
  Сизлерди көргенде елдиң жаслары,
  
  Кеўлинде бир уллы дәрья жағалар.
  Ағартыўдың туңғыш қарлығашлары,
  Жыл қусындай көзге ысық, ағалар!
  Ҳүрмет – жасүлкенге, жоллар – жасларға,
  Алдында ағасы болсын басларға,
  Алпыстың қыраўы түсип шашларға,
  Уллы тойға аман жеткен, ағалар.
  Жаслар аттан түсип қолыңнан алар,
  Журт жапырылып сыйлап, көрсе қуўанар,
  Дарақта түп биреў, шақа мың болар,
  Көп жеткиншек жетилдирген ағалар.
  Аяғыңызда узақ жоллардың шаңы,
  Көрип еки заман – еки дүньяны,
  Халықты азат еткен октябрь таңы
  Сизлерди гүресшең еткен, ағалар.
  Көбиң балалықтан мәҳрүм болғансыз,
  Қаршадайдан қайқы таяқ алғансыз.
  Кимиңиз мал бағып, орақ орғансыз,
  Әзелден ылайы пискен ағалар.
  Бахытлы балалық болмай, сақ сынып,
  Жаслай көрип бәрин жаман – жақсының,
  Услап ошағынан қуўырдақшының,
  Интернатқа берген сизди, ағалар.
  Жаңа мектеп берип жаңа тәрбият,
  Ҳүкимет асыраған атаңнан зият.
  Аўдарыспақ таңы, гөззал ҳүррият
  Теперишлеп шынықтырған ағалар.
  
  Кими Сейфулғабийт, кимиси Қасым,
  Жаңашыл урпақтың жәм етип басын,
  Қағып-соғып мәденият арбасын,
  Таза жолға салып берген ағалар.
  Ескиликтиң қара түңлигин туўрап,
  Жаңа әлип дүзип, хатты сулыўлап,
  «Қаллаш латынлас!» деп ащы қыйқыўлап,
  Таң азаннан сүренлеген ағалар.
  Қызыл отаў тигип аўыл-жабанға,
  Ликбез хат үйретип қара табанға,
  Ленин нурын елге таратып таңда,
  Қызыл гүрес гүли болған ағалар.
  Бириң Қәлли, Нәжим, бириңиз Асан,
  Әдебият жыйнап халықтың аўзынан,
  Избасар қутылып қара қойлардан,
  Кемликтиң кәмалын көрген ағалар.
  Әбдираман журтты аўзына қаратып,
  Сахна соғып таңның нурын таратып,
  Жолмырзалар журтқа сөзин жаратып,
  Жаңалықты дәстан еткен ағалар.
  Бири Орынбаев, бири Досумов,
  Жаңалықтың майданында йош урып,
  Биразлары Шайдаковқа қосылып,
  Жамайлық шайқасқа түскен ағалар.
  Қалжан, Қурбангүллер, Жумагүл апа,
  Қызларға бас болып шығып сахнаға,
  «Оян қызлар» десе Генжебай аға,
  Уйықлағанды оятқансыз, ағалар.
  
  Жамайлық араны ашып жик болып,
  Шақасы мың шайқалмастай түп болып,
  Ким муғаллим, кими нәҳән «үп» болып,
  
Вы прочитали 1 текст из Каракалпакский литературы.